Олимпиада ойынларының ашылыў мәресиминде Өзбекистан спорт делегациясы қатарында перзенти Елмурод Тасмуродовты көрген Зулфиқор аға Тиллаев телевизор қасында жүреги шәўкилдеп отыра алмады. Қуўанғанынан бирден турып кетти.
- Иләйим, көкирегиң жерге тиймесин! Ўатанымыз байрағын бийик көтер, Өзбекистан жасларының күшин, қүдретин көрсетип қой.
Елмурод Тасмуродов ғәрессизликтиң теңлеси – 1991 жылда Ташкент ўәлаятының Бостанлық районында туўылған. Палўанлық ата-бабаларынан мийрас.
Балалық жылларындағы аўыр шараят ҳәм ҳәм жетиспеўшилик себепли боксшы болыў әрманына жете алмаған Зулфиқор аға кейинирек бар үмитин улынан күтти. Елмуродты бес жасынан баслап, дәслеп шынықсын кейин бокска беремен деген мақсетти алдына қойды. Дәслеп мектепте, соң район көлеминдеги жарысларда жетискенликлерге ерисе баслады. Кейин халықаралық жарысларда да үлкен нәтийжелерге еристи.
2008 жылы жас өспиримлер арасындағы Азия чемпионатында чемпион болды. Жаслар арасындағы жәҳән чемпионатларында бронза медалын қолға киритти…
Солай етип, әкеси баласын боксшы қылыў нийетинен ўаз кешди, баласы грек-рим гүресин таңлады.
Мине Елмурод әлемниң ең атақлы жарысы – жазғы Олимпиада ойынларының грек-рим гүреси бойынша 59 килограмм салмақ дәрежесинде бронза медалын қолға киритти!
- Елмуродбек қатарларына ҳәр тәреплеме өрнек, - дейди “Жаңа аўыл” аўыл пухаралар жыйыны баслығы Мустафо Мусоқулов. – Мәҳәллемизде оған ҳәўес қылып спорт пенен шуғылланып атырған жаслар қатары жәнеде кеңеймекте. Мәҳәлле баслығы ретинде буның жүдә үлкен тәрбиялы әҳимийетке ейе екенин жақсы билемен. Президентимиз басшылығында әмелге асырылып атырған реформалардан көзленген мақсет ҳәм сонда.
- Улымның ҳәр бир шығыўын пүткил аўыл болып үйге жыйналып көрдик, - дейди Елмуродтың анасы Замира апа. – Ҳәўлимизге адам сыймай қалды. Ғәрессизлик жасларымызға талант ҳәм потенциалын кең ен жайдырыў, ата-аналарға перзентлеримиз жеңисинен бахтияр болыў бахтын инәм етти. Ғәрессизлигимиздиң теңлеси болған улымның жетискенликлери мәмлекетимиз басшысы тәрепинен көрсетилип атырған үлкен итибар ҳәм ғамхорлықтың жемиси.
Дерек: УзА. сайтынан.
Рио-2016: Төртинши бронза медал қутлы болсын! Елмурод Тасмуродо ...
Грек-рим гүреси спорт түринен беллескен Елмурод Тасмуродов мәмлекет делегациясы ушын төртинши бронза медалды усынды. Финал жолламасы ушын беллесиўде кубалы спортшыдан жеңилип қалды....
Жалғызсаң
Неге бүгин жалғызсаң? Жубың қайда қарлығаш, Жуп болып келер едиңиз, Сайрап ҳәр күн хош ҳаўаз,...
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....
Ана тилиме
Дүньяда миллет көп, тиллер ҳәр түрли, Оларды түсиниў қыйынды бәлки, Бирақта өз ана тилиңди билсең, Ҳәммесинен үлкен мәртебе усы....
Узын жолда жалғыз жүрип бараман...
Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....