Bul mobil menyu orni/ testing....


    Ярамазан айта келдим есигиңе
    Ҳәр қандай елдиң миллеттиң миллий мәденияты тарыйхы, салт-дәстүрлери сол халықтың басқа халықлардан миллий өзгешелигин белгилейди. Сондай-ақ, халықлардың терең тамырларға барып тақалатуғын әдебият деп аталған айнасыда миллеттиң ҳақыйқый келбетин, дәстүрлерин ҳәттеки халықтың минез қулқында қөрсетип бере алады. Сонлықтанда өзбек әдебиятының қөрнекли ўәкили Шолпан “Әдебият жасаса миллетте жасайды” деген даналық гәпти айтып өткен.

    Бизиң қарақалпақ әдебияты мине нешше мың жыллардан берли әсирден-әсирге әўладдан-әўладқа жетип раўажланып келмекте. Ең әййемги дәўирлерден бизге шекем жетип келген сөз ғазийнеси саналған фолклорымызда қарақалпақ әдебиятында тутқан орны айрықша. Қ.Мақсетовтың 1996-жыл шыққан “Қарақалпақ халқының қөркем аўызеки дөретпелери” атлы мийнетинде фолклорымыздың бир нешше түрлерге бөлиниўин үйренип шыққанымызда әсиресе балалар ушын фолклордың әҳмийети үлкен екенлигин сезиниўимизге болады. Себеби қосықлар, жумбақ жаңылтпаш нақыл-мақаллар ҳәм ертек әпсаналар балалардың руўхый дүньясының кеңейиўинде сондай-ақ пикирлеў дәрежесиниң жоқары болыўына түртки болары анық.

    Усындай мийрасларымыздың бири бүгинги күнге шекем жетип келген “Ярамазан” қосығы. Ярамазанның түп мақсети мусылманлар байрамы “Қурбан ҳайт ” ҳүрметине ислам дининиң шәртлерин нәсиятлаўшы ҳәм пайғамбарларды мақтаўға арналған.

    Бул қосық ҳәр дәўирге сай түрде өзгерип айтылған. Деген менен оның тийкарғы мақсети ҳәм ўазыйпалары жоқарыда келтирип өткенимиздей ислам дини шәртлерин түсиндириў сол тийкарда шаңарақларға тилеклер айтып, ҳүрмет иззет қөрсетиў есапланады. Мәселен,

    Ярамазан айта келдим есигиңе,
    Қошқардай ул берсин бесигиңе,
    Тағысын тағы берсин несийбеңе,
    Муҳаммед үмметиңе ярамазан.


    Бүгинги дәўиримизге келипте ярамазан кишкене балаларымыз тәрепинен ҳәр жылы белгиленетуғын “Ораза ҳайт” “Қурбан ҳайт” байрамларында шаңарақларға айтылып келмекте.

    Бирақ олардың айтқан қатарларына итибар менен қулақ түрсек оның түп мазмуны жоғалып кеткендей сезиледи яғный динди мусылманшылықты, пайғамбарларды нәсиятлаўшы сөзлерди ушыратпаймыз.
    “Заманагөй ярамазан” лардың мазмунын балалардың өзлериде тўсинбейтуғын биймәни тўсиниксиз сөзлер қурайды.

    Ҳақыйқаты олардың тийкарғы мақсети сол шаңараққа тилек билдириў яки динди ҳүрмет етиү емес керисинше бир еки аўыз сөз қурап “заманагөй ярамазан” арқалы пул табыў. Мәселен,

    Ақ ақ ақтан келдим,
    Шымбайский жақтан келдим,
    Ақша берсең үйип бер ,
    Тийин берсең түйип бер,
    Ақша берсе ярамазан.

    Сондай-ақ, ярамазанды таң азаннан баслап айтып келиўиде надурыс. Өйткени кеш қурын айтылыўы ҳәм дус келген үйлерге айтпастан тийкарынан дайы тәреплерге ҳәм қурдаслары үйлерине айтылыўы керек екен.

    Ярамазанның және бир шәрти сыйлық бериў. Сыйлық ҳәр бир айтыўшыға бериле берместен оның сөзине мәнис мазмунына қарай берилген.

    Ал базыда кишкене балалардың кеўлин шөктирмеў мақсетинде сыйлық
    берсең олар тилек билдириў қатарларында билмейди. Ең аянышлысы алған
    пулға таласып ҳәттеки мушласып атырғанларғада гуўасы боламыз.

    Биз бундай жағдайларға итибарсызлық пенен майда машқала сыпатында қарамаўымыз керек.

    Өсип киятырған жас әўдәдларға өтмиш тарыйхымызды, фолклорымыздың тәрбиялық әҳмийетин түсиндириў ислерин ата-аналар мектеп тәлим тәрбия орайлары пүткил жәмәәтшилик еледе жеделлестирип итибар менен алып барсақ мақсетке муўапық болар еди.

    Демек, ата-бабаларымыздан бизге шекем жетип келген салт дәстүр жырларымызды фолклорлық шығармаларымыздың тийкарғы идея ҳәм мазмунын келешек әўладқа тәрбиялық тийкардағы баҳалы байлығымыз сыпатында сап қәлпинде жеткерейик. Руўхыйлықты қалиплестириўде тийкарғы күш әдебиятты тарыйхты үйрениўден басланады.


    ҚМУ журналистика тәлим бағдары 2-басқыш студенти
    Ҳүрлиман НУРЖАНОВА.

    Megablog bo'limi | 29-mart, 2013 jıl
    Bul bet 2765 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!
    +2


    Атама саўға

    Ө-мириңиз узақ болсын бахтымызға, Т-уўылған күн жаслар қоссын жасыңызға, Е-ркелесин қуўлықларың күлип ойнап, Б-аба болып ертип жүриң...

    Қарақалпақстаным

    Қ-ушағыңда туўылып камалға келдим, А-на сүтин емип тәрбия көрдим, Р-еспубликам жасларды қоллар мудамы, А-лла көз тиймесин бахтыма мениң....

    Жигит журты

    Ер жигиттиң үш журты бар деседи, Дайы журты ,қәйин журты,өз журты, Ата сораўыма жуўап берсеңиз, Ең ишинде жағдайлысы қай журты?...

    Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...

    Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....

    Ана тилиме

    Дүньяда миллет көп, тиллер ҳәр түрли, Оларды түсиниў қыйынды бәлки, Бирақта өз ана тилиңди билсең, Ҳәммесинен үлкен мәртебе усы....

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Sayr etmoqchiman...

    Istaklar ko’ngilda ochilgay go’yo,
    Men masrur ko’ngilning sho’x kulgusiman,
    Bo’ston ko’p, har biri o’zga bir dunyo,
    Men nazm bo’stonida sayr etmoqchiman.

      
    29-iyul, 2015 jıl. 1759 ret ko'rildi


  • Хош ҳаўазлым - дуўтарым.

    Әсирлердиң гүўасы,
    Бабалардың мийрасы,
    Саз-әсбаптың сарасы,
    Сайра дуўтар, дуўтарым.

      
    12-may, 2013 jıl. 1953 ret ko'rildi


  • Dostım

    O’zin’ ba’ha’rimnin’ jasıl iren’i,
    Sag’ınıshlı gu’zdin’ en’ tatlı demi,
    Ashıwın’ qıstın’ bir ayazlı ku’ni,
    Pasıl ma’writindey dolang’an dostım.

      
    26-mart, 2014 jıl. 2099 ret ko'rildi


  • Дард … (Суриялик гўдак ҳақида)

    Ерни суйиб ётган юзингдан сенинг,
    Қисматинг бағримни ёқди, болажон.
    Баxтни кўролмаган кўзингда сенинг,
    У малъун кимсалар йўқ бўлар қачон?

      
    27-noyabr, 2015 jıl. 1770 ret ko'rildi


  • Бәҳәр

    Бәҳәр келди елиме көклем мәўсими,
    Тәбият уйқыдан оянып атыр.
    Тереклер бұртиклеп жер бети көклеп,
    Әлем ҳасыл липасқа боянып атыр.

      
    17-aprel, 2013 jıl. 2849 ret ko'rildi


  • Kegeyli

    Men o’zge a’lemde ju’rgendeymen-aw,
    O’mir go’zzallıg’ın bilgendeymen-aw,
    Du’nyag’a tap ha’zir kelgendeymen-aw,
    Gu’zde sulıw ko’rinesen’ Kegeyli.

      
    17-aprel, 2013 jıl. 2288 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • O’n sakkiz yoshim

    Senga ming rahmat o’n sakkiz yoshim,
    Sevgi sirlari ham qotirar boshim,
    Belgi ber bilarmisan, sen kursdoshim,
    Ne qilsam, sevarsan, ey bag’ritoshim,

      
    22-aprel, 2013 jıl. 1904 ret ko'rildi


  • Сени соғиниб…

    Юрак сарҳадларининг энг олис нуқтасида,
    Армонлар макон қурган маҳзунликнинг пастида,
    Висол онлари кечган xотиралар қасдида,
    Соғиниб яшаяпман,сени жоним соғиниб…

      
    02-dekabr, 2015 jıl. 1985 ret ko'rildi


  • Мухаббатым

    Жүзлериңди еркелеп ҳеш сүйеалмадым.
    Көзлериңе телмирип ҳеш тоялмадым.
    Күлимсиреп турғаның умыталмадым.
    Әрман болып қалғансаң мухаббытым.

      
    20-yanvar, 2016 jıl. 3368 ret ko'rildi


  • Муҳаббат

    Гезлескенде ең дәслеп айдын көшеде,
    Тийилип қарадың мениң көзиме,
    Сырлы нәзер таслап, кулип жузиме,
    Жүректе из қалдырдың өшпес муҳаббат.

      
    28-aprel, 2013 jıl. 1894 ret ko'rildi


 




Allayar Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
Logikalıq soraw #62
каскадер
Logikalıq soraw #62
Пластелин
Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.