УСТАЗЛАР ЖОЛЫНА САДЫҚЛЫҚ...
«Бул устаздың көзине илинсең шеп болмайсаң, оның қолынан шықсаң, күшли әдебиятшы боласаң», деп муғаллимлерим мени көп қоллап-қуўатлайтуғын еди. Оның итибарына түсиў шынында да аңсат емес екенлигин көп ислескенимнен кейин билгенмен. Алдына жазған жумысларымды алып барғанымда неше мәрте шыжбайлап қайтарған, сонда қәтелери көплигин, еле де көп излениўим кереклигин аңлағанман,-дейди стипендиант ийеси Малика Палымбетова.
«Устазы күшлиниң устамы күшли» дегениндей, Малика филология илимлериниң докторы, профессор Қурбанбай Жәримбетов пенен бирге илимий изленислери нәтийжесинде жеңислерге ерискенлигин айтып, оған өз миннетдаршылығы шексиз екенлигин газета арқалы билдирип қойыўымызды да илтимас етти. Ол университеттиң филология факультетиниң магистратура бөлиминиң «Әдебияттаныў» қәнигелигине оқыўға қабыл етилгенинен баслап устазы Қ.Жәримбетов пенен «Бердақ шайырдың эпикалық шығармаларында фольклор дәстүрлериниң қолланылыўы» атлы темада илимий жумыслар алып бармақта. Сондай-ақ, оның усындай жетискенликке ерисиўинде оқыў орнындағы Жамила Сагидуллаева, Инабат Алламбергенова сыяқлы устазларының да мийнетлери айрықша. Маликаның «Әмиўдәрья», «Вестник ҚҚМУ Хабаршысы», «Илим ҳәм жәмийет» журналларында көлемли илимий мақалалары жарық көрген болса, 2016-жылы «Ертеңги күн бизики шеклер бизики» ураны астында өткерилген илимий конференцияда илимий дөретиўшилиги менен университет көлеминде 1-орынды ийелеп, кейинги басқышқа жоллама алады ҳәм ^ргениш мәмлекетлик университетиниң «Ҳүрмет жарлығы» менен сыйлықланды.
Ташкент қаласында усы стипендияға талабан болыўға таңлаў өткерилип атырғанда абырайлы төрешилер қурамы мениң дөретиўшилигимди көзден өткерип, түрли қурамалы сораўлар берди. Олардың пикиринше, «бул стипендия ийеси болыў ушын топлам-топлам китаплар шығарыў емес, ал, илимий пикирлериң менен жаңа көз-қарас пайда етиў керек», деп мениң изленислеримди мүнәсип баҳалады. Буннан жүдә қуўанышлыман, алдағы ўақытларда исенимди ақлаў жолында өз үстимде еле де көбирек изленемен,-дейди Малика.
Мағлыўмат ретинде соны да айтып өтпекшимиз, Малика қарақалпақ филологиясы факультетиниң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты қәнигелигинде бириншилерден болып усы стипендиант ийеси болыўға миясар болды. Ол белгили жазыўшымыз Кеңесбай Каримовтың «Уллы дашт бөрилери» атлы китабындағы тарийхый шынлық, түрк жазыўшысы Хусайн Ниҳол Отсиздың тарийхый романы «Көк бөрилердиң тирилиўи» («Кўк бўриларнинг тирилиши» Тоҳир Қаҳҳор аўдармасы) шығармасындағы әдебий көркемлик ҳәм усы еки роман ишиндеги тарийхый уқсаслықлар ҳаққында айтып бергенде, Маликаның келешекте қарақалпақ әдебиятының жетик маманы болып шығыўына исенимимиз артты.
Бүгинги күнде шет тиллерин билиў заман талабы. Малика да инглис тилин пуқта өзлестирген. Инглис тилиндеги көплеген әдебий шығармаларды түп нусқасында оқып, қарақалпақ тилине аўдарыў, сондай-ақ, шет ел университетлериниң де тәжирийбелерин үйрениў нийетинде. Биз оған машақатлы илим жолында талмас күш-ғайрат тилеймиз!
КЕЛЕШЕК БҮГИННЕН БАСЛАНАДЫ
Ҳәзирги күнде елимизде ҳәр бир инсанның қәбилети ҳәм қызығыўшылығын жүзеге шығарыўға қаратылған билимлендириў тараўында алып барылып атырған реформалар өзиниң унамлы нәтийжелерин бермекте. Жаслар өзлери таңлаған жөнелислери бойынша көплеп жетискенликлерге ериспекте, жәмийетимиз раўажланыўына салмақлы үлес қоспақта.
Ҳәр қандай жаңалық ҳәм жаңаланыўларды кең халық қатламына таныстырыўда төртинши ҳәкимият саналған журналистиканың тутқан орны гиреўли. Журналист заман менен тең, керек болса заманнан бир қәдем алда жүретуғын, тынып-тыншымас пидайы инсан. Усындай машақатлы кәсипти таңлаған жаслардың бири Гүлжәҳән Сейтназарова жақында үлкен табысқа еристи. Ол журналистика қәнигелиги бойынша Өзбекистан Республикасы Президентиниң Мәмлекетлик стипендиясының жеңимпазы болды.
Әлбетте, бул ҚМУ журналистика қәнигелиги ушын әҳмийетли ўақыя, үлкен жаңалық. Гүлжәҳәнниң бул табысы пүткил жәмәәтти шексиз қуўандырды. Дойнағында бар тулпар ҳә демей-ақ, топ жарып шығатуғынындай, Гүлжәҳәнниң де теңлеслери арасында алық екенлиги дәлилленди. Себеби, оның буннан басқа да ерискен табыслары көп. Атап айтқанда, ол 2011-жылы Өзбекистан Журналистлер аўқамы ҳәм «Ижод» жәмийетшилик фонды тәрепинен «Дүрмен» дөретиўшилик үйинде өткерилген «Истеъдод мактаби» 88 семинары қатнасыўшысы, 2013-жылы «Журт келешеги», «Жас дөретиўши студент» таңлаўларының Қарақалпақстан Республикасы басқышы жеңимпазы болыўға миясар болды. 2010-жылы «Бәҳәрим келди» ҳәм «Бахытлы қызлар» атлы қосық ҳәм гүрриңлер топламы жарық көрди.
Мен ушын өткен 2016-жыл шын мәнисинде умытылмас ҳәм қуўанышқа толы жыл болды. Өйткени, илимге талпынған ҳәр бир жастың ең жоқары арзыўына айланған Президент стипендиясы жеңимпазы болдым. Әлбетте, бул тек мениң емес, ата-анамның, университетте тәлим-тәрбия берген бәрше устазларымның табысы деп билемен. «Келешек өзлигинен келмейди, ол жаратылады» деген еди даналардың бири. Шынында да, ертеңги күнимиз бүгинги ҳәрекетлеримиздиң нәтийжеси менен баҳаланады. Жаслықтың ҳәр бир минуты жаңадан-жаңа ой-пикирлерге ҳәм жаңалық жаратыўға деген талпынысларға толы болса, ертеңимиз, әлбетте, бүгинимизден де гөззал болады. Тийкарғысы, қыйыншылықтан қаймықпаў, мийнетти сүйиў керек. Ҳәрқандай кәсиптиң өзине жараса машақаты бар. Лекин, ўақыт яки мәкан таңламайтуғын журналистлердиң жумысы мениңше бирқанша қурамалы. Университетте билим беретуғын ҳәр бир профессор-оқытыўшы биз шәкиртлер тәғдиринде айрықша орын ийелейди. Олар тек ғана устаз емес, ал, жақын дос ҳәм мәсләҳәтгөй. Ҳәзирги күнде филология илимлериниң кандидаты, доцент Зыяда Қожықбаеваның басшылығында «Журналистикада шолыў жанры» (Қарақалпақстан ғалаба хабар қуралларында жәрияланған материаллар мысалында) атамасында илимий изленислер алып бармақтаман. Келешекте Қарақалпақстан журналистикасының еле де раўажланыўына, жәҳән медиа майданында өз орнына ийе болыўына үлес қосыў нийетиндемен.
«Студентлик алтын дәўир» деп бийкарға айтылмаған. Себеби, келешек ушын зәрүр ең әҳмийетли билим ҳәм тәжирийбени мине усы қысқа мүддет ишинде топлаймыз. Бул билимлер тасқа ойылған нағыс сыяқлы өмиримиз даўамында бизге азық болады. Мақаламыз қаҳарманы заман менен тең қәдем таслап, жаратылған имканиятлардан утымлы пайдаланып, усындай үлкен табысқа еристи. Ол бүгинги күн талабына сай инглис, немец тиллерин жақсы өзлестирген. Бул тиллерде көркем әдебиятлар оқыйды. Гүлжәҳәнниң журналистикаға байланыслы 30ға шамалас илимий мақалалары халықаралық ҳәм республикалық илимий журналларда, илимий-әмелий конференция топламларында жарық көрди. Публицистикалық мақала ҳәм қосықлары болса күнделикли баспасөзде тез-тез жәрияланып келинбекте. Келешекте журналистика тараўында жетик оқытыўшы болыўды нийет еткен Гүлжәҳәнге бәлент-бәлент пәрўазлар тилеймиз.
ҚӘБИЛЕТИ ҚӘНИГЕЛИГИНЕ САЙ
Ташкент мәмлекетлик Аграр университети Нөкис филиалында «Зоотехния» тәлим бағдарында билим алып атырған Юсупбек Султановтың аяқ алысын көптен берли бақлап, нәтийжелерге ерисетуғынына исенген едик. Жақында оның Өзбекистан Республикасы Президенти Мәмлекетлик стипендиясына аўыл ҳәм суў хожалығы тәлим бағдары бойынша ылайық болғанлығын еситип, төбемиз көкке жетти. Хош, Юсупбек бул табысларға қалайынша еристи!
Әкеси Файзулла аўыл хожалығы қәнигеси, анасы Саёра Имаматдинова «Әмиўдәрья» аўыл пуқаралар жыйынында фермер хожалығын басқарады. Атасы Тохтабай аға да напақаға шыққаннан кейин фермершилик пенен шуғылланды. Бул орталық Юсупбектиң аўыл хожалығы тараўына жақын болып ержетиўине имканият жаратты. Ол устазы, «Зоотехния» кафедрасы баслығы, аўыл хожалығы илимлериниң кандидаты Розумбай Турғанбаев пенен биргеликте «Қарамалшылықты раўажландырыў ҳәм сапалы азық-аўқат базасын жаратыўда пал ҳәррешиликтиң тутқан орны ҳәм қосымша дәрамат алыў жоллары» темасында илимий жумыслар алып бармақта. Бул жумыслардың нәтийжелери бойынша илимий мақалалар, тезислер жәрияланды.
Юсупбек 2014-жылы зоология пәнинен республика көлеминде жоқары оқыў орынлары студентлери арасында өткерилген пән олимпиадасында жеңимпаз болды. Және де усы жылы Бирлескен Миллетлер Шөлкеми тәрепинен өткерилген халықаралық социаллық-инновациялық жойбарлар таңлаўында «Жас пал ҳәррешилер» жойбары менен қатнасып, киши грант жеңимпазы болды. Бул киши грант Юсупбектиң «Хожели-Әмиўдәрья» фермер хожалығында пал ҳәррешиликти раўажландырыўға қаратылған илимий жумыс алып барыўына баслама салды. Ол 100 ге шамалас пал ҳәрре қутыларын сатып алып, жумыс баслады.
— Буннан гөзленген тийкарғы мақсет — мал шарўашылығында жүўери, мәкке, жоңышқа жетистириў менен бирге пал ҳәрре өнимлеринен қосымша дәрамат алыў. Пал ҳәррелери жүўери, мәкке, жоңышқа гүллеринен де пал жыйнайды ҳәм соның менен бирге сапалы шаңланыўына жәрдем береди. Солай етип, пал ҳәррелери жәрдеминде шаңланған атызлардағы өнимниң сапасы жоқары болғанлығын дәлилледик. Пал ҳәррелери жәрдеминде шаңланған атызлар менен пал ҳәррелерсиз өз-ара шаңланған атызлардағы өнимниң айырмашылығын салыстырып көргенимизде пал ҳәррелери жәрдеминде шаңланған атызлардың өними анағурлым сапалы болып шықты. Бул жумысларды алып барыўда устазым Ақылбек Тилеўмуратов жәрдем берди,-дейди ол.
Юсупбек 2015-2016-жылларда Россия мәмлекетлик Аграр университетинде өткерилген илимий-әмелий интернет конференцияда, Россия мәмлекетинде өткерилген V халықаралық илимий-әмелий жас алымлар конференциясында илимий баянатлар менен қатнасты ҳәм арнаўлы сертификат пенен сыйлықланды. Бул баянатлар Россия илимий-әмелий журналында жәрияланды.
Өткен жылы май айында Ал-Хорезмий атындағы Үргениш мәмлекетлик университетинде болып өткен илимий мақалалар таңлаўында қатнасып, Өзбекистан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң Ҳүрмет жарлығын алыўға миясар болды.
Жас болса да қатарларынан алық шығып, ел нәзерине түскен Юсупбектиң шақмақтың тасындай өзине исенип айтқан пикирлерин тыңлап отырып, оның келешекте елимиз экономикасының раўажланыўына салмақлы үлес қосатуғынына исенимимиз артты. Оның бул жолдағы қәдемлерине тилеклес болдық.
Дерек: www.erkinkarakalpak.uz.
Тағдир жолында
Айралық паслының музлары ерип, Көрген түслеримиз оңынан келип, Мухаббат бағының гүллерин терип, Биз және ушрастық тәғдир жолында....
Жалғызсаң
Неге бүгин жалғызсаң? Жубың қайда қарлығаш, Жуп болып келер едиңиз, Сайрап ҳәр күн хош ҳаўаз,...
Әкежан
Мен ушын қайғырып, қуўансам күлип, Сиз бенен жүрермен бахытқа толып, Мениң ең исенген инсаным болып, Аман-саў жүргейсиз бәрҳә, әкежан!...
Соңғы пушайман
Жүрегиме отлар жаққан гөззалсаң, Жүрдим излериңде пәрўанаң болып. Дедиң, сөзлериме қулақ салмастан, Қалайық ҳәмийше бизлер дос...
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....