Bul mobil menyu orni/ testing....


    Олимпиада ойынларын ең көп өткерген еллер
    Олимпиада ойынларын ең көп өткерген еллер

    Рио олимпиадасының басланыўына да 2 күн қалды. Усыған байланыслы интернет тармағынан қызықлы материалларды топлап, олимпиада ойынларын ең көп өткерген еллер ҳаққында мағлыўмат жыйнап көрдик. Изертлеўшилер олимпиада ойынларын әййемги адамзат баласының өткен тарийхының раўажланыўы менен байланыстырады. Бирақ усы күнге шекем олимпиада ойынларының қашан пайда болғаны туўралы анық айтылмаған. Бирақ, олимпиада ойынларының пайда болыўы ҳаққында бир неше аңызлар бар екен.

    Ал XIX әсирдиң орталарында Грецияда олимпиада ойынларын қайта раўажландырыў мақсетинде бираз иләжлар өткерилди. Сөйтип, 1859, 1870, 1875 ҳәм 1889 жыллары Афинада грек спортшыларының қатнасыўы менен секириў, жуўырыў, диск, найза ылақтырыў, гимнастика сыяқлы спорт түрлеринен жарыслар өткерилди. Олимпиада ойынлары пүткил Грецияны бириктиретуғын, улыўма халықлық ўақыяға айланды. Бираз ўақыттан кейин греклерде олимпиада ойынларының улыўмалық календарын дүзиў идеясы пайда болды.

    Дәслебинде жарыслар бир күнде болып өтсе, кейинирек олардың даўам етиў мүддети бир айға шекем узарды. Ойынларды ҳәр төрт жылда бийдай ҳәм жүзим териў мапазында бәрқулла өткериў ҳаққында шешим шығарды.

    Соң 1894-жылы 12 мәмлекеттиң қатнасыўында конгресс болып өтти. Оған қатнасқанлар Пьер де Кубертенниң баяннамасын талқылап, 1896 жылы 1-ши олимпияда ойынларын Афина қаласында өткериў ҳаққындағы шешим қабыллады. Халықаралық олимпиада комитетиниң биринши басшысы болып Деметриус Викелас сайланды. Яғный ҳәзирги заманның дәслепки олимпиада ойынлары 1896 жылы апрел айының 6-15 аралығында Афинада болып өтти, оған 13 мәмлекеттен 311 спортшы қатнасты.

    Гезектеги олимпиада ойынлары өткерилетуғын қаланы белгилеў ушын, ойынларға 7 жыл қалғанда арнаўлы Халықаралық олимпиада комитети (ХОК) сессиясында анықланады. Қала, рәсмий мәлимлемесин тапсырған бирнеше талабан қалалардың ишинен таңланады. Таңлаў кандидат еллериниң ўәкиллери менен ХОК президентинен басқа барлық ХОК ағзалары қатнасыўында жасырын даўыс бериў арқалы өткериледи.

    Қағыйда бойынша, соңғы даўыс бериў кешесине кандидатлар дизими арасында бес қаладан артық болмаўы талап етиледи. Бул дизим бир жыл бурын ХОК ағзаларының алдыннан даўыс бериў нәтийжесинде анықланады. Жеңимпаз даўыслардың ярымынан асламын жыйнаўы керек. Егер жеңимпаз биринши басқышта анықланбаса, онда екинши ҳәм кейинги басқышлар өткериледи.

    Ҳәр бир басқыштан кейин ең аз даўыс жыйнаған бир кандидаттан гүрестен шығып турады. Сонда ғана, кандидат мәмлекетлердиң ўәкиллери қайтадан даўыс бериў ҳуқықына ийе болады.

    Ҳәзирги ўақытқа шекем ең көп олимпиада ойынларын өткерген ел – АҚШ – 8 рет (4 рет жазғы ҳәм 4 рет қысқы). Франция 5 рет (2/3), Уллыбритания 3 рет (3/0), Германия 3 рет (2/1), Япония, Италия, Канада 3 рет (1/2). Австралия жазғы ойынларды еки рет өткерген, ал Австрия, Швейцария ҳәм Норвегия қысқы ойынларын, Швеция, Бельгия, Нидерланд, Финляндия, СССР, Мексика, Қубла Корея, Испания ҳәм Қытай бир рет жазғы ойынларды өткерген. Югославия бир рет қысқы ойынларды қабыллаған. Барлығы - 21 ел. Жазғы ойынлар 18 елде, ал қысқы 11 елде өткерилген.

    Олимпиада ойынлары усыған шекем 41 қалада (жазғы 22, қысқы 19) өткерилген.

    Қалалар арасында олимпиада ойынларын ең көп қабыллаған қала – Лондон 3 рет. Лос-Анжелесте, Парижде, Афинада жазғы ойынлар еки реттен өткерилген. Ал Санкт-Мориц, Инсбрук, Лейк-Плэсид қалалырында қысқы ойынлар еки рет өткерилди.

    Төменде жазғы олимпиада ойынларының қайсы жылы, қайсы қалада болып өткени ҳаққында мағлыўматты нәзериңизге усынамыз.

    1896 - I жазғы Олимпиада ойынлары - Афина (Греция)
    1900 - II жазғы Олимпиада ойынлары - Париж (Франция)
    1904 - III жазғы Олимпиада ойынлары - Сент-Луис (АҚШ)
    1908 - IV жазғы Олимпиада ойынлары - Лондон (Уллыбритания)
    1912 - V жазғы Олимпиада ойынлары - Стокгольм (Швеция)
    1916 - VI жазғы Олимпиада ойынлары - Берлин (Германия)
    1920 - VII жазғы Олимпиада ойынлары - Антверпен (Бельгия)
    1924 - VIII жазғы Олимпиада ойынлары - Париж (Франция)
    1928 - IX жазғы Олимпиада ойынлары - Амстердам (Нидерланды)
    1932 - X жазғы Олимпиада ойынлары - Лос-Анджелес (АҚШ)
    1936 - XI жазғы Олимпиада ойынлары - Берлин (Германия)
    1940 - XII жазғы Олимпиада ойынлары - Токио (Япония)
    1944 - XIII жазғы Олимпиада ойынлары - Лондон (Уллыбритания) – Екинши дүньяжүзлик урысқа байланыслы өткерилмеди.
    1948 - XIV жазғы Олимпиада ойынлары - Лондон (Уллыбритания)
    1952 - XV жазғы Олимпиада ойынлары - Хельсинки (Финляндия)
    1956 - XVI жазғы Олимпиада ойынлары - Мельбурн (Австралия)
    1960 - XVII жазғы Олимпиада ойынлары - Рим (Италия)
    1964 - XVIII жазғы Олимпиада ойынлары - Токио (Япония)
    1968 - XIX жазғы Олимпиада ойынлары - Мехико (Мексика)
    1972 - XX жазғы Олимпиада ойынлары - Мюнхен (ГФР)
    1976 - XXI жазғы Олимпиада ойынлары - Монреаль (Канада)
    1980 - XXII жазғы Олимпиада ойынлары - Москва (СССР)
    1984 - XXIII жазғы Олимпиада ойынлары - Лос-Анджелес (АҚШ)
    1988 - XXIV жазғы Олимпиада ойынлары - Сеул (Қубла Корея)
    1992 - XXV жазғы Олимпиада ойынлары - Барселона (Испания)
    1996 - XXVI жазғы Олимпиада ойынлары -Атланта (АҚШ)
    2000 - XXVII жазғы Олимпиада ойынлары - Сидней (Австралия)
    2004 - XXVIII жазғы Олимпиада ойынлары - Афина (Грекия)
    2008 - XXIX жазғы Олимпиада ойынлары - Пекин (Қытай)
    2012 - XXX жазғы Олимпиада ойынлары - Лондон (Уллыбритания)
    2016 - XXXI жазғы Олимпиада ойынлары - Рио-де-Жанейрода (Бразилия) августтың 5-21 аралығында болып өтеди.
    2020 - XXXII жазғы Олимпиада ойынлары төрт жылдан кейин Токио (Япония) қаласында өткериледи.




    Sport bo'limi | 03-avgust, 2016 jıl
    Bul bet 1403 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!
    +1


    Криштиану Роналду

    Криштиану Роналду 1985 жылы Португалияда туўылған. Роналдиньо ямаса Роналдо сыяқлы атақлы футболшылар менен ҳеш қандай туўысқанлық қатнасы жоқ. Өзине тән футбол...

    Тағдир жолында

    Айралық паслының музлары ерип, Көрген түслеримиз оңынан келип, Мухаббат бағының гүллерин терип, Биз және ушрастық тәғдир жолында....

    Дүньядағы ең узын көпир

    Дүньядағы ең узын көпир қай жерде жайласқан. Узынлығы 42 километр болған бул көпир қашан қурылды. Көпир қурылысына неше мың адам қатнасты?...

    Соңғы қоңыраў

    Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....

    Узын жолда жалғыз жүрип бараман...

    Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Аҳд

    Дунё иморатин битта ғишти кам,
    Бир кемтик ўрнида армон яралган.
    Бугуннинг бағрига сингиб кетсин ғам,
    Мен бугун шу ғамлар учун ёзаман.

      
    20-dekabr, 2015 jıl. 1986 ret ko'rildi


  • Дайыма

    Бир дайым бар көзлери күлимлеген,
    Қарақалпақ тилинен сабақ береди.
    Қыдырып барғанда гейде үйине,
    Түрли сораўларды бастан үйеди.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 1956 ret ko'rildi


  • Дебдиў

    Кеўилимди биле алмай отырдым турдым,
    Тынышлық бермеди иштеги хаўаз,
    Қолға қәлем алып жаза басладым,
    Дегендей еледе, жаза бер жаз-жаз!

      
    01-avgust, 2014 jıl. 2104 ret ko'rildi


  • Onajon!

    Siz jannatsiz--mehringizga dunyo ham tor,
    Siz oftobsiz—taftingizga ko’ngil ham zor.
    Siz chashmasiz—oqib turgan suvi zilol,
    Onajonim duoyingiz qalbda tumor.

      
    29-iyul, 2015 jıl. 1637 ret ko'rildi


  • Qutlıqlaw: Gu’lmirag’a

    Ba’ha’rde ashılg’an na’zik gu’l bolıp,
    Bu’gin shıraylanıp do’nip turıpsan’,
    Ba’ha’r quyashında ju’zlerin’ ku’lip,
    Ba’ha’raydın’ shırayı bolıp turıpsan’.

      
    17-aprel, 2013 jıl. 1812 ret ko'rildi


  • Ёмғир

    Нолангни эшитиб, қалбим тиламен,
    Сени ҳаммадан ҳам яқин биламен,
    Сен йиғласанг, айт мен нима қиламен?
    Қўй йиғлама, йиғлоқи ёмғир.

      
    24-yanvar, 2015 jıl. 2275 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Биринши муҳаббат

    Бир кун келип белден мәдар талады,
    Бәҳәрде ашылған гул де солады,
    Бул дуньяда ҳеш ким қалмас бирақ та,
    Биринши муҳаббат мәңги қалады.

      
    28-aprel, 2013 jıl. 2427 ret ko'rildi


  • Cоғиндим

    Нега кўнғироқ қилмайсиз энди,
    Соғинганим билмайсиз энди,
    Устимдан ҳеч кулмайсиз энди,
    Жоним сизни ёмон соғиндим.

      
    22-aprel, 2013 jıl. 1753 ret ko'rildi


  • Muhabbatın’nan

    Aspan mısal sheksiz oylarım,
    Boyların’a jetti boylarım,
    Mag’an bolg’an muhabbatın’nan,
    Quyarlıg’ın taptı saylarım.

      
    19-mart, 2013 jıl. 2485 ret ko'rildi


  • Men senga baxt tilab yuribman yashab!

    Sen mendan kechding jonim ne sabab?
    Nega ketding mening ko’nglimni g’ashlab?
    Xayotda yolg’iz qilib ketdingku tashlab,
    Men senga baxt tilab yuribman yashab!

      
    12-mart, 2013 jıl. 3215 ret ko'rildi


 




Allayar Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
Logikalıq soraw #62
каскадер
Logikalıq soraw #62
Пластелин
Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.