Палзада күтә ерке болып өсти. Ата-анасы жалғыз қызының райын қайтармады. Не тилесе барлығы таяр. Тек қол созсаң жетесең. Кыялында дүньяны қолымда услап турман, деген пикир бәнтлеп алғандай. Тек Полатты ушыратқаннан кейин оның пикирлери өзгерди. Енди оның менен бирге болсам деген әрман тийкарғы умтылысына айланды. Ата-анасының алдын оқып ал, турмысқа асықпа,-деген гәплери қулағына кирип те шықпады. Усылай бир әўметли күни нийетлерин бирлестирип ол Полаттың босағасына ийилип келин болып түсти.
- Сонда бала екенмен,-деп гүрсинди Палзада. –Күйеўимниң кейин оқыйсаң, деген гәплерине исендим. Ал оқыўдың аўыр сабақлары шаңарақта екен. Үйге келген қонақлардың хызметинде болыў менен мениң өмирим өтти. Туңғышымыз қыз болды. «Рыс басы қыз,еле-ырысқы несийбеңиз коп болады»-деди енем. Маған бул гәплер қанат бағышлады. Тек, тек күйеўим ғана қапа болып жүрди. «Егер ул туўғаныңда жораларымның алдында мардыйып жүрер едим»-деген гәплери жаныма аяздай батты.Ақыр қыз да перзент емес пе?! Мен-ше, менде қыз баламанғой. Дегим келди сонда. Бирақ өзимди бастым,оның кеўлин шөктиргим келмеди, тилекши болдым. Усылай енди әрманларым күйемниң тилигин орынлаў болып қалды. Көп күткен ул үш қыздан кейин дүньяға келди. Уйимизде байрам басланып кетти. Енди әрманым жоқ ойладым. Қарасам, баяғы оқыйман деген әрманым көп машқаланың артында узақта қалып кеткендей болып көринди. Өкиништен жанып кеттим. Қолымда өнерим я дипломым жоқ. Ол төмен қарады.
- Енди не талап ислеп атырсыз?-деп ортадағы үнсизликти буздым.
- Енди өзгергенмен. Баяғыдай қам қыялларға берилмеймен.-Оның гәплери айқын ҳәм қатал еситилди.- Ҳәзир қызларымды тил үйренсин деп «Прогрес»ке алып келдим. Кишкенемиз бақшада .Оны кеште аламан дегенше қызлардың тәрбиясы менен бәнтпен. Ҳаптеде үш күн спортқа қатнайды. Мен қызларымның маган усап ерке ҳәм нәранжан болыўын қалемеймен!
Мен Палзаданың мәртлигине қайыл қалдым. Өзиниң өкинишлерин перзентлеринде қайталанбаўын тилеп шыдам ҳәм сабырлылық пенен өмирден өз орнын таўып атырған заманласымыздың руўхый тетиклиги, жаналыққа талпынысына, келешекке үмит пенен қараўын көрип заман менен тең қәдем таслаў-деген усындай болса керек деп ойладым.
Хақыйқатында да ҳаял қудиретли. Оның пикирлеўи кең, себеби жүреги таза, кеўли пәк, басқаларға жол көрсете алады. Өзиниң өкинишин көз жаслар менен жуўып кеўлин шөктирмейди, ал керисинше өмирден алған сабағын басқаларға да оқыта алады. Заманласымыздағы өзгерислер көрип оған ҳәўес пенен қарадым.
Сейтназаров Гулжахан.
Алтын гүз
Алдында қаҳаман қыс барын билип, Әсте ғана жерге жапырағын төгип, Суўықты күтип алар, мүләйим күлип, Батырлықты үйрет маған, алтын...
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....
Ана тилиме
Дүньяда миллет көп, тиллер ҳәр түрли, Оларды түсиниў қыйынды бәлки, Бирақта өз ана тилиңди билсең, Ҳәммесинен үлкен мәртебе усы....
Узын жолда жалғыз жүрип бараман...
Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....
Биринши муҳаббат
Бир кун келип белден мәдар талады, Бәҳәрде ашылған гул де солады, Бул дуньяда ҳеш ким қалмас бирақ та, Биринши муҳаббат мәңги қалады....