Bul mobil menyu orni/ testing....


    КЕЛИН ҚАЗАНҒА КЕТТИ…
    Шар базардан шыққан Майлыбай жора менен Қойлыбай жора базардың тап дәрўазасында ушырасты. Екеўи бири-биринен қайта-қайта ҳал-жағдай сорасып болып, шайхана таман жол алды. Шала-пула шай ишти де, соңынан Майлыбай сөз баслап:

    -Қойлыбай жора, ушыраспағанымызға да көп ўақытлар болыпты. Балалар, қызлар ер жетип атырма ? Үй ишлери аман ба ? Мен сизди бүгин ушыратаман деп, сирә ойлаған жоқ едим. Мине, дийдар- ғайып, несип-ғайып, ушырасып атырмыз. Қудайға мың қәтле шүкир. Мына көшеде, жақын жерде, инимниң үйи бар. Сол жерге барсақ, шай-суўы, аўқаты таяр. Келин де өзи шаққан, шыж-пыжды тез таярлайды. Ол жағынан бизди бийабырой етпейди. Инишектиң үйине барайық, шай-пай ишейик, биймәлел отырайық. Бүгин дем алыс күни,-деди, иниси менен келинин мақтап. Майлыбайдың бул гәпин Қойлыбай да шеп көрмеди. Екеўи қолтықласып, иниси Сайлыбайдың үйи таман жол алды.

    Тез-тез дәрўаза қоңыраўының басылыўы, ара-тура қатты-қатты қағылыўы Сайлыбайдың уйқысын шайдай ашты. Ол манаўсырап жүрип, дәрўазаны ашты. Қараса ағасы Майлыбай, жорасы Қойлыбай менен бири-бирине сүйенип тур. Буларды көрип үйине мирәт етти. Жайғасып отырғаннан соң Майлыбай сөз баслап.

    -Ал иним, бизлерден ҳал-жағдай сорама. Шар базарда ушырасып, аз-маз, шаршап қалдық. Келинге айт, бир шыж-пыж таярласын. Бүгин базарға шығамыз, деп түнги ҳаластан кейин ҳеш нәрсе жутпадық, аш болып турмыз,-деди.

    Олардың тап усы гәпин күтип турғандай болып, Сайлыбай тез жуўап қайтарды, -Келиниңиз Рамила Қазанға кетти,-деди.

    -Айттым-ғой Қойлыбай, бизиң келин айпасаң да биледи, шыж-пыжы тез таяр болады,-деди Майлыбай мақтаныш пишин билдирип. Ал, Сайлыбай болса ҳеш нәрсе билмегендей болып, ҳәзир шай-пай алып келейин,- деп орынынан турып асхана таман жүрип кетти. Олар пияз бенен помидордан салат таярлатып, шай-пай ишти. Бир саат, еки саат өтти, қазанға кеткен келиннен дәрек жоқ. Майлыбай бираз үнсизликтен кейин, –Расын айт иним, келин қайда кетти,-деди Сайлыбайға қарап. Сайлыбай болса аўзындағы нанын шайнап отырып,- Айттым-ғой аға, Қазанға кетти,-деди. Сонда Қойлыбай ашыўлы пишин билдирип,- Иним дурысын айт. Бизлер менен ойнама. Ағаңның жорасы боламан. Келинге айт, аўқаты таяр болса алып келсин,- деди.

    Сайлыбай болса бираз мүлайымсып отырып,- Шыны менен келиниң Рамила Қазанға кетти. Сизлер менен ҳәзиллесип отырған жоқпан. Туўрысы, Қазанға кеткени анық,-деди. Сонда Қойлыбайдың ашыўы келип,- Иним қазанға кеткенде қазанды Мойнақтан да алып келетуғын ўақыты болды. Неге бизлерди ирктиң, жолдан қалдырдың. Келин жоқ болса күни менен айтсаң болады-ғой. Келгенимизге еки сааттан өтип баратыр,- деди. Оның бул гәпине Майлыбай бирден сескенди де, бир нәрсе ядынан көтерилгендей болып, ҳәўлирип, аўызы кемсеңлеп Қойлыбайға қарады.

    -Қойлыбай жора, иним Сайлыбай дурыс айтады. Келин төркинлеп Қазанға кеткен усайды. Себеби иним, ертеректе Татарстанда оқып болып, сол жақтан татар қызына үйленген еди. Төркини Қазан қаласында. Қазанға кеткени рас болды. Ол жаққа кетсе бир ҳәптеден соң келеди,-деди тили зорға гүрмелип. Бул гәптиң маңызына кешлеў түсинген Қойлыбай басын төмен ийип, Сайлыбайдан кеширим сорап, Майлыбай екеўи қолтықласып, көшедеги асхана тәрепке жол алды.

    Бийсенбай БЕКМУРАТОВ.
    журналист

    Madeniyat » Ha'zilkesh bo'limi | 08-fevral, 2013 jıl
    Bul bet 2242 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!
    +1


    Соңғы пушайман

    Жүрегиме отлар жаққан гөззалсаң, Жүрдим излериңде пәрўанаң болып. Дедиң, сөзлериме қулақ салмастан, Қалайық ҳәмийше бизлер дос...

    Қәйненелерге

    Ене, келин ортасында, Бир өмирлик даў болар Сол себепли енелерге Айтатуғын сөзим бар....

    Жуўапсыз мухаббат

    Мен сизди сүйемен сүйгеним рас Сиз мени ҳеш қашан сүймесеңизде Күте-күте көзлерим талыпты бираз, Бул дүняға қайта келмесеңизде....

    Жақсы сабақ

    Күнлердиң биринде бай инглис ҳаялы Жонсон ханым туўылған күн кешесин белгилемекши болып, оған бирқанша мийманлар ҳәм бир қосықшыны мирәт етеди. ...

    Қатнаспай қалды

    Әкеси спорт түрлериниң бири бойынша жарысқа қатнасқан балаларының бөлмесине кирип сорады: -Жарысқа қатнасқаныңыз жақсы болды. Нешинши орынды...

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Berdaq ma’ngi jırımız

    Tuwrılap saldın’ sen shayır xatın’dı,
    Aytqan so’zlerin’nin’ qunı altındı,
    Keleshek a’wladlar qa’sterler ma’ngi,
    Berdaq babam umıtılmas atın’dı.

      
    15-aprel, 2013 jıl. 2752 ret ko'rildi


  • Na’zer

    Qıyal jeteledi ayna aldına,
    Ha’m go’zzal ta’biyat na’zerim tarttı,
    Son’g’ı japıraqları qalıp taldın’da,
    Jelkeme turmıstın’ ju’klerin arttı.

      
    16-oktyabr, 2015 jıl. 4411 ret ko'rildi


  • Júreklerde máńgi qalasız

    Jasap atırman áziz Watanda,
    Paraxatshılıq húkim súrgen diyarda,
    Ǵárezsiz, muqaddes ana topıraqta,
    Barlıǵınıń tiykarshısı ózińiz ata.

      
    04-fevral, 2017 jıl. 2030 ret ko'rildi


  • Ha'siretler

    Qonar ma eken adamzat,
    Ig’bal qusım basıma,
    Meni ju’da qıynadı,
    Bul ayawsız du’nya’.

      
    31-mart, 2016 jıl. 3636 ret ko'rildi


  • Аўыл ҳаққында айтыс

    ―Аҳўалың қалай алыстағы аўыллас,
    Қаладағы жерлесиңе хабарлас,
    Мен сорайын аўылдың күн көрисин,
    Айтып берши аўылыңның турмысын.

      
    01-noyabr, 2015 jıl. 2266 ret ko'rildi


  • Сағыныш

    Жылаймызда енди төркинлеп барсақ
    Себеп табылады оннан ғам жемең
    Шаўып тасланыпты сол үлкен терек
    Ҳеш ким керек емес! Керек сол терек!

      
    15-avgust, 2013 jıl. 2459 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Еслейсеңбе

    Еслейсеңбе ҳәр ақшам, жаныңа мен барғаным.
    Қолларыңды мойныма еркелеп сен қойғаның.
    Сенсиз маған өмир жоқ, таслап кетпе мени деп.
    Қайда кетти сол күнлер, жаным айт сен не себеп.

      
    20-yanvar, 2016 jıl. 3532 ret ko'rildi


  • Кел энди

    Эй маҳбубим қаро кўзинг,
    Кўзинг каро дилим яро,
    Кел энди.
    Оҳ моҳвашим, паривашим,

      
    22-aprel, 2013 jıl. 2570 ret ko'rildi


  • Meni aldab jonim ne foyda ko’rding?!

    Men seni jonimdan ham ortiq sevardim,
    Doim birga bo’lamiz deb orzu qilardim,
    Senga sodiq bo’lib doim yurardim,
    Senga o’zgalar kerak men shuni bildim!

      
    12-mart, 2013 jıl. 2725 ret ko'rildi


  • Muhabbatın’nan

    Aspan mısal sheksiz oylarım,
    Boyların’a jetti boylarım,
    Mag’an bolg’an muhabbatın’nan,
    Quyarlıg’ın taptı saylarım.

      
    19-mart, 2013 jıl. 2485 ret ko'rildi


 




Allayar Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
Logikalıq soraw #62
каскадер
Logikalıq soraw #62
Пластелин
Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.