Ҳәзирги күнде халқымыз арасында тойдың ҳәр тәреплеме кем қәрежетли, артықша ысырапкершиликсиз, кеўил қалыспаларсыз болып өтиўине көпшиликтиң қосылып, айырым көп шығынға барып тақалатуғын дәстүрлерге әсте-ақырын тыйым салынып атырғанлығы қуўанышлы жағдай. Деген менен бүгинги күнде кешки жаслар тойында айрым кемшиликлерди көре отырып сын пикир айтпаў мүмкин емес.
Соңғы ўақытлары бәршемиз көрип гуўасы болып жүрген жаслар тойын күнннен-күнге мабаға айланып баратырған пайтахтымыз орайында жайласқан ең үлкен, ең абрайлы ресторанлардың биринде (Жағдайы қандай болыўына қарамастан) өткериў үрдиске кирген. Той себеп жақын ағайин-туўысқанлардың, досларымыздың тойларына барғанымызда бир қанша ерси ис-ҳәрекетлерди көрип, бүгинги жаслар тойы ҳаққындағы пикирлеримиз бираз өзгерди. Бәрине сын көз бенен қарасаң сынып кетежақ. Мен ақыл бериўден жырақпан, деген менен өз пикиримди де билдириўди орынсыз көрмеймен.
Бир тойға барғанымда мениң дыққатымды тартқан биринши көринис, бул-арнаўлы түрде шақыртылған тойды алып барыўшының (тамада) ис-ҳәрекети болды. Тойдың әйне қызған ўақтында, той баслаўшы өзлериниң шебер қәбилетин иске салып, еле де жыйналғанлардың кеўлин көтериў ушын ба, билмедим, бирден адамлардың итибарын өзине қаратып, «Ҳәзир бир-биринен қызықлы «Играларымызды» шөлкемлестиремиз, қатнасыўшыларға саўғаларымыз да бар»-деп ортаға үш-төрт қызды шығарды. Олар өз қәлеўи менен шыққанлықтан, кеўилли көринеди. Оларға ҳәр түрли шәртлер қойып, ҳәммениң алдында тез орынлаў кереклигин айтады. Шәртлери де әжеп тәўир. Дәслеп оларға түрли темада сораўлар береди. Жуўап табалмай қалса:
-Бул қызымыз өзи тартыншақ екен, яки аўызына қатық уйытып келген бе?-деп те мысқыллап күлип алады. Кейин болса қатнасыўшы қызларды ойнап жарыстырады. Ойынлары да мәнисиз, тап ермекке ислетип атырғандай, баслаўшының өзи «мениң ҳәрекетлеримди қайталаң»-деп кишкене балалардың қылығына мегзес ҳәрекетлерди орынлатады. Ал, және бир шәртинде болса, ортаға орынлық шығарып, қыз-жигитлер айланып ойнап, сол орынлыққа отырыўға таласады. Тағы бир ойынын айтпай кетиў қыйын. Той мийманларының бир-екеўин ортаға шақырып, олардың көзлерин байлап таслап, сол адамларды ҳәжетхана қағазына орап таслаў ушында арнаўлы түрде жарыстырады. «Ким утса соған арнаўлы саўғамыз бар»-деп, жеңимпазға қораз қант усынады. Әлбетте, бул шөлкемлестирилген ойынларды тамашалап отырған той мийманлары дуў күлисип, қол шаппатлаўлар менен хошаметлеп те отырады. Ал, мениң ойымша бул ҳәрекетлер адамның үстинен қүлип, масқаралаўдай түйиледи. Туўры халқымыз әзелден қуақы, ҳәзил сүйер қалық. Лекин бул ойынларда ҳешқандай терең ҳәзил-дәлкек мәни де жоқ. Инсан қәдир қымбаты, адамлар күлиўи ушын ермек ўазыйпасын атқармаса керек? Той баслаўшысының бундай ҳәрекетлери тек, өзин көрсетип, жыйналғанларға «Мен тойды усындай қызықлы етип алып бараман»-деп реклама қылыўындай болып сезиледи. Әзелден қарақалпақ халқы қыз баланы сыйлап, ардақлап келген. Ал, бундай ерсили ҳәрекетлер қызларымызға деген сәл пәс нәзер менен қараўдай көринеди? Оларға түрли шәртлер қойып, оны кең жәмийетшилик алдында орынлатыўы, туўрысы көпшилик ушын жүдә қызықлы түйилип унаўы мүмкин. Ҳәттеки базы адамлардың: «жаслар тойы сонысы менен қызықлы болады. Бир күлип ойнаса не қылыпты?»-деп айтқанларын еситемиз. Дурыс, той баслаўшының тийкарғы ўазыйпасы, тойды ҳәр тәреплеме кеўилли, есте қаларлы дәрежеде алып барыўы кереклигинде шығар. Деген менен ҳәр заттың өз муғдарында болғаны мақуллаў. Жоқарыда атап өткенимиздей ҳәзил ойынларын ҳәдден зыят асырып жибериўи ақыбетинде базы қонақларды қолайсыз жағдайға салып қояды.
Бизлер ушын бир күнлик қызықлы түйилип атырған ойынлар, жасы үлкенлер алдында сәл мәдениятсызлық бенен бара бар болса, жасы кишилер буны өзине мәденият сыпатында үлги етип алмас па екен?
Бүгинги күнде той ресторанлардың хызметиндеги айрым кемшиликлерди де айтпай өтиў мүмкин емес. Тойханалардың биринде аўқатты дастурханға тартыў ушын да, басқа басқа ресторанлардан ажралып турсын деп пе өзгеше усыл ойлап тапқан. Яғный хызметши жигитлер бир қатар ғаздай дизилип, қоларына табақларды услап, түрли формада ҳәрекетлер ислеп, соң дастурханға усынады. Ол ҳәрекетлерди ислеў ушын тойды басқарыўшы арнаўлы ўақыт ажратылып, тап сахналық көринис тамашалағандай ҳәммениң итибарын соларға қаратыўын соранады.
Халқымызда астың, аўқаттың ҳүрмети айрықша екени бәршемизге мәлим. Бир шаңараққа таза келин түскенде, жақын ағайинлери ең дәслеп таза келин қолынан дуз-дәмек татыў ушын писирген аўқаттан жеп, соң табақ бериў дәстүри бар. Табақ алынғаннан кейин болса, жас келинге пәтия бериледи, соң қуран оқылады. Дурыс, бул жер үй емес. Деген менен пискен асты ойынға айландырып жибериў мәдениятсызлық бенен барабар. Соның менен бирге гигиеналық көзқарастан қараған ўақытта да, талапқа жуўап бериўи де итимал. Аўқатты ыссы ўақтында оны суўытпастан, берекетли дастурхан ға тартылса мақсетке муўапық боларма еди? Артықша ис-ҳәрекетлердиң, ойынлардың не кереги бар? Биз бул ерсили ҳәрекетлерди көре-биле отырып, үндемей көз жумып кете берсек, ўақыт өткен сайын басқа да дәстүрлер шығып, ақыбетинде өз миллийлигимизди, пүткиллей умытып кетпеймиз бе екен-деп ойлап қояман.
Ҳүрметли заманласлар, сизлер буған не дейсиз?
Муслима Мәмбетниязова,
Бердақ атындағы қарақалпақ мәмлекетлик университети журналистика тәлим бағдарының 3-курс студенти.
Сүўрет: youtube ҳәм google сайтларынан.
Тағдир жолында
Айралық паслының музлары ерип, Көрген түслеримиз оңынан келип, Мухаббат бағының гүллерин терип, Биз және ушрастық тәғдир жолында....
Әкежан
Мен ушын қайғырып, қуўансам күлип, Сиз бенен жүрермен бахытқа толып, Мениң ең исенген инсаным болып, Аман-саў жүргейсиз бәрҳә, әкежан!...
Дүньяда бар жақсылар
Адамға өмир берилген, Жақсыға ҳәм жаманға, Неше түрли адамлар бар, Жақсылар бар дүньяда....
Атама саўға
Ө-мириңиз узақ болсын бахтымызға, Т-уўылған күн жаслар қоссын жасыңызға, Е-ркелесин қуўлықларың күлип ойнап, Б-аба болып ертип жүриң...
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....