Bul mobil menyu orni/ testing....


    Өмирдиң жети сыры (гүрриң)
    Өмирдиң жети сыры (гүрриң)

    Бул гүрриңимиз өзлерин «қуяштың улларымыз» деп атаған қәўим ҳаққында болады. Бул қәўим өзлериниң жерлеринде әййем заманларда жасаған. Олардың ушы-қыйыры жоқ тоғай, атыз, сайлары болған. Бул мийнеткеш адамлар еркин, тыныш-татыўлықта жасаған. Бирақ, бир күни олар тып-тынық булақ ағып турған жерде асаў дәрьясының суўлары қурып қалғанлығын, бурын көп өним беретуғын жерлериниң шөлистанлыққа айланғанлығын, және де қашанлардур тәбият гөззаллығы ҳүким сүрип турған жердиң сырдандай дала болып қалғанлығын сезеди. Сонда қәўимниң қария ақсақалы ҳәммени бир жерге топлап:

    -Бахытсызлық, бизлерге әййемги өмир сырларын умытқанлығымыз себебинен келди. Бизлерге өмирдиң сырлы жумбақларын шешип, тиришиликти даўам еттириўге жәрдем беретуғын мәрт, кең пейилли жас жигит-қызлар керек-деди. Ортаға сайланды жас жигит-қызлар шықты. Қәўимниң қария ақсақалы оларды бир шеттеги еле тереклери жап-жасыл, суўы тып-тынық болып турған, қуслар сайрап, кеўилди қуўантып турған сайға алып барды. Көзден жырақ тасада таў жырасында турған алтын қайықты оларға көрсетип:«-Сизлер бул қайыққа минип ағыс бойлап төмен қарап жүзе бересиз»,- деди ҳәм жол бойы сизлер өмирдиң жети сыры менен танысасыз. Олар өз-ара өмирдиң алты тийкары менен байланысқан. Буннан алған билимлериңиз тәбияттың сулыўлығын ҳәм үйлесимлилигин тиклеўге жәрдем береди. Сизлердиң қайығыңыз ҳақыйқатты излеўде гә әстен, гә тез, гә келешекке, гә өтмишке қайтады. Ҳәр бир жолға шыққан жолаўшыға қәўим ақсақалы бир-бир тери қалташадан берди. Тери қалташаның ишинде ҳәр түрли реңдеги алты моншақ ҳәм жети ақ моншақ, және бир тери жип бар еди. «Сизлер жолыңызда-деди ақсақал, жети мәртебе сынаўға түсесиз ҳәм жети моншақтың саны менен тең сизлерге жети рет нур шашылады. өзлериңизде қандай өзгерислер, қандай жағдай болатуғынлығын қырағылық пенен сынап ҳәм бақлап барың, себеби булар сизлерге өмирдиң алты тийкарын: жарықлық ҳәм ҳаўа, суў ҳәм жер, өсимлик ҳәм ҳайўанатлар- бир-бири менен байланысып, бир пүтинликти қурайтуғынлығын түсиниўге жәрдем береди. Сизлер өмирдиң гезектеги сырын билиўге таяр болсаңыз, тери жипке ақ моншақты өткерип дизиң, сонда сизлерге сыр ашылады. Ал, реңли моншақларды ақ моншақларға араластырып дизиң, себеби, жети сыр өмирди бир қылып бириктирип турады.

    Жас саяхатшылар кемени жағыстан жылыстырып, ескеклерин есип, дәрьяның ығына қарай жүзип кете берди. Тез арада олар өзлериниң ең биринши сабақты алыўға таяр екенлигин түсинип, биринши ақ моншақты жипке дизди. Дәрья күтилмеген жерден бағытын өзгертип саяхатшылардың көзлерин күшли нур менен қамастырды. Әтирап жап-жақты болып кетти. Оларды қоршап турған барлық жанлы тәбият ишинен нур тарата баслады. Ҳәр бир тири жәнликлердиң өз ишлеринде қуяшы бардай болып сезилди. Бул қуяш өмирдиң тийкары еди. Кемеде жүзип баратырғанлар шөп жеп турған қоянды көрди. Шөптиң қуяшы менен қоянның қуяшы биригип кетип, жақтылық бурынғыдан да бетер күшейди. Ойламаған жерден жоқарыдан бүркит келип қоянға бас салды. Бүркит қоянды өз пәнжесине қысқан ўақытта, бүркит пенен қоянның қуяшы қосылып, жақтылықтың және де күшейгенлигин сезди. Кемедегилер өмирдиң ең биринши сырын түсинди. Буның қандай сыр екенлигин қәне ким айталады? Қуяштың жақтылығы ҳәм энергиясы ҳәр бир мақлуқатта болады. Бул энергия жер бетиндеги тиришиликтиң ишки дүньясына кирип барады. Саяхатшылар түсинди, бул қуяштың энергиясы шөплерден майда ҳайўанатларға, майда ҳайўанлардан ири ҳайўанларға өтеди. Енди сары моншақты дизди, бул қуяштың символы еди. Бул арқалы олар өзлериниң қуяштың балалары екенлигин түсинди. Тез арада екинши ақ моншақтың да нәўбети келип жетти. Бул моншақ тери жиптен өтиўден-ақ, барлық ҳайўанатлар менен өсимликлер айнадай мөлдир болып кетти. Кемедегилер сол нәрсени көрди, олар өз-ара суўдың ағысы менен дизилген. Суўдың тамшылары шеңбер тәризде айланып турды: аспаннан, дәрьяға ҳәм океанға және қайтадан аспанға, аспанда олар бултларға айланып турды. Суўдың бул ҳәрекети аспанды, жерди, жанлы ҳәм жансыз нәрселер арасындағы байланысты, өмирди ҳәм тиришиликти сақлап турды. Саяхатшылар бул нәрсениң де мәнисин түсинди. Екинши сырдың мәниси қандай еди? Таза тынық суў тиришилик ушын зәрүр. Суўдың тәбияттағы айланысы ушын бизлер жуўапкермиз. Кемедегилер бул рет көк моншақты дизди, көк моншақ тиришиликтиң арқаўы болған суўдың символы еди.

    Саяхатшылар дәрья бойлап төменге қарай жүзиўин даўам етти. Олар үшинши ақ моншақты дизген ўақытта, әтирапындағы нәрселер тез-тез өзгере баслады. Дәрьяның жағысы қасынан тез өтип кетти, ыссылық суўықлық пенен, батпақлық-шөлистанлық пенен, гүллеп турған сайлар-таў жыралары менен, ҳайўанатлардың түрлери ҳәм өсимликлер тез орын алмасты. Саяхатшылар өмирдиң үшинши сырын түсинип жетти. Бул қандай сыр еди? Жасаў шараятындағы рәңбе-рәңлилик, шөплердиң ҳәм ҳайўанатлардың түрлери тиришилик ушын зәрүр. Егер рәңбе-рәңлилик болмағанда өмир зеригерли болар еди. Саяхатшылар енди қоңыр моншақты дизди. Бул өзиниң сансыз перзентлерине өмир бағышлаған Ана жердиң символы еди. Кемедегилер төртинши ақ моншақты дизиўден-ақ, дәрьяның жағасындағы, теректиң түбинде отырған ҳаялды көрди. Саяхатшылар оның менен сәлемлесип, не қылып отырғанлығын сорады. Ал, ҳаял өз гезегинде теректиң қашан өсип жетилисетуғынлығын күтип отырғанлығын айтты. Олар болып атырған ўақыяларды гүзетип турды. Ўақыт сондай тез өтти, терек өсип жетилисип, қартайып, олардың көз алдында қуўрап, ширип жер менен тең болып кетти. Соңынан сол теректиң орнында өмирдиң нышаны болған кишкене нәлше өсип ҳәм әўелгиден де бийиклеў терек пайда болып гүллеп, жетилисип турды. Ҳаял ҳәм терек ўақыясына байланыслы өмирдиң төртинши сыры анықланды. Ал, бул қандай сыр? Қарияның өлими, жасқа өмир бағышлайды. өмир менен өлим өз-ара байланыста бир-бири менен алмасып турады. Кемедегилер жасыл моншақты жипке дизди. Жасыл моншақ жердеги өмирдиң мәнгилик символы еди. Бесинши ақ моншақтан кейин дәрья үлкен шалқар көлге айланды. Көлдеги көп санлы ҳәр бир атаўда тек ғана бир өсимлик ҳәм бир ҳайўаннан бар еди. Олар да аўырып, қуўрап қалған нашар ҳалында еди. Ал, көлдиң ортасында жайласқан атаўда көп санлы үлкенирек ҳайўанлар жасап атыр. Оларға атаў ҳеш қандай тарлық етпестен бир-бири менен келисимли жасап атыр. Ҳәм ол жерде өмир қайнап турған еди. Бул бесинши қандай сыр еди?. өмирде барлық нәрсе өз-ара байланыста болады ҳәм кемедегилер көк моншақты дизди. Бул көк моншақ ҳәмме нәрсениң тийкары болған ҳаўаның символы еди. Көлден шығып кететуғын басқа жолды таба алмай, олар изге айланып ағысқа қарсы жүзе баслады. Олар алтыншы ақ моншақты жипке дизди. Бурынғы келген жолы ҳәм сол жаға бойынша келген болса да, барлық нәрсениң өзгерип кеткенлигин сезди. Бүркит қоянды пәнжесине қысып атырған сай «пышық мурны» батпайтуғын тоғайлыққа, дәрьяның еки жағасы адам танымайтуғын аўҳалға келип қалғанлығын көрди. Олар енди өмирдиң алтыншы сырын түсинип жетти. Буның қандай сыр екенлигин қәне ким айта алады? Тәбиятта барлық нәрселер өзгеристе болады. өзгермейтуғын заттың өзи жоқ. Соңғы моншақ қызыл моншақ еди. Бул өзгермели дүньяның символы еди. Кемедегилер өз жолын даўам етип, ағысқа қарсы жүзе берди ҳәм өзлерин күтип турған қәўимниң қария ақ сақалын көрди. Ол тоғайда жасаўшы ҳайўанлардың, суўда жасаўшы балықлардың ҳәм таў ҳайўанларының қоршаўында турған еди. Саяхатшылар өз басынан кеширгенлери ҳаққында қарияға айтып берди. Соңынан олар қариядан сорады:

    -Жетинши ақ моншақты не қыламыз, бизлерге белгисиз және бир сыр бар ма?

    -Аўа, жетинши ақ моншағыңызды дизип ең соңғы сабағыңызды баслаң. Ол өзин қоршап турған ҳайўанлар менен саяхатшылардың жарысатуғынлығын дағазалады. Олардың ең жуўырғышлары кийикти қуўып жетиўге, күшлилери айыўды жығыўға, жүзгишлери балықтан озыўға, ал, ең шаққанлары болса теректен-терекке секирип жүрген тыйынды услаўға ҳәрекет етти. Бирақ, олардың барлығы да жеңилип қалды.

    -Бул жарыс әдил болмады,-деди саяхатшылар, себеби, бул ҳайўанлар тәбият тәрепинен берилген өзгешеликлерине, мүмкиншиликлерине ийе.

    -Дурыс, деп жуўап берди, қария, бирақ, бизлердиң де өзлеримиздиң мүмкиншилигимиз бар. Бизлер өзлеримиз өмирдиң сырларын түсиниў мүмкиншилигине ийемиз ҳәм усы билимлеримизди адамзаттың мәпи ушын жумсаўымыз керек. Адамлардың ҳайўанлардан айырмашылығы, өзи жасап атырған тәбийий орталықты өзгерте алады. Бул тәбийий орталықтың жақсы ямаса жаман тәрепке өзгериўи адамзатқа байланыслы. Сонлықтан да ҳәр бир адам жер бетиндеги тиришилик ушын жуўапкер. Өзлериңиз дизген моншақларыңызды өмирдиң жети сыры сыпатында өзлериңиз тағып алың. Бирақ, ең баслы сынақ алдымызда. Қәўимимиздеги адамлардың арасына барып жерлеримизди өнимдар етиўимиз, өсимликлер ҳәм ҳайўанатлар дүньясын байытыўымыз керек. Қәўимниң ҳәр бир ағзасы АНА-ЖЕР менен биргеликте, бир-бирине үйлесимли жасаўы керек ямаса улыўма жасамаўы кереклигин түсиндириўимиз, оларға уқтырыўымыз керек.

    Өмирдиң жети сырын ҳәм алты тийкарын бәрқулла есиңизде сақлаң! Адамға тәбият тәрепинен берилген шешим қабыл етиў мүмкиншилигиниң әҳмийетин түсиниң. Есте сақлаң, бизлер ҳәммемиз жердеги тиришилик ушын жуўапкермиз.



    Антуан Экзюпери
    итальян жазыўшысы

    Рус тилинен аўдарған: Есемуратова Сахибжамал
    ҚМУ студенти

    Megablog bo'limi | 19-iyun, 2013 jıl
    Bul bet 1837 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!

    Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...

    Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....

    Ана тилиме

    Дүньяда миллет көп, тиллер ҳәр түрли, Оларды түсиниў қыйынды бәлки, Бирақта өз ана тилиңди билсең, Ҳәммесинен үлкен мәртебе усы....

    Узын жолда жалғыз жүрип бараман...

    Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....

    Биринши муҳаббат

    Бир кун келип белден мәдар талады, Бәҳәрде ашылған гул де солады, Бул дуньяда ҳеш ким қалмас бирақ та, Биринши муҳаббат мәңги қалады....

    Ўатаным

    Аспаныңда қанат қомлап ушсам деп, Қушағымда беккем сени қушсам деп, Кәне енди алақанда тутсам деп, Ер жетемен қушағыңда ўатаным....

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Mehrga tashnadir qalb

    Qarangki bu olam go’zal shunchalar.
    Hatto unga boqib to’ymas ko’zlarim,
    Ammo odamlar bor qiziq bunchalar
    Anglab bo’lmas “ turli” aytgan so’zlarin…..

      
    29-iyul, 2015 jıl. 1939 ret ko'rildi


  • Жақсы тилек

    Ҳәр атқан таңларым қуяшлы болып,
    Нурларын шашқанда жайнап әтирап,
    Кеўил қаналарын қуўанышқа толып,
    Бахыт ҳәм шадлықта жүргейсен ҳәр ўақ.

      
    26-oktyabr, 2015 jıl. 2416 ret ko'rildi


  • Ju'rek da'rtlerimdi qagazga berdim

    Ha’r na’rsenin’ eki jag’ı bolg’anday.
    Aq-qaranı ayıralmay qalg’anday.
    Jaqsı-jaman parıqsız bolıp qalg’anday.
    Tu’sinbey sorawım qag’azg’a berdim.

      
    13-avgust, 2015 jıl. 2007 ret ko'rildi


  • Qaraqalpag'im

    A’sir boyı jasap kelgen xalıqsan’,
    Da’stu’rin’di ornında saqlay alg’ansan’,
    Alla tala aytıp ketken bir ma’rte,
    Qaraqalpaq atın’dı hesh joytpag’ansan’.

      
    05-iyul, 2015 jıl. 1908 ret ko'rildi


  • Ka’rwanjol

    O’mir atlı ka’rwan jolda sen,
    Alg’a qaray taslaysan’ qa’dem,
    Jol boyı gezlesip taw ha’m taslarg’a
    Qansha sho’listanlar bag’ı-baqshag’a.

      
    12-aprel, 2013 jıl. 1808 ret ko'rildi


  • Қутлы заман

    Шайырларға «йошбағыш»саң,
    Кеўиллерде зер нағышсаң,
    Жулдызларға жеттим ушсам,
    Сен дегенде, Ғәрезсизлик.

      
    13-avgust, 2014 jıl. 2126 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Olloxim kim bilandir taqdirim bog’lar!!!

    Umr yo’li bizlarni har yonga chorlar,
    Bu yo’lda paydo bo’lar har xilli bog’lar,
    Bu bog’dan o’tarman qalbimda dog’lar,
    Olloxim kim bilandir taqdirim bog’lar.

      
    12-mart, 2013 jıl. 2229 ret ko'rildi


  • Muhabbat- kewilge miyman

    O’zimnen o’zgege ha’rgiz isenbey,
    U’nsiz qıyallarım boldı da’rtlesim,
    Ha’tte tu’slerime sa’wlesi enbey,
    Bir ko’rip, bilgenim boldı sha’rtlesim.

      
    16-oktyabr, 2015 jıl. 1777 ret ko'rildi


  • Muhabbat fasli

    Muhabbat qo’shig’in birga kuylasak,
    Hamda sevgimizni birga so’ylasak,
    Hatto bir fikrni, o’yni o’ylasak,
    Muhabbat degani asli shu erur,

      
    22-aprel, 2013 jıl. 3261 ret ko'rildi


  • Туйғулар исёни

    Туйғулар исёни қийнайди нечун,
    Бир пари сифатни севганим учун.
    Бу дардимга ўзи эрур табибим,
    Бекаму кўст бахт берсайди ҳабибим.

      
    20-aprel, 2013 jıl. 1753 ret ko'rildi


 




Allayar Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
Logikalıq soraw #62
каскадер
Logikalıq soraw #62
Пластелин
Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.