Усындай сөзди өткен жылдан берли қарақалпақ мәмлекетлик университети аймағында ушырататуғын болдық. Wi-Fi өзи не? Университетлилерге қандай пайдасы бар? деген сораўларға мақаламызда жуўап бериўге ҳәрекет етемиз.
Wi-Fi технологиясы бул тармақ пенен радио толқынлар жәрдеминде сымсыз байланыс жасаў болып табылады. Демек Wi-Fi информацияны сымсыз жеткерип бериў имканиятын жаратып береди. Технологияның өзи 1991-жылы Нидерландияда ойлап табылған еди.
Ең дәслеп Wi-Fi касса хызмети ушын қолланылған еди. Кейин ала болса бул технологияның пайдасы көп екенлиги белгили болды.
Бүгинги күни Wi-Fi дан пайдаланыўшылар саны артып бармақта. Wi-Fi дан бир қатар жәмийетлик орынларда бийпул пайдаланыў имканияты да пайда болды.
Интернетке кириў имканиятын мағлыўматларды жеткерип беретуғын радиомодуль жаратып береди. Усындай модуль компьютерге яки басқа да үскенеге орнатылыўы лазым. Бул сизге провайдер менен компьютериңиз ортасында байланысты орнатып береди.
Университетте де еркин Wi-Fi иске түсти. Мәселен, университеттиң екинши корпусының биринши қабаты фойесинде жигирма, отыз адам пайдаланыўы ушын мөлшерленген бөлме ажыратылған. Ал, ҳәр бир қабатта болса Wi-Fi зоналар бар.
Университетте Wi-Fi ды қысқа аралыққа жеткерип бериў технологиясы жәрдеминде әмелге асырылмақта. Атап өтилген Wi-Fi зоналарда радио толқынларды қабыллап пайдаланыўшыға емин-еркин жеткерип беретуғын роутерлер орнатылған.
- Ҳәзирги ўақытта көпшилик студентлер менен оқытыўшыларда ноутбук яки нетбук бар усылар жәрдеминде Wi-Fi зоналарда отырып интернеттен пайдаланыў имканиятын жаратылды. Бул университет басшыларының интернет тармағынан студентлер менен оқытыўшылардың емин-еркин пайдаланыўы ушын әмелге асырып атырған ис-ҳәрекети болып табылады. Бундай имканияттың жаратылыў бурыңғы интернет классларда отырып компьютер жетиспеўшилигиниң алдын алады, екиншиден, пайдаланыўшылар ушын мағлыўматларды алыў ушын бийпул интернеттен пайдаланыў мүмкиншилигин де жаратып береди. Студентлеримиз бенен оқытыўшыларымызда Wi-Fi дан пайдаланыў көнликпеси пайда болды десек болады. Буны Wi-Fi зоналарда адамлардың көплигинен де билиўимизге болады. Келешекте университтиң ҳәр бир аудиториясында Wi-Fi дан пайдаланыў имканияты жаратылады,- дейди IT қәнигеси Р.Шыхиев.
Ҳақыйқаттан да университетте интернет тармағына кириў ушын үлкен имканиятлар жаратылып атыр. Бул өз гезегинде билим бериў процесине де дурыс тәсир ететуғыны анық.
Хурмет Атажанов.
Байланыстың жаңа түри
Бүгинги жасларымыз байланыс орнатыў ушын телефон қоңыраўларынан гөре Whats App яки Telegram бағдарламасынан пайдаланғанды мақул көрмекте. Еки программа да инсан ушын байланыс...
Саўға таңлаў ушын
Саўға алыў жақсы, ал саўға бериў оннанда қызық. Саўғаңызды алған жақын адамыңыз сизге миннетдаршылық пенен қарағанда ҳәммеге саўға...
Төлемли социяллық тармақ ашылады
Интернет тармағында пайдаланыўшылар ушын төлемли социяллық тармақ ашылады. Бул тармақтан дизимнен өтиў 9000 АҚШ долларды қурайды. Ал социяллық тармақтың аты...
Сымсыз технология байланысларының раўажланыўы ҳәм мобил б ...
Бүгинги күн жәмийети әсте ақырынлық пенен электрон бизнестен мобилликке өтип атыр. Егерде электрон технологиялар мағлыўматтың толықлығын ҳәм олар менен...
Ҳақыйқый дос тармақта ма?
2012 жылдың 5 ноябрь күни Facebook рәсмий веб сайты социаллық тармақларды шеннен тыс пайдаланыў денсаўлыққа зыян деп жәриялады. Илимпазлар Facebook сыяқлы социаллық...