Bul mobil menyu orni/ testing....


    Теңсиз муҳаббат ҳәм садықлық тымсалы
    Танысларым қанша? Сорадым өзимнен,
    Маған жуўап берди парлаған қуяш.
    «Мениң нурым енген ҳәмме жер таныс,
    Оннан нәр алғанның бәри-туўысқан».

    Әдебият – бул үлкен бағқа мегзес. Қосық-мине, усы бағдың татлы мийўасы. Шайыр болса, бағды жаратыўшы, яғный бағман. Шайырдың жанға жағымлы әпиўайы ғана сөзи инсан кеўлин гөззаллыққа, өмирин шадлыққа бөлеўи мүмкин. Сөздиң қүдирети алдында бәршемиз бас ийемиз. Себеби,дүнья жаралыўына тийкар деп сөзди атасақ болады. Сөз арқалы пүткил адамзат манаўиятына тәсир ете алатуғын әдебиятымыздың зәбердес ўәкили- шайырлар есапланады.

    Шайырлық- тәғдир. Оның өмири әпиўйы инсан өмиринен парықланады: онда ашшы ҳәм аўыр демлердиң санағы шексиз. Лекин, ашшы ҳәм аўыр демлери оны көклерге көтерип, поэзия ықласбентлери мехри менен тарийх бетлерине мөҳирлейди. Ол усы демлери менен уллы ҳәм ардақлы. Ақ қағазға кеўил мүлкинен дөреген илаҳий сөз маржанларын төгип салыўдай бахыт шайырға алла-таала тәрепинен илҳам перилери жәрдеминде инам етиледи. Оны әдебий орталық тәрбиялайды ҳәм камалга келтиреди.

    Мине, Өзбекстан деп аталған жәннет мәкан диярдың сакый тәбиятын, кең пейил инсанларын жәҳәнге танынқан пидайы, жанкүйер әжайып талант ийеси Зулфия Исраилова халқымыздың ең сүйикли шайырларынан есапланады.

    Ол 1915-жылдың 1-март сәнесинде Ташкент қаласында өнермент шаңарағында дүньяға келеди. Дәслепки дөретиўшилиги 1932-жылы «Өмир бетлери» атлы қосықлар топламына жыйналып баспадан шығарылады.Буннан соңғы дөретиўшилик мийнетлери «Қызлар қосығы» (1938), «Ҳижранлы күнлерде» (1944), «Мен таңды жырлайман» (1953), «Жүрекиме жақын адамлар» (1958), «Улым,сирә урыс болмайды урыс» (1965) ҳәм басқа да топламларда бериледи.

    Зулфия қалдырған әдебий мийрас тек ғана өзбек халқының емес, ал, туўыскан халықлардың да өтмишин, бүгигин ҳәм келешегин сәўлелендириўши бийбаҳа ғәзийне десек қәтелеспеймиз. Себеби белгили рус шайыры Екатерина Шевелеваның «Зулфия Хиндистан, Бирма. Шри-ланка, Мыср халықларына жақсы танылған шайырларымыздың бири»-деген пикири буны тастыйықлайды.

    Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры қарақалпақ поэзиясының сөнбес жулдызы И.Юсупов Зулфияның заманласларының еске түсириўлери жәмленген «Таңның өзиндей пәк ҳәм жақтылы» (2006) атлы китапта Зулфия ҳәм оның машақатлы дөретиўшилиги туўралы өзиниң еске түсириўлеринде былай дейди: «Зулфия дәўиринде көп ғана белгили шайыр хаяллар болды. Лекин ҳеш бири Зулфиядай белгили ҳәм атақлы бола алмады. Зулфияның шайырлық ҳаўазы дүнья кеңликлери бойлап жаңлап еситиледи».

    Ҳақыйқатында да, Зулфия тымсалында ҳақыйқый өзбек ҳаялын ҳәм көркем сөз зергерин көрген бул тарийх оны ҳеш естен шығармайды.

    Өмирлик жолдасы Ҳамид Алимжанның мезгилсиз өлиминен соң перзентлерине ҳәм ана, ҳәм ата болып тәрбиялайды. Айраллықта кешкен өмирин ол өз қосықларына көширген.

    Әйнегимниң алдында бир түп,
    Ерик аппақ болып гүлледи,
    Ол оятты қайғымды түртип,
    Гүл емес ол, дәртлерим еди.

    Сум айралық мийрими жоқ жаў,
    Жаплын екен жанды шарпыған.
    Сен сығалап турғандайсаң-аў,
    Гүллеп турған ерик артынан,

    -деп шайыр өзиниң «Ерик гүллегенде» атлы қосығында бар ғам-қайғысын, ҳәсиретин өзиниң шексиз муҳаббаты менен баянлайды. Басына тускен ҳәр қандай мусийбетти мәртлиги, таўдай беккем сабырлылығы менен жеңип өткен ол - опадарлық ҳәм садықлық тымсалына айланды.

    Ана ели ушын аямайды жан,
    Ўатан да ананы сүйер, ардақлар,
    Бизди еркелеткен ана қойнынан,
    Шөлге шәмен питип,қулпырар бағлар.

    -бул қатарлар арқалы шайыр «Ана»ның жанлы картинасын сызыўға ҳәм соның менен бирге хақыйқый келбетин сәўлелендириўге ҳәрекет етеди. Зулфия дөретиўшилигинде жанлы тема –ҳаял ҳәм оның елине, ярына, перзентлерине болган садықлығы болып табылады.

    Әсиресе, ол өзиниң «Келиншек» қосығында кызлардың арзыў-тилеклерин шеберилик пенен ашып бере алған:

    Аппақ той липасы саган жарасып,
    Сумбил шашларыңа самал еркелер,
    Жас жигитлер жымыңласып қарасып,
    Сени «Аўылымыздың жаңа көрки» дер.

    Бул көзлер өмиринше күлгей илайым ,
    Бәҳәрлер жолыңа шашқай гүл шешек,
    Усы жаслық өмириң,усы шырайың,
    Солыўды билмегей сулыў келиншек!

    Әлбетте, сыр емес ҳәр бир қыздың өмириндеги ең татлы ҳәм бахытлы деми бул- оның ақ липаста келиншек атанып босағаға ийилип кирген мәўрити саналады. Жақсы келин, опалы яр, мехрибан ана- келтирилген буныңдай инсаныйлық пазыйлетлерди бойында жәмлеген ҳәр қандай ҳаял, бахытлы. Ҳаял кеўлиндей пәк, гөззал ҳәм нәзик нәрсе болмаса керек.Ол ҳәттеки ашыўының ең бийик шыңына жеткенинде де мулайым, көрген көздиң жаўын аларлықтай шырайлы болып қала береди.

    «Гөззаллық дуньяны қутқарады»-деген еди белгили рус жазыўшысы Достоевский. Дүньяның бар гөззаллығы ҳаял-кызларда жәмленген. Демек, ҳаял бар екен, өмир гөззал, турмысымыз абат. Зулфия өзиниң қәлеминен дөреген кеўилге қонымлы, жүрекке жақын сөзлери арқалы кеўиллерге илаҳий нур шаша алған талант ийеси.Оған 1965-жылы Өзбекстан халық шайыры атағы берилди.1967-жылы «Неру» атындағы, 1970жылы Нилуфар атлы халықаралық сыйлықлардың лауриаты болды.1972-жылы I дәрежели Кирилл ҳәм Мефодей орденин қолға киргизди.1984-жылы «Мийнет қаҳарманы» болды ҳәм усы жылы Хамид Алимжанның «Семург» дәстаны тийкарында пьеса-ертек жазады. Зулфия 1996-жылы 81 жасында бул жарық әлемнен көз жумды. Шайырдың туўылғанына быйыл 98 жыл толды, пүткил халқымыз бул күнди байрамлаў ҳәм шайырды еслеўди дәстүрге айландырды. Әдебиятты саҳна деп алатуғын болсақ, ҳәр бир дөретиўши мине усы теберик саҳнада әсирлерге татырлық образ жаратыўға ҳәрекет етеди.

    Зулфия Исраилова да өзине сай образ жарата алған шайыр сыпатында бүгинги ҳәм ертеңги әдебиятымызда сақланары анық.

    Бүгин шайыр арамызда жоқ болыўы мүмкин, лекин ол қалдырған қунлы дөретпелери өзиниң шын ықласбентлери қәлбинде еле қанша әсирлер аса өмир сүреди.Зулфия- теңсиз муҳаббат ҳәм садықлық тымсалы.


    Әдебиятлар:
    1.Каримов И.А. Юксак маънавият-енгилмас күш. Тошкент. 2008-ж.
    2. Юсупов И. Әлемди пәкледи жүректеги нур. //Ўзбекистон адабиёти ва саънати. 3-март. 2011й.
    3.Зулфия. Шьерлари. Тошкент. 2007 й.


    Гүлжаҳан Сейтназарова
    Журналистика тәлим бағдары 2-курс студенти

    Megablog bo'limi | 31-mart, 2013 jıl
    Bul bet 2398 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!

    Соңғы пушайман

    Жүрегиме отлар жаққан гөззалсаң, Жүрдим излериңде пәрўанаң болып. Дедиң, сөзлериме қулақ салмастан, Қалайық ҳәмийше бизлер дос...

    Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...

    Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....

    Узын жолда жалғыз жүрип бараман...

    Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....

    Биринши муҳаббат

    Бир кун келип белден мәдар талады, Бәҳәрде ашылған гул де солады, Бул дуньяда ҳеш ким қалмас бирақ та, Биринши муҳаббат мәңги қалады....

    Өзбекстаным

    Бәҳәр келсе қусқа толы көллериң, Сулыў сәнге бөленеди жерлериң, Татлы ийис таратады гүллериң, Гөззаллықта теңсиз Өзбекстаным!...

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Өмирим бәҳәри-әкем ҳәм анам

    Ата-ана өмирдиң гүли емеспе?
    Олар алтын қуяштың нуры емеспе?
    Жаратыўшы тәбияттың күни емеспе?
    Өмирим бәҳәри-әкем ҳәм анам!

      
    26-oktyabr, 2015 jıl. 2311 ret ko'rildi


  • Qutlıqlaw: Ziywarg’a

    Ju’zlerin’ jadırar ba’ha’r tan’ınday,
    Ba’ha’r samalınday jipek minezin’,
    On tog’ız ba’ha’rin’- jaslıq shag’ın’da,
    Baxıttın’ bag’ında ashılar gu’lin’.

      
    17-aprel, 2013 jıl. 2381 ret ko'rildi


  • Аҳд

    Дунё иморатин битта ғишти кам,
    Бир кемтик ўрнида армон яралган.
    Бугуннинг бағрига сингиб кетсин ғам,
    Мен бугун шу ғамлар учун ёзаман.

      
    20-dekabr, 2015 jıl. 1987 ret ko'rildi


  • Миллионлар ишинде жалғыз еди ол

    Поезияда өшпес жулдыз атанып,
    Шайырлықта жүдә сөзлери талып,
    Тилинде бәрҳәмә жырланып халық,
    Миллионлар ишинде жалғыз еди ол.

      
    20-noyabr, 2015 jıl. 2069 ret ko'rildi


  • Дард … (Суриялик гўдак ҳақида)

    Ерни суйиб ётган юзингдан сенинг,
    Қисматинг бағримни ёқди, болажон.
    Баxтни кўролмаган кўзингда сенинг,
    У малъун кимсалар йўқ бўлар қачон?

      
    27-noyabr, 2015 jıl. 1770 ret ko'rildi


  • Júreklerde máńgi qalasız

    Jasap atırman áziz Watanda,
    Paraxatshılıq húkim súrgen diyarda,
    Ǵárezsiz, muqaddes ana topıraqta,
    Barlıǵınıń tiykarshısı ózińiz ata.

      
    04-fevral, 2017 jıl. 2031 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Muhabbatın’nan

    Aspan mısal sheksiz oylarım,
    Boyların’a jetti boylarım,
    Mag’an bolg’an muhabbatın’nan,
    Quyarlıg’ın taptı saylarım.

      
    19-mart, 2013 jıl. 2486 ret ko'rildi


  • Ўтинч

    Ҳижрон карвонига қўшилганча жим,
    Бечора муҳаббат кетиб боряпти,
    Ортидан термулиб ёнмоқда ичим,
    Соғинчлар азадор бўлиб қоляпти.

      
    09-dekabr, 2015 jıl. 1953 ret ko'rildi


  • Umrbod sevaman!

    Vadalarni berib berib kuydirib ketding,
    Orzularim armon qilib maqsatga yetding,
    Ishon qattiq sevgandim seni,
    Umrbod sevaman buni bilsayding!

      
    18-mart, 2013 jıl. 2806 ret ko'rildi


  • Иләҳий сезим

    Мухаббат бул-иләҳий сезим,
    Қашан келер буны билмейсең,
    Қыялыңды жаўлаған жигит,
    Сөз салғанда көзге илмейсен.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 2270 ret ko'rildi


 




Allayar Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
Logikalıq soraw #62
каскадер
Logikalıq soraw #62
Пластелин
Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.