Қанлыкөл районы пайтахтымыздан алыс болса да район үлкен трасса бойында жайласқаны себеби инфраструктуралық объектлер саны көп. Сондай объектлердиң бири А.Муўсаев атындағы аўыллық шыпакерлик пункти есапланады. Шыпакерлик пункти жақында қайта реконструкциядан шыққанлығы себепли әтирапы да, ишки тәртиби де өзгеше.
Шыпакерлик пункти аймақағы 4508 пуқараға медициналық хызмет көрсетеди. Соннан туўыў жасындағы ҳаял-қызлар 1200, 0-14 жасқа шекемги балалардың саны 1195 қурайды. Халық арасында жол бойында жайласқан аймақ Муўсаев поселка деп аталады. Аймақ район орайына, орайлық емлеўханаға жақын болғаны менен халықтың басым көпшилиги усы шыпакерлик пунктке келип көринетуғынын көпшилик атап өткен еди.
Бул жерде де көпшилик емлеў мәкемелериндегидей аналар ҳәм балалар, әсиресе ҳәмлели аналар ушын үлкен қолайлықлар жаратылған. Атап өтетуғын болсақ, жас аналар ушын контрацепция қуралларын бийпул бериў, оларда пайдаланыў бойынша мәсләҳәт бериў де жақсы жолға қойылған. 2015-жылы 114 ҳәмледар ҳаял дизимге алынған болса соның 111 ине витрум принатал витамини берилген. Жас балаларды толық медициналық бақлаўдан өткериў жумыслары да өз ўақтында әмелге асырылған. Январь- февраль айларында 0-14 жастағы балалар толық медициналық бақлаўдан (диспанцеризация) өткерилген.
- Балалар өлимшилиги кемейди. 2005-жылдан баслап халықаралық ЮНИСЕФ шөлкеми тәрепинен аналарымызға А витаминин бериў жолға қойыла баслады. Әсиресе, аналарымызда туўма анамалия саны кемейди. Шыпакерлик пунктине келип дизимнен өткен ҳәмледар ҳаяллардың барлығын республикалық скрининг орайына жиберемиз. Ҳәзир ҳәмледар болған ҳаяллар өзлери келип, мени скрининг орайына жибериң, барып тексерилейи деп айтатуғын болды. Аналарымыздың өз ден саўлығына болған көз-қарасы өзгерди. Усының салдарынан ҳәмледар хаялымыздың екеўинде еки анамалия жағдайы анықланды. Ҳаялларымыз баласына Д витамин бериў кереклигин де жақсы биледи, булл бойынша да бизлерде келип мәсләҳәт алып кетеди. Кишкене балаларды шаншыў жумыслары да бираз аңсатласты, бурынлары аналарымыз баласын бизге алып келиўден қорқып яки умыт келип шаншыўды үйине барып ислеген болсақ, ал ҳәзирги ўақытта аналарамыздың өзлери келип, шаншыў ўақты болып қалған алдын ала ескертип кетеди. Пуқараларымыздың алдын ала толық медициналық бақлаўдан өтиўиниң нәтийжесинде жасырын аўырыўларды анықлаўда аңсатласып атыр. Усындай медициналық бақлаўдың нәтийжесинде 2 адамда онкологиялық кеселликтиң 1-2 дәрежелери анықланды. Демек, пуқараларымыздың медициналық санасы сезиминиң артыўы өз ден саўлығына пайдасын тийгизсе, екиншиден, ден саўлықты сақлаў хызметкерлериниң де жумысын жеңиллестиреди, - дейди, аўыллық шыпакерлик пункти меңгериўшиси Улдай Тастайбекова.
Республикамызда аналар, балалар өлимшилиги кемейип барған сайын демографиялық жақсыланады, мәмлекетимиздиң өсип-раўажланыўы да артып бара береди.
Хурмет Атажанов,
Журналист,
Сүўретлерде: Қанлыкөл районы, А.Муўсаев АШП дан көринислер
Тағдир жолында
Айралық паслының музлары ерип, Көрген түслеримиз оңынан келип, Мухаббат бағының гүллерин терип, Биз және ушрастық тәғдир жолында....
Дүньядағы ең узын көпир
Дүньядағы ең узын көпир қай жерде жайласқан. Узынлығы 42 километр болған бул көпир қашан қурылды. Көпир қурылысына неше мың адам қатнасты?...
Дүньяда бар жақсылар
Адамға өмир берилген, Жақсыға ҳәм жаманға, Неше түрли адамлар бар, Жақсылар бар дүньяда....
Бахыт
Бул дүньяны көрип турса көзлериң, Ядта тутсаң нәсиятлы сөзлерин, Бул мәканның топырағын излерин, Көзлериңе сүртип турсаң ҳәр...
Соңғы қоңыраў
Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....