Bul mobil menyu orni/ testing....


    Отажон Худойшукуров дөретиўшилигинен (фото)
    “Амударьяның арғы жағасында теңлеслеринен өзиниң Қудай берген таланты, ширели ҳаўазы менен ажыралып туратуғын, талантта теңи жоқ бир жигит бар. Көркем-өнер бостанының ертеңги бүлбили де, мақтанышы да усы жигит болады. Оның даўысындағы имканият шексиз ҳәм шегарасыз”. Бул ардақлаў сөзлери атақлы көркем-өнер ийеси Комилжон Отаниёзов тәрепинен 1970-жылда айтылған еди.

    Отажон Худойшукуров дөретиўшилигинен (фото)

    Устазының бул гәплери оңынан келди. Атажан Худойшукуров 50 жыл ғана өмир сүрген болса да, тирилигинде аты әпсанаға айланған қосықшы еди. Ол Өзбекистан, Түрикменистан, Татарыстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти сыяқлы атақларға ийе болды. Туўылған мәканы Төрткүлде дөретиўшилик етип, аўылда жасаған болса да дүньяға танылыў мүмкинлигин дәлийллей алды. Яғный батыста кеңнен тарқалған «Талантлылар аўылда туўылып, Парижде қайтыс болады», деген қағыйданың надурыс екенлигин өз өмири мысалында дәлийллеп берди.

    Отажон Худойшукуров дөретиўшилигинен (фото)

    Атажан Худойшукуров 1944 жылы 4-октябрьде Төрткүл районында туўылды. Балалығында мектепте, кейин болса, район ҳәм Қарақалпақстан Республикасы бойынша өткерилген түрли таңлаўларда қатнасып, жаслығынан елге танылған қосықшы болып жетилисти. Сонлықтан оны 19 жасынан баслап Бердақ атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик филармониясына жумысқа қабыл етти. 1972-90 жылларда филармонияға қараслы «Әмиў толқынлары» ансамбилинде көркемлик жетекши басшысы болды.

    Отажон Худойшукуров дөретиўшилигинен (фото)

    Отажон Худойшукуров дөретиўшилигинен (фото)

    1960-жылларда Атажанның дайысы Юлдош аға оған биринши устаз болды, соң ол рубап шертип қосықлар айта баслады. Дайысы Юлдош Оллашукуровтың досты, атақлы қосықшы Комилжон Отаниёзов Атажандағы көркем-өнерге болған ықласын сезип, оны шәкиртликке алады.

    Отажон Худойшукуров дөретиўшилигинен (фото)

    Отажон Худойшукуров дөретиўшилигинен (фото)

    Отажон Худойшукуров дөретиўшилигинен (фото)

    Отажон Худойшукуров дөретиўшилигинен (фото)

    14 жасынан баслап ол Төрткүл, Нөкис ҳәм Ташкент қалаларында өткерилген иләжлар, той кешелери ҳәм ҳасыл байрамларына белсене қатнасады. 1964 жылдың гүз айларының биринде Үргенишли телеоператор Ғанижон Дўстжоновтың үйинде мийманда болады. Ол Атажан менен танысып, оның қосықларынан заўықланады. Солай етип “Қўш соҳил булбули” атамасындағы көрсетиўде бир неше қосықларын атқарып шығады. Оны тек ғана Төрткүл емес, ал Үргениш ҳәм Хорезм телевидениесин көретуғын Түркменистанға да даңқы шықты.

    Отажон Худойшукуров дөретиўшилигинен (фото)

    Отажон Худойшукуров дөретиўшилигинен (фото)

    Отажон Худойшукуров дөретиўшилигинен (фото)

    Отажон Худойшукуров дөретиўшилигинен (фото)

    Отажон Худойшукуров дөретиўшилигинен (фото)

    Отажон Худойшукуров дөретиўшилигинен (фото)

    Отажон Худойшукуров дөретиўшилигинен (фото)

    Ол 24 жасында «Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен артист» атағына ийе болды. Ал 26 жасында «Қарақалпақстан халық артисти», 30 жасында Ҳамза атындағы Мәмлекетлик сыйлықтың лаўриатына айланды. 1977 жылда болса «Өзбекистан халық артисти» атағы менен сыйлықланды. Сол ўақытлары ол миллионлаған көркем-өнер ықласбентлериниң қосықшысына айланып үлгерди. 1981 жылда Татарыстанда өткерилген «Қарақалпақстан әдебияты ҳәм көркем өнери декадасын»да белсене қатнасып, «Татарыстан халық артисти», 1994 жылдың бәҳәринде болса, «Түрикменистан халық артисти» атақлары менен сыйлықланды.

    Отажон Худойшукуров дөретиўшилигинен (фото)

    Отажон Худойшукуров дөретиўшилигинен (фото)

    Отажон Худойшукуров дөретиўшилигинен (фото)

    Атажан Худойшукуров 1994 жыл 22 декабрьде – 50 жасынан азғана ўақыт өтип бул жарық әлем ҳәм мухаддес көркем-өнер бостаны менен мәңгиге хошласты. Бирақ оннан өшпес естеликлер ҳәм ҳүрметлерге мүнәсип жақсы ат қалды. Ол ел-халықтың кеўлинен, миллионлаған қосық ықласбетлериниң жүрек төринен мүнәсип орын ийеледи. Атажан Худойшукуровтың естелиги ҳәм аты мәңгилестирилди. Өзи туўылып өскен Төрткүл районында бир көше, районлық мәденият сарайы Атажан Худойшукуров аты менен атала баслады. Елликқала районының Мәденият сарайына да, көркем-өнер колледжине де Бостан қаласының көшелериниң бирине де Атажан Худойшукуровтың аты берилди.

    Отажон Худойшукуров дөретиўшилигинен (фото)

    Отажон Худойшукуров дөретиўшилигинен (фото)

    Отажон Худойшукуров дөретиўшилигинен (фото)

    Отажон Худойшукуров дөретиўшилигинен (фото)

    1999 жылдан баслап Бостан қаласында Өзбекистан Республикасының Мәденият ҳәм спорт ислери министрлиги ҳәмде Елликқала районы ҳәкимлиги басламасы менен ҳәр еки жылда бир мәрте жас қосықшылар ҳәм дәстүрли атқарыўшылардың «Атажан Худойшукуров атындағы көрик-таңлаўы»н өткериў дәстүрге айланды. Бул таңлаўларда жас талант ийелери, өзлериниң уқып ҳәм көркем-өнерин кең ен жайдырмақта. 30 дан артық талантлы атқарыўшылар көрик таңлаўдың жеңимпазлары болды. Елликқала районында «Атажан Худойшукуров атындағы Халықаралық фонд» шөлкемлестирилди. Буның нәтийжесинде көплеген ийгиликли ислер әмелге асырылып, жамғарма басламасы менен жас бақсылар, жас қосықшылар, сүўретшилер, өнерментлер, жас операшылар, халық фолклор атқарыўшыларын қоллап қуўатлаў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылды.

    Отажон Худойшукуров дөретиўшилигинен (фото)

    Отажон Худойшукуров дөретиўшилигинен (фото)

    Өзбекистан Қәҳәрманы, халық шайыры Ибрайым Юсупов Атажан Худойшукуров ҳаққында мынандай баҳалы пикирлерди билдирген еди: «- Атажанның мухаббат, садықлық ҳәм дослық, ана-журт ҳаққындағы қосықларын тыңлаған сайын дүньяға жаңадан келгендей, жаңаша әлемди жаратқандай боласаң. Жүрегиңде муҳаббат сезими енди урып атырғандай, кеўлиң мине усы сыйқырды сезимлер менен бирге өзиңде сезинесең. Және бир гәп: Орта Азияда оның бүлбилдей даўсы ҳәммеге бирдей таныс ҳәм қәдирдан еди. Әсирлер даўамында сондай болып қалады…»

    Отажон Худойшукуров дөретиўшилигинен (фото)

    Отажон Худойшукуров дөретиўшилигинен (фото)

    Отажон Худойшукуров дөретиўшилигинен (фото)

    Отажон Худойшукуров дөретиўшилигинен (фото)

    Жақсыдан атта, бағда қалады деп бийкар айтылмаған екен! Атажан Худойшукуровтан болса, шынында да, жақсы ат пенен бирге жүзлеген кеўилге қонымлы мақамлар, қосықлар, мийрас болып қалды. Бул бийбаҳа мийраслардың өмири болса, гүмансыз мәңгилик болады. Ҳақыйқаттан да, Атажанның өмири, көркем-өнер әлеминдеги тынымсыз искерлиги, оның адамгершилиги, бир-биринен әжайып пазыйлетлери, дөретиўшилик усылы ҳәм излениўлери, басып өткен жоллары ҳаққында бир неше китап ҳәм дәстанлар жазыў мүмкин.

    Foto, Elimizde, Megablog bo'limi | 03-noyabr, 2017 jıl
    Bul bet 2580 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!
    +2


    Өз тилинди умытпа!

    Ана тил-қатнасық, молшылық табыс, Ана тил-қанаат ар менен намыс, Ана тил-сын сыпат, мисли бир нағыс, Қайда болсаң, өз тилиңди умытпа....

    Көзлериң жас төкпесин!

    Қыял еткен арзыўларың әрман болса, Жас кеўилиң ҳәсиретлерге толған болса, Сен исенген ҳақыйқат-ол жалған болса, Өтинемен, көзлериң жас...

    Сахнадан өмирлик жупқа айланған көркем-өнер х ...

    “Даракчи” газетасы Өзбекистан көркем өнер жупларының өзине тән рейтингин дүзип шықты деп жазады kun.uz сайтына силтеме берип daryo.uz сайты. Бул рейтингнен орын алған жуплар...

    Қарақалпақстанлы 135 жаслы Тоты апа Юсупова дүньяда ...

    Төрткүл районында жасаўшы Тоты апа Юсупова 135 жасында дүньядан өтти. Планетамыздағы ең жасы үлкен апа Тоты Юсупова 1880 жылы Төрткүл районында туўылған. Ол...

    Дыққат, миллий дуэт

    Қарақалпақ миллий эстрадасында жаңаша стильдеги дуэт дүньяға келди. «Китапқумарлар байрамы» таңлаўының «Шығармалардан жаралған намалар» шәрти ушын...

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Taqdirga murojaat

    Taqdir senga bir savol agar kelmasa malol,
    Aytib bergin avvalim oxirim ham azalim,
    Kechmishimda nelar bor menga qay ishlar dushvor,
    Mushkuloting qay zamon bu jonni qo’yib omon.

      
    27-dekabr, 2014 jıl. 2388 ret ko'rildi


  • Ko'z-qaras

    O'mir misli ag'ar da'rya,
    Ko'z aldın'nan o'tip keter,
    Ku'sh-g'ayratı jetken g'ana
    Ko'pir salıp qorıqpay o'ter.

      
    29-iyul, 2015 jıl. 76606 ret ko'rildi


  • Қәйненелерге

    Ене, келин ортасында,
    Бир өмирлик даў болар
    Сол себепли енелерге
    Айтатуғын сөзим бар.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 4678 ret ko'rildi


  • Қара көзлерим

    Мөлдир қара көзлерде,
    Жүрек сыры бар еди.
    Сол жүреклер түбинде,
    Әрмәнлар қабат еди.

      
    19-aprel, 2013 jıl. 3098 ret ko'rildi


  • “O’mir”

    O’mirsharqpalegi tınbas heshbir dem,
    Ku’n izinen ay ha’m jıllarda keler,
    Bul bir bes ku’nlik du’niya der,
    Hey insan! Baxıtın’ talpınsan’ keler.

      
    12-aprel, 2013 jıl. 1862 ret ko'rildi


  • Bobojon

    Yuragimda to’la faxr iftixor
    Ollohimga bo’lsin shukurlar ming bor…
    Sofdil qalbi tiniq,suvday beg’ubor,
    Baxtliman,dunyoda sizday bobom bor!!!

      
    29-iyul, 2015 jıl. 1557 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Sevib sevilish xayot qonuni!

    Bu dunyodan hech kim yolg’iz o’tmasin
    Buni hatto dushmanimga ko’rmasman ravo
    Baxtsizlik hech kim qo’lidan tutmasin
    Kelsa ham baxtsizlik lek qilmang parvo!

      
    12-mart, 2013 jıl. 2668 ret ko'rildi


  • Mendegi sezim máńgilikke turmadı

    Mendegi máńgi sezim máńgilikke turmadı,
    Seniń bul qılǵan isteriń júregimdi tırnadı,
    Ortamızdaǵı sezimdi ayrılıqpen joq qıldıń,
    Ilajım joq meniń seni ózgege tapsırdım.

      
    22-yanvar, 2017 jıl. 2157 ret ko'rildi


  • Келгин

    Кел,мунисим, ёнимга,
    Фироқ тегди жонимга,
    Оқшомлари ишқ майи
    Оғу қўшди қонимга.

      
    09-dekabr, 2015 jıl. 1717 ret ko'rildi


  • Қыялдағы сулыўға

    Неге түслериме тез тез енесең,
    Мүмкин аңсадым мен ақ дийдарыңды,
    Сонша күттим ушырасыўға келмесең,
    Қурғыр жүрек шыдатпайды сабырымды.

      
    20-noyabr, 2015 jıl. 1872 ret ko'rildi


 




Allayar Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
Logikalıq soraw #62
каскадер
Logikalıq soraw #62
Пластелин
Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.