Әлбетте, инсанның руўхый көтериңкилик пенен ишки сезим-туйғылардың бирлесиўинде әжайып музыканың сийқырлы тәсири жүдә үлкен орын тутады. Сонлықтан да ата-бабаларымыз әсирлер даўамында музыканың қүдиретин жоқары баҳалаған, өмири даўамында, өз мийнет ҳәрекетлерин, қарым-қатнасықларын музыка тәсиринде әмелге асырған, мақсетлерин бағдарлап барған. Енди болса музыканың нәзиклиги, көркемлиги ҳәм жәмийетте тутқан орны және де кеңейип, беккемленип бармақта.
Музыка үлкен тарбиялық әҳмийетке ийе еркин тараў десек болады. Себеби, жас нәрестеден тартып, нураный қарияларға шекем өзлериниң тәбиятына мас музыканы сүйип тыңлайды, ертеңги күнниң және де жарқынырақ болыўына исеним ҳәм үмит пенен гүреседи.
Греклерде қосықшы Орфей ҳаққында әпсаналар жүдә көп. Онда айтылыўынша, оқжай ҳәм де қылыш, күш ҳәм де ақыл жетпеген ўаққытта Орфей қосықлары жәрдемге келген. Орфей әсбабын қолына алып, оның жағымлы сесине қосылып қосық айтқанда, әлемде таң қаларлық ҳәдийселер болған. Музыкадан сийқырланып, самал жапырақларды шытырлатыўдан тоқтаған, узақтағы таўлар жақынласып келген, теңиз тыншып қалған, жабайы ҳайўанлар уяларынан шығып, әжайып қосықтың артынан жүрген.
Әлбетте, бул бир әпсана, рәўият болса да, оның астарында шынлық бар сыяқлы. Себеби, музыка әлеминиң сырлы дүньясы рәңбә-рең. Онда тас қәлиблерди еритиўши, жаўыз күшлерди қайтарыўшы, кеўиллерди ләрзеге келтириўши қандай да бир күш бар.
Солай екен, музыка - саналы қатнас, нәтийжели мийнет, жоқары кейпият гиреўи бола алады. Музыка күнделикли турмысымызға қаншелли терең сиңип барса, турмысымыз соншелли заўықлы ҳәм мазмунлы болады.
Бирақ, тилекке қарсы бүгинги турмысымызда қайсы музыканың қандай орында тыңлаў кереклигине, қандай ўақытларда музыка сыйқырлы күшке ийе болып, инсанға заўық бағышлаўына ҳәмме де итибар қәрата бермеўи. Мәселен, жөнелисли таксилерде айырым ўақытларда жас шофёрлар сондай бәлент ҳаўазда музыка қояды, жолаўшылардың қайсы мәнзилде түсетуғынлығын қыйыншылық пенен еситеди. Ямаса көшелерде, жәмийетлик орынларда яки болмаса басқа да жәмийетлик транспортларда орынсыз шаўқым пайда етиўши музыкаларды бәлент ҳаўазда қойыў әтираптағылардың ғәзебин келтириўден басқа ҳеш нәрсеге жарамайды. Бундай пайытларда ҳәттеки жақсы музыкалар да басқаларға жағымсыз еситилиўи мүмкин. Бирақ сонны умытпағанымыз жөн ҳәр қандай музыканың жаратылыўы қайсыдур инсанның тынымсыз мийнети, үлкен тәжирийбеси ҳәм дөретиўшилик күши арқасында дөретилген. Сонлықтан да, оның қуны ҳәм баҳасына дурыс баҳа бериў ушын, ҳәр бир инсанда музыка мәденияты қәлиплескен болыўы керек. Әлбетте, өмиримизге мазмун ҳәм заўық бағышлаўшы иләҳий күшке ийе болған музыкалардың әҳмийетин дурыс баҳалайық, оларға дурыс қатнас жасайық.
Есемуратова Сахибжамал.
8 iyun, 2013 jıl
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....
Ана тилиме
Дүньяда миллет көп, тиллер ҳәр түрли, Оларды түсиниў қыйынды бәлки, Бирақта өз ана тилиңди билсең, Ҳәммесинен үлкен мәртебе усы....
Бул жүрисиң қай жүрис заманлас!
Ҳәзирги күнде жаслар арасында кеңнен таралып атырған ҳәр түрли түсиниксиз ҳәм тек ғана шаўқымнан ибарат болған музыкалар, инсанлар...
Узын жолда жалғыз жүрип бараман...
Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....
Биринши муҳаббат
Бир кун келип белден мәдар талады, Бәҳәрде ашылған гул де солады, Бул дуньяда ҳеш ким қалмас бирақ та, Биринши муҳаббат мәңги қалады....