Қубла Кореяда баслығынан сөз еситкен хызметкерлер cтолындағыдағы компьютерине келип Youtube сайтынан PSY атқарыўындағы «Gangnam Style» қосығын еситип өзин-өзи жубатады екен.
Бул қосық (клип) пүткил дүнья халқының кеўлинен шығып, тарийхта болмаған рекорд жаратты. Яғный қысқа ғана (4 ай) ўақыт ишинде интернет тармағы арқалы бир миллиардтан аслам адам көрип үлгерген. Сондай-ақ ҳәзирги ўақытта бул қосық жаслар арасында хит-ке айланғаныда сыр емес. Ҳәттеки тойларда да бул қосық қойылса көпшиликтиң тынымсыз аяқ ойын ойнаўы буған мысал бола алады. «Gangnam Style» қосығының авторы – дүньяда PSY аты менен аталған қубла кореялық Пак Чэ Сан болып, ол 2001 жылдан берли усындай жеңил стилдеги қосық ҳәм клипдерди көпшилик нәзерине усынып келмекте. Қосық аты Қубла Корея пайтахты Сеулге жақын жайласқан Гангнам қаласы аты менен байланыслы.
Енди қосық мазмунына келсек. «Gangnam Style» кореялылардың «Мамық қораз» бизиң түсинигимизше «Алма пис, аўзыма түс» деген нақылға туўры келеди. Яғный қосықтағы баслы идея финанслық қыйыншылықлардан аңсат қутылып, тез байыў қыялы көрсетилген. Бул клипте көрсетилгениндей теңиз жағасында дем алып атырсаңыз, сизди сулыў қызлар желпип турса, мейли көшеде бийкар жүрсеңиз сол жерде де қәлегениңиз орынланса, ал ат мингиңиз келсе аттай болып ойнап жүре берсеңиз… ойсыз қыялларға бөленген адамлар ҳәммесин умытып, жетинши аспанда жүреди.
«Gangnam Style» қосығына дана халқымыздың бир ғана нақылы жуўап бере алады. Яғный мийнет түби рәҳәт. Сонлықтан мийнет етпей, мол байлыққа, бахытқа ерисиў қыялы тек ғана ериншек адамларда болады. Еринбей ҳадал мийнет, терең билим алып ҳәм халқыңа әдиўли хызмет етип, өмирдиң қуўанышында қайғысында көп пенен бөлиссек буннан асқан бахыт барма?! Мийнеттиң түби рәҳәт, наны татлы дегениндей «Gangnam Style» қосығының бос қыялынан аўлақ жүрейик.
Бекбосын КАЛМУРАТОВ
Атама саўға
Ө-мириңиз узақ болсын бахтымызға, Т-уўылған күн жаслар қоссын жасыңызға, Е-ркелесин қуўлықларың күлип ойнап, Б-аба болып ертип жүриң...
Соңғы қоңыраў
Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....
Қурақ көрпеше
Анам тиккен қурақ көрпеше, Көздиң жаўын алады жайнап, Мийнет етип күни-түн нешше. Қурастырар бир-бирлеп жыйнап....
Жигит журты
Ер жигиттиң үш журты бар деседи, Дайы журты ,қәйин журты,өз журты, Ата сораўыма жуўап берсеңиз, Ең ишинде жағдайлысы қай журты?...
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....