Bul mobil menyu orni/ testing....


    Сәлемлесиў мәденияты бойынша қызықлы мағлыўматлар
    Сәлемлесиў мәденияты бойынша қызықлы мағлыўматлар

    Тибетлилер көрискенде оң қолы менен бас кийимин шешип, шеп қолы менен қулақларын жаўған ҳәм тиллерин шығарып сәлемлетуғын болған. Жаңа Зеландияның коир қәўими ўәкиллери болса өз-ара көрискенде бир-бириниң ийеклерин қыдықлайтуғын болған. Самоада болса жақын дослар ийискелесип көрискен, егер булай ислемесе бир-биринен иренжиген. Ески заманда ҳиндулер бир-бирине жуўырып келип жақынласып, мурынларын бир-бирине ысқылайтуғын болған. Олар усындай жол менен бир-бирин көргенлигинен қуўанышлы екенин билдирген. Европада ҳәм Жаңа Гвинеяда бир-бири менен сәлемлесиў усылы қас көтериў болған яғный еки қас теңдей көтерилген.

    Қолды сүйиў әдети тийкарынан белгили ҳәм абыройлы адамлардан келип шыққан болыўы мүмкин. Ал, Кения қәўиминиң бири АКАМБАда шуқыр миннетдаршылық белгиси сыпатында ушырасып атырған адамына түпиретуғын болған. Усындай миннетдаршылық билдириў усылын және де массаи қәўими де қолланған. Анығырағы, олар өзлериниң қолларына түпиреди, кейин қол берисип сәлемлеседи. Ал, Эскимослар сәлемлескенде таныс адамларын муш пенен басына ҳәмде ийнине уратуғын болған. Андаманда атаўларында жасаўшылар бир-бириниң дизесине отырып мойынын қушақлап, жылайды екен. Ал, Қытайлылар әййемги ўақытлары, басқа биреў менен ушырасып қалса, өзиниң қолын қысып сәлемлесетуғын болған. Сол сыяқлы жаңа Зеландия халқы көрискенде бақырып сәлемлесетуғын болған. Кейин қолларын шаппатлап белине, соң аяқларын жерге урып, дизелерин бүгип ҳәм ақырында көкиреклерин қыймылдатқан, көзлерин қынынан шығып кететуғындай етип тиллерин шығаратуғын болған.

    Иранлылар көрискенде бир-бирине қол берип сәлемлеседи, кейин оң қолын жүрегине қойып шексиз ҳүрметин билдиреди. Латын Америкада көрискенде қол алысып толқынланып қуўанышлы, қушақласады, әсиресе таныс адамлар усылай көриседи. Жаңа Зеландияда маорилар бир-бири менен сәлемлескенде мурынларын бир-бирине ысқылайды.

    Африкада көбинесе қол алысып сәлемлесиў кеңнен таралған, бирақта өзиниң таныс адамлары менен қол қысып сәлемлеспейди. Қол алысып сәлемлесиўшилер АҚШ ҳәм де Европа мәмлекетлерине қарағанда азшылықты қурайды.

    Сингапурда сәлемлесиў батыстағылар сыяқлы – қол алысып сәлемлесиў ҳәм де қытайлылар сыяқлы жеңил ғана ийилиў.

    Филиппинлилерге ҳәм Малайзиялыларға қол алысып сәлемлесиў әдети тән.

    Австралияда қол алсып сәлемлесиў хош кейпиятлылықты билдиреди.

    Ҳиндистанда сәлемлескенде ҳәм де хошласқанда ер адамлар қол алысады, ал, ҳаял-қызлар қол алыспайды. Ҳинд ҳаялларының сәлемлесиўи, жеңил ийиледи, қолларын көкирегиниң алдына бүгеди.

    Инглизлердиң сәлемесиўи руслардың сәлемлесиўинен парқы, олар көрискенде айырым ўақытларда ғана қол алысып сәлемлеседи ҳәм хошласқанда ҳеш қашан қол алыспайды. Көпшилик жағдайларда басларын қыймылдатып көриседи.

    Англияда қушақласып көрисиў улыўма әдетке кирмеген.

    Испанияның сәлемлесиў мәдениятына нәзер тасласақ, олар айырым ўақытларда қушақласып ҳәм қатты даўыс пенен қуўанышын билдиреди, ал ҳаял адамлар бир-бириниң жүзинен сүйеди.

    Италиялылар қолларын қысып ҳәм де има-ишаралар арқалы сәлемлескенди унатады.

    АҚШ та қол берип сәлемлесиў рәсмий ушырасыўларда орынлы есапланады. Егерде еки таныс америкалы ҳаяллар ушырасып қалса, бундай ўақытларда «қасларын қағыўы» мүмкин. Бундай ҳәрекет бир-бирине жақын келиўдей гәп. Ал, Россиялылар көрискенде көбинесе қушақласып сәлемлеседи.

    Енди дүнья халықларының «Сәлемлесиў» сөзлерине итибар қаратайық.

    Олар да сәлемлесиў ишаралары сыяқлы ҳәр қыйлы. Мәселен, Франциялылар: «Comment ca va» –деген сөз арқалы сәлемеседи. Бул сөз сөзбе-сөз аўдармалағанда «Бул қалай баратыр?» деген мәнини билдиреди. Ал, Италянлылар бир-бири менен «Come sta»- деп сәлемлеседи, буның мәниси- «Қалай турыпсаң?» дегени. Ал, инглислер «How do you do?» - деп көриседи, бул сөз аўдармасы бойынша - «Қалай ислеп атырсаң?» деген мәнини билдиреди. Ал, ҳиндистанда таң ерте сәлемлесиў орнына «Сизди бүгин шыбынлар оншелли қыйнамадыма?» деп соралады, бул өз гезегинде үлкен ҳүрметти аңлатады.

    Европа мәмлекетлериниң көпшилиги ҳәм де Америкада сәлемлескенде «Жумысларың қалай?» деп соралады. Әдетте «Жақсы» деген жуўап аласыз, ал «Жаман» деп жуўап бериў мәдениятсызлық есапланады. Малайзияда «қай жерге баратырсаң?» деп сорайды. Әдетте анық емес қылып «Айланыў ушын» деп жуўап бериледи. Ал, иранлылар «Хош кейпият тилеймен!» деп, Греландиялылар «Жақсы ҳаўа райы!» деген сөзлер арқалы бир-бири менен сәлемлеседи. Еврейлер «Тынышлық сизге!», Финлар – «terve», Молдавиялылар - әўмет тилеў арқалы ҳүрметин ҳәм сәлемлескенлигин билдиреди. Альтайлылар: «Тякши лар ба», яғный ҳәммеси жайындама деп, Қазанлылар көрискенде: Жақсысызба?, Чувашлылар «қайырлы күн» деп сәлемлеседи. Қубла Африкада жасаўшы зулус халқы «Мен сени көрип турман!» деп сәлемлеседи екен.


    Есемуратова Сахибжамал.

    Megablog bo'limi | 18-may, 2013 jıl
    Bul bet 1978 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!

    Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...

    Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....

    Ана тилиме

    Дүньяда миллет көп, тиллер ҳәр түрли, Оларды түсиниў қыйынды бәлки, Бирақта өз ана тилиңди билсең, Ҳәммесинен үлкен мәртебе усы....

    Таллар

    Жасыллық мәўсими келген мәҳәл, Ағам менен бирге нәллер еккенбиз, Ҳәр жылы үлкемизге келгенде бәҳәр, Олар менен гүллеп бирге өскенбиз....

    Узын жолда жалғыз жүрип бараман...

    Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....

    Биринши муҳаббат

    Бир кун келип белден мәдар талады, Бәҳәрде ашылған гул де солады, Бул дуньяда ҳеш ким қалмас бирақ та, Биринши муҳаббат мәңги қалады....

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Жаңа жыл

    Ғәрезсизлик басланғанлы елимде
    Еркинлик сезими жасар кеўилде.
    Мине бүгин жигирмаға толмақта
    Жаңа жылым бахыт берсин ҳәр үйге.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 2803 ret ko'rildi


  • Bolaligim!

    Bolalik—sen mitti qushchasan!!!!
    Buncha beg’uborsan, yayrab uchasan.
    Gohida o’xshaysan sen kapalakka,
    Nafis gullaringni mayin quchasan…..

      
    29-iyul, 2015 jıl. 1881 ret ko'rildi


  • Фарзанд

    Тун билан кун алмашади тиним билмай,
    Айланади тўхтамасдан чархнинг тоши,
    Умр ўтар ҳеч кимсага вафо қилмай,
    Қолар лекин ҳар банданинг бир издоши.

      
    21-dekabr, 2015 jıl. 2369 ret ko'rildi


  • Қутлуғ замон

    Шоирларга илҳомбағшсан,
    Кўнгилларга зар-нақшсан,
    Юлдузларга еттим учсам,
    Сен деганда , Мустақиллик.

      
    24-yanvar, 2015 jıl. 1783 ret ko'rildi


  • Студентлик бахыт

    Студентлик бахтына миясар болыў,
    Билдим бүгин қандай бахыт екенин.
    «Жүзден жүйрик,мыңнан тулпардай болып»,
    Қатарыңнан алда болдың дегениң.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 2613 ret ko'rildi


  • Қәйненелерге

    Ене, келин ортасында,
    Бир өмирлик даў болар
    Сол себепли енелерге
    Айтатуғын сөзим бар.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 4670 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Қонликўллик Ф.га …

    Армон сўзи янграб ишқнинг ноласида,
    Хаёлларим қирғоғидан тошар бир ҳис.
    Гўзал юртда гўзалларнинг орасида,
    Юрагимни қонга белаб яшар бир қиз.

      
    27-noyabr, 2015 jıl. 1769 ret ko'rildi


  • Кешир жаным кешире алсаң.

    Сен кеўлимниң сазында барсаң,
    Шерге толы ҳижранлы тарсаң,
    Жақтым өзге үйдиң шырағын,
    Кешир жаным, кешире алсаң.

      
    29-iyul, 2018 jıl. 2735 ret ko'rildi


  • Сайёра

    Севишимни сўзлайму,
    Айтиб айтиб бўзлайму,
    Ишқ манзилин кўзлайму,
    Ўзи бироз айёра,

      
    22-aprel, 2013 jıl. 1793 ret ko'rildi


  • Bir seni sevarman so’zimga ishon!

    Seni o’ylab uyg’ondim har tong
    Aqlimga quloq solmas yuragim bejon
    Seni deya yasharman har laxza har on
    Bir seni sevarman so’zimga ishon.

      
    12-mart, 2013 jıl. 3201 ret ko'rildi


 




Allayar Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
Logikalıq soraw #62
каскадер
Logikalıq soraw #62
Пластелин
Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.