Бурынғы өткен заманда бир патшаның сулыў қызы болыпты. Оның гөззаллығы ҳаққындағы гәп пүткил дүньяға таралыпты. Малика ҳақыйқатында да жүдә гөззал болып, бирақ ол ҳешкимди менсинбейтуғын ҳәм ҳәдден зыят өжет екен. Ол патшалықтағы ҳеш бир жигитти өзине мүнәсип көрмепти. Ҳәммеден қандай да бир кемшилик таўып, олардың үстинен күлип, адамлардың кеўлине тийетуғын лақап қояды екен. Бирақ, патша өзиниң қызын жүдә жақсы көргенликтен оның ҳәр қандай орынсыз ҳәрекетлерин де кеширип жиберебереди екен.
Бир күни патша ҳәммеге бәзим уйымластырып, жақын ҳәм алыс үлкелерден жигитлерди шақыртыпты. Патшалар, шаҳзадалар, герцоглар, графлар, баронлар - қулласы, маликаға үйлениўди қәлеген бәрше жигитлер келипти.
Өжет малика дәбдебели сарайға кирип келген ўақытта оны күтип сапқа дизилген жигитлер дизе бүгип ийилипти. Бирақ, бул сапары да маликаның кеўлине берде бир жигит мақул болмапты.
Олардың ҳәр биринен себепсиз айып излей баслапты. Әсиресе, ҳүрметли мийманлардың ортасында турған жас жигиттиң үстинен кулип, масқаралапты.
- Қараңлар, ийегиндеги сақалы сары шымшық деген қустың тумсығына уқсайды екен!,- деп малика менсинбей үйленемен деп келген жигиттиң үстинен күлипти.
- Тумсық сақаллы патша! Тумсық сақаллы патша!
Соннан берли оны тумсық сақаллы патша деп атай баслапты ушлы сақалына нусқап.
Маликаның тили жүдә зәҳәр еди. Патша қызының күйеў таңламай, тек ғана олардың үстинен күлип, масқаралап жүреберетуғынын түсинипти. Ашыўланған патша ҳәммениң алдында маликаны сарайға биринши болып келген гедейге берип жиберемен деп сөз берипти. Арадан үш күн өткеннен соң сарай айнасының алдында кеўилди елжирететуғын намалары менен күн көрип жүрген тиленши сазенде пайда болыпты. Патша оның муңлы намаларын еситиўден-ақ, дәрҳәл оны алдына алып келиўин буйырыпты. Малика жупыны кийинген сазендени көрип-ақ, оның үстинен күлип, жүзин бурыпты, ал патша оған саз шертип бериўин буйырыпты.
- Мейли, - депти патша сазендеге намаларын тыңлап болып,- Маған сениң шерткен сазларың соншелли дәрежеде унады, қызымды саған ҳаяллыққа беремен.
Малика өзин патшаның аяқлары астына таслапты. Жарлы гедейге турмысқа бермеўин өтинип сорапты, бирақ әкеси пикиринен қайтпапты. Себеби, ол ҳәммениң алдында ўәде берген еди. Малика тойдан соң, сарайды таслап кетиўине туўра келипти. Күйеўиниң изинен ерип тас жолдан жаяў жүрип кете берипти.
Олар дәрьяның аяғына жетемен дегенше узақ жол жүрипти. Жол жүрседе мол жүрипти.
Сазенде маликаға жасыл жайлаўда дем алып алыўды усыныс етип, соң дәрьяны жағалап жолымызды даўам етемиз депти.
- Бул жайлаўлар кимдики? – деп сорапты малика жолда кетип баратырып жайлаўларды көрсетип.
- Бул тумсық сақаллы патшаға тийисли жерлер, - деп жуўап берди жарлы сазенде.
- Еҳ, не ушын мен тумсық сақаллы патшаға турмыска шықпадым?- деп сыбырлады малика гүрсинип.
Олар жолда аўқатланып алып, жолын даўам етипти. Күн батар тәрепте, төбеликтиң арғы тәрепинде үлкен қала көринипти. Батып баратырған қуяштың нурлары қалаға өз сәўлесин шашып, оны еле де шырайландырып тур еди.
- Анаў турған қандай қала?- деп сорады малика.
- Бул тумсық сақаллы патшаның қаласы, -деп жуўап берипти сазенде.
- Еҳ, егер мен оған турмысқа шыққанымда, бул мениң қалам болар еди, - деп әстен сыбырлады малика, күйеўиниң көз қыры менен оған қарап киятырғанын сезбестен.
Қаладан өтип, қараңғы түскеннен соң, олар бир ылашыққа келип ишке кирипти.
- Мен мына жерде жасайман, - депти жарлы сазенде. Енди бул сениң де үйиң. Кәне, уйықлап дем алағой.
- Хызметкерлер қәне?- деп сорапты малика.
- Хызметкерлер?- күлди сазенде. Енди ҳәмме нәрсени өзиң ислеп үйрен. Хызметкер жоқ.
Ертеңине таң азаннан күйеўи маликаны оятып ошаққа от жағып аўқат писириўди буйырыпты. Ал, өзи болса себет тоқыўға зәрүрли тал шыбықларын алып келиўге кетипти.
Қайтып келсе түслик тайын емес, малика болса қолын қаўсырып отырғанын көрипти. Себеби, маликаға ҳеш ким жумыс ислеп үйретпеген екен. Сазенде өзи аўқат таярлап алыўына туўра келипти. Түсленип болып сазенде маликаға:
- Күн көриўимиз керек, бизлердиң азық-аўқатларымыз да таўсылайын деп калды, - депти ҳәм оған себет тоқып үйрете баслапты.
Бирақ, малика ҳеш қашан қолын суўық суўға урмаған. Не нәрсеге қол урсада ҳеш қайсы исти келистире алмапты. Куйеўи оған ылайдан жасалған ыдыс-табақлар толы арба алып келип, қала майданына барып сатып келиўин буйырыпты. Дәслеп ол тез иске кирисип кетипти. Адамлар сулыў кыздан ыдыс-табақлар сатып алыпты. Тез арада ол ыдыс-табақларының дерлик ярымын сатып болыпты. Бирден кайжердендур атлы келип, ҳәмме ыдыс-табақларын сындырып кетипти.
Малика күйеўине келип болған ўақыяларды жылап айтып берипти.
- Сени не қылсам екен?- депти күйеўи ашыўланып.
- Қандай жумыс қолыңнан келеди өзи? Патшалықтың асханасына барып, ыдыс-табақ жуўасаң, - депти күйеўи.
Гөззал маликаның патас ыдыс-табақларды жуўыўына туўра келипти, малика патшаның столынан қалған аўқатларды кеште күйеўи менен жеў ушын алып қайтады екен.
«Мен не ушын тумсық сақаллы патшаны қапа кылдым? деп көп мәрте пушайман болыпты малика. Мен соған турмысқа жықсам боладығо».
Бир күни сарайда патшаның тойына таярлық көриле баслапты. Малика әсте сездирмей бәзим болып атырған сарайға сығалап, шырайлы кийимдеги патшаны ҳәм таныс мийманларын көрипти. Есиктеги пердениң артындағы маликаны сезген патша оны аяқ ойынға мирәт етипти. Сол ўақытта маликаның қалтасындағы патшаның столынан қалған сарқыт аўқатлары шашылып кетипти. Буны көрген мийманлар оның үстинен дуў күлисипти, ал малика болса, кемситилгенине қаттыға қорлығы келип қызарып кетипти. Кейин артына карамай қашып кетипти.
Бирақ кимдур оны қуўып жетип қолынан услап алыпты. Малика ким екен деп қараса тумсық сақаллы патшаны көрипти.
- Меннен қорқпа, - депти ол. – Мен сол жарлы сазенде, сениң күйеўиң, ҳәм сениң ыдыс-табақларыңды сындырып кеткен сол атлыман.
Сен масқаралап үстинен күлген жигитлер қандай аҳўалға тускенин сезиўиң ушын мен усындай жол тутыўыма туўра келди, - депти сазенде.
- Қылған ислеримнен пушайманман- депти малика.
- Енди ҳәммеси артта калды,- депти тумсық сақаллы патша. Бүгин бизлердиң тойымыз, кел биргеликте кеўлимизди көтерейик!
Ағалы-инили Гриммлер
Рус тилинен аўдармалаған:
Есемуратова Сахибжамал.
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....
Ана тилиме
Дүньяда миллет көп, тиллер ҳәр түрли, Оларды түсиниў қыйынды бәлки, Бирақта өз ана тилиңди билсең, Ҳәммесинен үлкен мәртебе усы....
Узын жолда жалғыз жүрип бараман...
Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....
Биринши муҳаббат
Бир кун келип белден мәдар талады, Бәҳәрде ашылған гул де солады, Бул дуньяда ҳеш ким қалмас бирақ та, Биринши муҳаббат мәңги қалады....
Өзбекстаным
Бәҳәр келсе қусқа толы көллериң, Сулыў сәнге бөленеди жерлериң, Татлы ийис таратады гүллериң, Гөззаллықта теңсиз Өзбекстаным!...