Bul mobil menyu orni/ testing....


    Усыннан кетсем жаманлайсыз
    Әдетте, қоңсы-қобалар, ағайын-туўған-туўысқанлар той мерекелерде, байрам күнлери, бир дәстурхан әтирапында узақ гүрриңлесип отырады. Басқа ўақытларында көшеде ямаса жумыс бабында ушырасып қалса үй-ишлериниң аманлығын билип, асығыс өтип кетеди.

    Сонлықтан, узақ гүрриңлесиўлер менен сәўбетлесиўлер, биреўлерди асырып мақтаў менен биреўлерди кәбине келтирип жаманлаўдың үлкени той-мерекелер ҳәм байрамларда болады екен.

    Бир сапары, кешки мезгилде, аўылласымыз Әдил той берди. Жумыслар шығып мерекесине кешигип бардым. Тойдың тоқашылары аўыл жигитлериниң Базарбайтикинде екенлигин айтып, алдыма бир баслаўшы баланы салды. Ол бала да алыстан Әдилдиң үйиниң төбесин көрсетип, үйинде ийтиниң жоқ екенлигин айтып, тойханаға қайтып барыўы ушын рухсат сорады.

    Әдилдиң үйине кирип барсам, үлкен бөлмеде жасы үлкенлер менен аўылдың жигитлери, шай-пай ишип, ўа-ҳа-ҳа-ласып, тойы қызып атырған екен.

    Гүрриңлесиўлер дәслебинде ушырма гәплер, соңынан биреў-биреўди илип-қағып сөйлеў, мереке қыза келе биреўлерди мақтап, биреўлерди жаманлаўға, өсекке өтти. Сол пайытлары аўылласымыз Жаңабай кешки мал-ҳалларын жайғастырыў ушын жасы үлкенлерден рухсат сорады.

    Жаңабай үйден қырық адым кетпей-ақ, Жаңабайдың үстинен өсек басланды. Отырғанлардың бири оны өлип қалған сықмар десе, екиншиси бала-шағасының гәпинен шыға алмайды, деди. Үшинши биреўлер болса,-үйленген жалғыз баласының тойын, ел-қәдесин елеге шекем бере алмай отыр,-деп сыртынан сайып атыр.

    Усы мәҳәл аўылласымыз Қәдир де, басқа мерекеге баратуғынлығын айтып, рухсат сорап орнынан турды. Қәдир есиктен шығыўдан-ақ, Қәдир ҳаққында өсек басланды. Өсекти жасы биразға барып қалған Абдулла баслап берди. Ол гәпинде:

    -Қәдир шаңарағы менен уйқышыл, камбағал, буған себепши уйқының тәсири,-десе, ортада отырған Орақбай:

    -Аўа Қәдир жорамыз, бурыннан таныйман, бир класста оқыдық. Ол биринши класынан баслап-ақ сондай салақ, сабақларынан қалақ еди. Оның менен шаңарақ болып отырған келиншегине рахмет айтыў керек,-деди. Және биреўлер оның балаларын, ағайын, туўысқанларын өсек етип отыр.

    Бир ўақытлары аўылға жақында көшип келген Қураш ағаның қол телефоны шақырды. Ҳәмме тым-тырыс отыр. Қураш аға ким менен екенлиги белгисиз:

    -Ҳәзир, ҳәзир бараман. Нешеў болып келеди екен?. Яқшы, яқшы он-онбес минуттан жетип бараман, сойыслығын таярлай берсин,-деп атыр. Бир маҳәли, сөйлесип болып Қураш аға қол телефонын қалтасына салды ҳәм үйине қудаларының қыдырып келгенлигин айтып, көпшиликтен рухсат сорап, сырқа шығып кетти.

    Бирақ… Қураш аға есиктен сыртқа шығып, еки-үш минут өтер-өтпестен, қайтадан келип, әўелги орынына жайғасып отырды.

    Ҳәмме ҳайран. Бираздан соң Қураш ағаның өзине де қолайсыз болса керек, өзи сөз баслап:

    -Үй-ишлериниң өзлери-ақ, мен бараман дегенше қудаларға шай-пайларын беретуғын болды,-деди, ғоддаслап сөйлеп.

    -Өзиңиз неге қудаларыңыздың басында-қасында болмадыңыз?-деп сораған Төребай ағаға:

    -Ҳе-е, дурыс, қудалар менен отырсам маған да аброй. Бирақ, мен кетсем мени де жаңағы кеткен Жаңабай, Қәдирлер усатып өсек ететуғыныңызды билемен. Сол ушын, мерекениң ақырына шекем сизлер менен бирге болыўды уйғардым,-деди Қураш аға гәрдийип.


    Бийсенбай БЕКМУРАТОВ.
    журналист

    Madeniyat » Ha'zilkesh bo'limi | 08-fevral, 2013 jıl
    Bul bet 1833 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!

    Атама саўға

    Ө-мириңиз узақ болсын бахтымызға, Т-уўылған күн жаслар қоссын жасыңызға, Е-ркелесин қуўлықларың күлип ойнап, Б-аба болып ертип жүриң...

    Соңғы пушайман

    Жүрегиме отлар жаққан гөззалсаң, Жүрдим излериңде пәрўанаң болып. Дедиң, сөзлериме қулақ салмастан, Қалайық ҳәмийше бизлер дос...

    Қәйненелерге

    Ене, келин ортасында, Бир өмирлик даў болар Сол себепли енелерге Айтатуғын сөзим бар....

    Соңғы қоңыраў

    Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....

    Узын жолда жалғыз жүрип бараман...

    Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Do’st

    Dunyoda do’stlikdan azizroq ne bor?
    Do’sting bu sen uchun yagona inson,
    Boshinga ish tushsa yoningda har on,
    Chin do’stlar hiyonat qilmas begumon.

      
    29-iyul, 2015 jıl. 1687 ret ko'rildi


  • Сағындым

    Туўылып өскен ата-журтым Шымбайдың
    Сол баяғы соқпақларын сағындым,
    Бирге ойнап,бирге гүбелек қуўған,
    Көшемиздиң ул-қызларын сағындым.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 2590 ret ko'rildi


  • Bolaligim!

    Bolalik—sen mitti qushchasan!!!!
    Buncha beg’uborsan, yayrab uchasan.
    Gohida o’xshaysan sen kapalakka,
    Nafis gullaringni mayin quchasan…..

      
    29-iyul, 2015 jıl. 1905 ret ko'rildi


  • Ko'z-qaras

    O'mir misli ag'ar da'rya,
    Ko'z aldın'nan o'tip keter,
    Ku'sh-g'ayratı jetken g'ana
    Ko'pir salıp qorıqpay o'ter.

      
    29-iyul, 2015 jıl. 76627 ret ko'rildi


  • Watanım – Qaraqalpaqstan

    Bag’ları bar gu’l-gu’listan,
    Bul a’jayıp go’zzal bostan,
    Tariyxı bar tilde da’stan,
    Watanım-Qaraqalpaqstan.

      
    16-oktyabr, 2015 jıl. 3949 ret ko'rildi


  • Ана

    Қараңғы түнлерди қуяшлы күнге,
    Тутастырып бәрҳә болады бирге,
    Аспаннан нур болып, гүл болған жерде,
    Бир шымдым ийискелеп, тоймайман ана!

      
    26-oktyabr, 2015 jıl. 2289 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Ashıq ju’rek

    Ta’g’dir qatal ko’zlerimde turar qayg’ı,
    Doslar qatal so’zderinde turmaydaw,
    Sag’at qatal bir waqıtta turmaydı,
    Waqıt qatal jaslıg’ımdi urlaydı.

      
    19-mart, 2014 jıl. 2370 ret ko'rildi


  • Достыма жуўап

    Дос деўгеде енди бармайды тилим,
    От болып өртенди бүгин кеўилим,
    Жигит пенен қызлар дос бола алмас
    Жақсы қалың, достым сөнди үмитим.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 3130 ret ko'rildi


  • Жалған ўәделер.

    Мухаббат не өзи айтыңыз дослар?
    Бир-биреўди ермек қылыў дегенбе,
    Кеўилим усы сырды билиўди қошлар,
    Сүйиў деген қушақласып жүриўме,

      
    01-avgust, 2014 jıl. 6650 ret ko'rildi


  • Жалған сезимлер

    Жасайсаң көзлеримниң қарасында
    Сенде мени еслейсеңбе арасында?
    Жүрегимди қыйнап, күйип-жанарман,
    Сен берген муҳаббаттың азабында.

      
    04-may, 2013 jıl. 2074 ret ko'rildi


 




Allayar Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
Logikalıq soraw #62
каскадер
Logikalıq soraw #62
Пластелин
Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.