Bul mobil menyu orni/ testing....


    Бердақтың нама қосықлары – халықтың руўхый мийрасы
    Бердақ шайырдың дөретиўшилик дүньясы соншелли қурамалы, ол әдебиятшылар ушын изеретлеў объекти болса, шайырлар ушын үйрениў мектеби, ал қосықшылар ушын дөретиўшилик шыңы болып хызмет етип келмекте. Бердақ шайыр улыўма инсаныйлық көз-қарасларды жырлаўшы, өмир шынлығын көркем шынлыққа айландыра алды ҳәм оның нама қосықлары соның ушын да өмиршеңлиги менен халық қәлбинде мәңги жасайды.

    Қарақалпақстан радиосының «Алтын фонды»нда сақланып киятырған Бердақ шайырдың нама қосықлары менен қызықсындық. Туўрысы, Бердақ бабамыздың туўылғанына 185 жыллығы салтанатлы жағдайда республикамыз бойлап белгиленип атырған дәўирде композиторларымыз тәрепинен оның қандай шығармаларына «жан кирип» екинши өмир берилип атырғанын билгимиз келди.

    Бердақ шайырдың «Жақсырақ», «Халық ушын», «Излер едим». «Балам», «Келин», «Алты қыз» қосықлары бақсы ҳәм қосықшыларымыздың репертуарында орын алғанлығы куўанышлы жағдай, әлбетте. Нама қосықлары бирнеше вариантларда жазылған: бақсылар ушын, халық сазлары ансамблиниң атқарыныўында, симфониялық оркестрдиң атқарыўында жазылған намаларда шайыр сөзиниң қаншели өлмес қатарларға бай екенлигин көрип қуўанамыз.

    Бир ғана «Жақсырақ» қосығы бирнеше қосықшылардың атқарыўында жазып алынған. Айымхан Шамуратованың атқарыўындағы бул қосықтың намасының авторы Губаин болып халық сазлары ансамбли ушын жазылған. Гулқатийша Айымбетова ҳәм Бахытгүл Мәдреймованың атқарыўындағы қосықлар «Муса» намасы менен айтылады ҳәм дуўтарда жазып алынған. Бул қосық бақсылардан Жапақ Шамуратов, Турғанбай Курбанов, Гулбәҳәр Раметова, Жолдас Есболғанов ҳәм Нурназар Қаллибековтың атқарыўында да сақланған. Ҳәр бир хош хаўаз ийелери оған өзгеше ырғақ, лапыз бере алған. Өйткени, бақсы жолына айтылған ҳәр бир қосықта атқарыўшының өз шеберлиги, атқарыў дәстүри бар екенилигин сеземиз.

    Дәлибай Мәмбетмуратовтың атқарыўындағы «Өмирим» ҳәм «Гул яңлыды» қосықлары симфониялық оркестр ушын жазылған үлкен дөретпе болып есапланады. Карақалпақ музыкалық мәдениятында бул еки қосық шайырдың ең жақсы лирикалары сыпатында қәдирленеди ҳәм елеге шекем саҳнадан түспестен атқарылып келмекте.

    Өзлерин нама жазып ҳәм өзлери атқарыўды нийет еткенлер де Бердақ шайырға мурәжет етиўинде үлкен мәни бар. Себеби шайырдың дидактикалық қосықлары нама жазыўға жүдә қолай, тыңлаўшыға да таныс, ең баслысы атқарыў да жеңил. Усындай мелодист- композиторлардың қатарына Мақсет Дощбаев ҳәм Нурназар Каллибековты атап өтиў мүмкин.

    Мақсет Дощбаевтың нәзик ҳаўазын көпшиликке танытқан да Бердақтың «Балам» қосығы екенлиги сыр емес. Өткен әсирдиң 80-жыллары қарақалпақ қосықшылық мәдениятында жаңа ҳаўаз бенен кирип келген Мақсет халық қосықлары менен танылды. Ол өзиниң мелодистлик дөретиўшилигинде Бердақ шайырдың бир неше қосықларын таңлап алды. Әсиресе, оның атқарыўындағы «Балам»ы сол дәўирдин «Хит»қосығына айланды. Ол сондай-ақ шайырдың «Жақсырақ» қосығын да жаңаша ырғақта атқара алды.

    Сол дәўирде және бир талант ийеси Нурназар Каллибеков та «Жақсырақ» қосығын «Муса» намасына бақсылар жолында атқарып көпшиликтиң нәзерине түсти. Шайырдың «Балам», «Жақсырақ» қосықларының идеясында турмыста бар болған ҳәм жийе ушырасатуғын жақсы ҳәм жаман ҳәдийселерди, қубылысларды, адамлардың минез-қулық нормаларын ҳәр тәреплеме салыстырып жуўмақ жасайды ҳәм усы тийкарда үгит-нәсият пикирлерин билдирип өтеди. Шайырдың бул қосықларына жазылған намалар да миллий колорити ҳәм жағымлы ырғағы менен қосықтың өмирин узайтып турғандай.

    Жас мелодист-композитор Н.Қаллибековтың дөретиўшилигинде шайырдың «Билгейсиз» қосығының орны өз алдына. Ол қосыққа нама жазып ҳәм өзи атқарып қарақалпақ қосықшылық мәдениятына үлкен үлес қосты.

    Бердақ шайырдың бақсышылық таланты ел аўзында дәстан. Сонлықтан Бердақ атындағы сазлы театр сахнасында «Бердақ» драмасының қойылыўын да шайырға болған ҳүрмет-иззееттиң белгиси деп билемиз. Пүтин бир халықтың шайыры болған Бердақ бабамыздың ҳәр бир сөзи қәстерленип, оның уллылығы тән алынып атырған дәўирде оның нама қосықларын сақлаў ҳәм қайта жазып алыў ислери заман талабы. Шайыр сөзи өзиниң әдиллиги, өткирлиги, даналығы менен уллы. Солай екен, оның қосықларына екинши өмир берген нама қосықларын да сақлайық ҳәм келешек әўладқа бийбаҳа мийрас етип усынайық. Себеби, Бердақ ҳәм оның дөретиўшилиги халықтың руўхый мийрасы.


    ҚМУ 2-курс студенти
    Гүлжаҳан Сейтназарова

    Megablog bo'limi | 22-mart, 2013 jıl
    Bul bet 3793 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!
    +1


    Атама саўға

    Ө-мириңиз узақ болсын бахтымызға, Т-уўылған күн жаслар қоссын жасыңызға, Е-ркелесин қуўлықларың күлип ойнап, Б-аба болып ертип жүриң...

    Соңғы қоңыраў

    Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....

    Дыққат, миллий дуэт

    Қарақалпақ миллий эстрадасында жаңаша стильдеги дуэт дүньяға келди. «Китапқумарлар байрамы» таңлаўының «Шығармалардан жаралған намалар» шәрти ушын...

    Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...

    Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....

    Ана тилиме

    Дүньяда миллет көп, тиллер ҳәр түрли, Оларды түсиниў қыйынды бәлки, Бирақта өз ана тилиңди билсең, Ҳәммесинен үлкен мәртебе усы....

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • "Qaratal"

    Ko’rsem tanıp, qushaqlayın shaqan’dı,
    Ko’ksim qoyıp jılıtayın arqamdı,
    Japırag’ın’a jatqızayın anamdı,
    Senin’ menen egizekpiz itima’l,

      
    10-iyun, 2015 jıl. 2125 ret ko'rildi


  • Muqaddas vatan!

    Aziz O’zbekiston – ona vatanim,
    Fido bo’lsin senga bu jonu tanim,
    Moviy, oqu yashil so’nmas chamanim,
    Faxru iftixorimsan – muqaddas vatan!

      
    29-iyul, 2015 jıl. 2843 ret ko'rildi


  • Бахыт

    Бул дүньяны көрип турса көзлериң,
    Ядта тутсаң нәсиятлы сөзлерин,
    Бул мәканның топырағын излерин,
    Көзлериңе сүртип турсаң ҳәр ўақыт,

      
    13-avgust, 2014 jıl. 3624 ret ko'rildi


  • Xayol

    O’ylar buncha bo’ronday chopqir…
    Goho olib ketar meni yiroqqa.
    Xayol og’ushida ucharman butkul,
    Endi boshlayapsiz meni qayoqqa??

      
    29-iyul, 2015 jıl. 1604 ret ko'rildi


  • Mehribonim (Ustozim Muhabbat opaga)

    Bulbullar guliga intilgan misol,
    Men ham siz tomonga shoshaman mudom.
    Qalbi qordek oppoq, mehri bir jahon,
    Men uchun yagona, bu aziz inson.

      
    29-iyul, 2015 jıl. 2964 ret ko'rildi


  • Otajon!

    Dunyoda mehribonim sajdagohimsiz,
    Yo’llarimni yoritguvchi quyoshimsiz,
    Siz men uchun eng aziz eng ulug’ inson,
    Baxtimga siz bor bo’ling aziz otajon.

      
    29-iyul, 2015 jıl. 1998 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Жуўапсыз мухаббат

    Мен сизди сүйемен сүйгеним рас
    Сиз мени ҳеш қашан сүймесеңизде
    Күте-күте көзлерим талыпты бираз,
    Бул дүняға қайта келмесеңизде.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 3248 ret ko'rildi


  • Кел энди

    Эй маҳбубим қаро кўзинг,
    Кўзинг каро дилим яро,
    Кел энди.
    Оҳ моҳвашим, паривашим,

      
    22-aprel, 2013 jıl. 2571 ret ko'rildi


  • Оловлар ичра

    Бу кўзлар аёвсиз қийнашар мени,
    Кулиб ўйнасалар,куйиб юраман.
    Мажруҳ юрагимдан талашар нени,
    Оловлар ичинда суйиб юраман.

      
    27-noyabr, 2015 jıl. 1647 ret ko'rildi


  • Келгин

    Кел,мунисим, ёнимга,
    Фироқ тегди жонимга,
    Оқшомлари ишқ майи
    Оғу қўшди қонимга.

      
    09-dekabr, 2015 jıl. 1711 ret ko'rildi


 




Allayar Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
Logikalıq soraw #62
каскадер
Logikalıq soraw #62
Пластелин
Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.