Усы рәўият еске түссе қоңсымыз Турғангүл апаның айтқанлары ядыма түсип, күлким қыстайды.
-Бала не нәрсе көрсе, не сөз еситсе, мейли ол хош хабар болсын, жаман сөз болсын, сыр сақлаўды билмейтуғынлығы анық. Олар сөйлеген сөзиниң ушы кимге барып тийетуғынлығын да сезбейди, бала ғой, бала,-деди ол қолындағы үлкен дәстурханын көтерип, Гүлмурзаның үйине баратырғанлығын айтып.
Оның айтыўынша қоңсысы қоңсысы Гүлмурзаның (көз тиймесин) он үш перзенти бар, үлкен шаңарақ. Олардың үлкени он сегиз жаста болғаны менен кишкенеси бир жаста.
«Балалы үй базар».-дегендей, жолың түсип Гүлмузаникине барсаң, балаларының бири-бирин қуўып, жуўырысып, бири-бири менен гүресип, бақырыс пенен шаўқым, ғаўырлысынан… Қулласы үйинен шығып кеткенше асығасаң, илайым аман болсын,-деди ол сөзин даўам еттирип:
-Ондағы Перихан келинге рахмет деп,- гәп баслады Турғангүл апа және:
-Гүлмурза жумыста болсын, ямаса хызметте узақ сапарында болсын, мийманға кеткенинде де усы перзентлердиң әкеси де, шешеси де өзи. Бүгин көшедеги Шайда келин келин түсирип, шашыў той берди. Перихан да ҳаяллар менен қосылып үйинен шыққан ўақытта балалары Сапар, Тимур, Батырлар изинен ерип шықты. Оларды үйинде қалдырмақшы болған Перихан жолдан қайтып, үйине балаларын киргизип:
-Сизлер үйде қалың, мен тойға бараман. Бармасам уят болады,- десе үшеўи бирден саз даўысқа салып, жылай баслады. Перихан қайда барса, олар да сол жаққа бармақшы. Үш баласы менен Периханды қонақ жайда жақтыра ма, жақтырмай ма, ол жағы балаларына бәри бир. Оларды жубатпақшы болған Перихан:
-Яқшы. Мен ҳәзир тойға бараман. Тойхана бизлерди Сапаштың үйине жиберди. Ал, сизлер болса мени нәрсе көрмегендей, ҳеш нәрсе сезбегендей болып изимнен сол үйге барың. Сапаштың үйинен ақ, баўырсақ, конфеть, нан жейсизлер,-деди.
Сапаштың үйинде Перихан отырар-отырмастан есиктен Сапар, Тимур, Батырлар, биринен соң бири есиктен суғылып, кирип келди. Қонақ жайға бирден сиңисип кеткен балалар аўыл ҳаялларының еркин сөйлесиўине, өсек гәп айтыўына пурсат бермеди. Бири менен бири айқасып, бири-бирин қуўып, бақырысып, шақырысып өтә шықты. Оларға аўыл ҳаяллары тоңқылдап
-Бул кимниң балалары? Ким ертип әкелди?... Бундай жерге балалар менен келгенди қояйық-дә!-деп, тоңқылдасып атыр.
Аўыл ҳаялларының бул сөзлерине қысынған Перихан:
-Жаңа үшеўин де үйге, әжағаларына таслап шығып едим. Билмедим буларды ким шақырғанын, бул жерде не жейтуғынлығын, дегени сол, Сапар менен Темур қосыла:
-Апа, «қойса сондай өтиригиңди». Жаңа ғана өзиңиз, мен Сапаш апаның үйинде боламан, изимнен барарсыз. Баўырсақ, конфета, нан жерсиз,- деп едиңиз. Ҳә демей-ақ, умытып кеттиңиз бе?,-деп, ҳақыйқатын айтып, Периханды қысындырып таслады. Перихан пақыр тойханадан шай да, суў да ишпестен балаларын үйине алып қайтты. Аўылдың ҳаяллары мына дәстурханды Перихан келинге апар-деп, берип жиберди,-деди, Турғангүл апа асығыс түр билдирип.
Шынында да, халқымыз бийкар айтпаған екен. Егер Перихан да халқымыздың усы «Балалы үйдиң урлығы жатпас»,-деген мақалына рәўа қылғанда, бундай қысыныспаға түспеген болар еди.
Бийсенбай БЕКМУРАТОВ.
журналист
Атама саўға
Ө-мириңиз узақ болсын бахтымызға, Т-уўылған күн жаслар қоссын жасыңызға, Е-ркелесин қуўлықларың күлип ойнап, Б-аба болып ертип жүриң...
Жетимниң анасына
Сен де анамысаң гөззал перизат? Бөбек бағып ақ сүт берип көрмеген, Сениң бул жүрисиң шынында уят, Кеўили соқыр ар намысты билмеген....
Соңғы қоңыраў
Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....
Қатнаспай қалды
Әкеси спорт түрлериниң бири бойынша жарысқа қатнасқан балаларының бөлмесине кирип сорады: -Жарысқа қатнасқаныңыз жақсы болды. Нешинши орынды...