Bilim All
   Son'g'ı qosılg'an resurslar
    » » » ӘЖИНИЯЗ ШАЙЫР ШЫҒАРМАЛАРЫНДА ҚАРАҚАЛПАҚ ХАЛҚЫ ЭТНОГРАФИЯСЫНЫҢ СӘЎЛЕЛЕНИЎИ

    ӘЖИНИЯЗ ШАЙЫР ШЫҒАРМАЛАРЫНДА ҚАРАҚАЛПАҚ ХАЛҚЫ ЭТНОГРАФИЯСЫНЫҢ СӘЎЛЕЛЕНИЎИ

    Зульфия Есназарова, тарих илимлери кандидаты, жәмийетлик пәнлер кафедрасы

     

     «Өтмишти бүгин жаратып болмайды, өтмиш бүгинди жаратады. Тарийхтағы ҳəр бир социаллық тиклениў, дəслеп жəмийеттиң өз мийрасын, өз өтмишине болған қатнасын реформалаўдан басланады» - деп көрсеткен еди елбасшымыз [И.А.Каримов: 9 ]. Ҳақыйқатында да қарақалпақ халқының XIX - əcирдеги мəденияты тарийхын үйрениўде қарақалпақ шайыры Әжинияз Қосыбай улының шығармалары айырықша орынды ийелейди.

     Әжинияздың шығармаларын жыйнаў, изертлеў жумыслары оның  шығармаларын басып шығарыў исинде көплеген əдебиятшылар, тарийхшылар, философлар  илимий изертлеў жумысларын алып барған. Олардың арасынан Н. Дəўқараев, Қ. Айымбетов, Қ. Байниязов, С. Камалов, Р. Қосбергенов, М. Тилеўмуратов ҳəм басқа да алымларды көрсетиўге болады.

     Әжинияз шайыр буннан 190 жыл бурын Арал теңизи жағалаўларында туўылып жас ўақтынан баслап илим билимге қызыққан, кейин Хийўа медресесинде билим алған. Сол дəўирдеги алдыңғы қатарлы илим ийелериниң   шығармаларын оқыған,  тийкарынан А. Наўайы, Мақтумқулы, Фирдаусий ҳəм Саадий  шығармалары менен жақсы таныс болған. Ол өз заманында дөретилген тарийхый шығармаларды, əсиресе халқымыздың бай мəдениятын, фольклорын терең үйренген. Әжинияз шайыр  жас ўақтынан баслап Орайлық Азия қалаларында ҳəм аўылларында болып, олардың бай мəденияты ҳəм  үрип-əдет дəстүрлери менен танысқан.

    Әжинияз өз заманының илимли билимли адамы болғанлықтан  қарақалпақ əдебиятына Шығыс халықларының əдебиятын тереңнен үйренген,  жаңалықлар киргизген. Әжинияз заманында мектеп ҳəм медреселерде араб тилинде жазылған əдебиятлардан пайдаланған, араб парсы тилиндеги жазылған китапларды билген. Ол Татарстан, Башқуртстан жерлеринде болып, бул жерлерде де балаларға билим берген ахун дəрежесине ийе болған. Илим ийелери менен танысып, əдебият мəселелери менен ортақласқан. Онын қазақ ақыны Қызмеңеш пенен айтысы халық арасында кең тарқалған. XIX əcирде қарақалпақ халқының мəденияты Әжинияз шығармаларында өз көрнисин тапқан.  Тийкарынан оның шығармаларында тарийхый этнографиялық мағлыўматлар  ушырасады. Қарақалпақлардың XIX əcирдеги үрип-əдет дəстүрлери, кийимлери, безениў затлары  «Әжинияз бенен қыз Меңештиң айтысы» шығрамасында өз көринисин тапқан.

    Көшкенде көлеңкели бар күймеси,

    Көйлеги дарайыдан он түймеси,

    Шылдыры, өңир моншақ бар жəнеси,

    Билезик, жүзик, сырға көп немеси,

     Бели қылдай, өңиринде ҳəр түймеси,[ Әжинияз: 126]

    деп  қарақалпақ қызларының кийимлери, көйлек кийсе, көйлегине ҳəртүрли гүмис теңге, хан теңге, түйме үстинен ҳəйкел моншақ, қолына билезик, бармағына жүзик, қулағына сырға салғанғанлығын дəлийлейди.  Тийкарынан Әжинияздың «Қыз Ораз» деп аталған қосығында былай деген еди.

    Атасы Әбил кəтқуда, мола Тəжидур ағасы,

    Зербарақ алтын қуылмыш таққан аның сырғасы,

    Кийгени жəннет ишик, қундыз тутылмыш яғасы,

    Ҳайт мереке, тойға шықса бəрше қыздың ағласы,

    Алтын ҳəйкел, гүмис шытақ өңир моншақ таққаны,[Әжинияз:30] 

    Той –мерекеде ҳаял-қызлар жүн ҳəм жипек гезлемеден тигилген қызыл киймешеклер, сондай-ақ гүмис ҳəм баҳалы таслар менен безетилген сəўкеле кийген. Байрам кийимлериниң бири сəнли безелген ақ жегде болған. Оны кейўаны ҳаяллар кийген.  Жүзик, билезик, сырғалар  сондай-ақ, гүмистен исленген перуза ҳəм ҳасыл таслар менен  безелген ҳəйкел кең таралған.

    XIX əсирдеги қарақалпақлардың үсти кийимлери узын шапан ҳəм шекпеннен ибарат болды. Шапан пахта ямаса жипек гезлемеден тигилген. Шекпен түйе жүни гезлемесинен тигилген. Шапанның ишинен гейде бешпент (камзол) кийген. Шапан, шекпен, бешпенттиң сыртынан нағыслы белбаў байланған. Жигитлер беллерине шаршы, ал байрам күнлери жипек белбаў- мəдели байлаған.[ Қарақалпақстан АССР тарийхы еки томлық 3: 380]  Бул  ҳаққында Әжинияз шайыр былай деген:

    Жигити бизиң елдиң болар ғошшақ,

    Белинде тиллə камар, алтын пышақ,

    Жигити, бизиң елдиң, мине, сондай

    Пашшайы сымлы балағы жипек шашақ,

    Мингени арғымақ ат мойыны қуўдай,

    Үстинде ақ баслы ер басы шошақ,

    Басында алтын жүўен қос сийнемент,

    Көйлекшесиниң шашағы қушақ-қушақ,[Әжинияз: 130-131]

    деп бул ескиден киятырған ер жигитлердиң белбеў-қандай түрдеги кийимди кийсе де сыртынан белбеў байлаў халықта тəртип болған. Ол байланатуғын нəрсе «белбеў» деп аталған. Исленген затына қарай белбеў ҳəр түрли болған. Мысалы, бөзден исленсе бөз белбеў, қайыстан-қайыс белбеў ҳəм тағы басқалар.

           Профессор М. Тилеўмуратовтың изертлеўлеринде әсиресе оның  «Қарақалпақ поэзиясы тарийхый дерек» деген мийнетинде кең түрде тарийхый дереклер бар. Биз оның мийнети бойынша төмендеги мағлыўматларға дыққат аўдарамыз. Әжинияз қосықларында қарақалпақ қызларының сулыў көркин әжайып қатарларда бере билген шайыр. Әсиресе олардың кийген кийимлерин көркем түрде көрсетип бергекн. Бул жағынан оның бул мағлыўматлары үлкен этнографиялық қызығыўшылық туўдырады.

                          Кийеди көк саўырылап геўиш-мәси,

                          Өиңиринде өңирмоншақ он түймеси,

                          Ат қосып айттав, тойда минер арба,

                          Отырар қатарласып он-беси.      

                                 …………………….

                          Көйлеги дарайыдан, киймешеги,

                          Жанында жүрер баслап жеңгешеси,

                           Орамал жибереди отырыспада,

                           Бир көриўден жигиттиң бирнешшеси,

                           Алдында ҳәйкел таққан – алтынлаған,

                           Қулағында гәўҳар сырға жалтылдаған,

                           Қандай жигит болса да қалтылдаған,

                           Феиўза алтын билезик билегинде,

                          Түни менен жигитлер жүрер тилегинде.  

    Мине көрип турғанымыздай ҳаял-қызлар турмысы терең сәўлеленген. Бундай қатарларды ҳақыйқатлық деп айтса ҳеш қателеспеймиз.[Тилеўмуратов М 4: 79-80]    

    Солай етип Әжинияз қарақалпақ халқының руўхый бай мəдениятына, үрип-əдет дəстүрлерине баҳа берип, тағыда қəлиплестирип ҳəм қарақалпақлардың  мəдениятының буннан былай да  раўажланыўына үлкен үлес қосқан. Сондай-ақ басқа еллерге елиниң қəдир-қымбатын көрсете билген  уллы шайыр деп есаплаймыз.

     

    Әдебиятлар

    1. Каримов И.А.Тарихий хотира инсон омили- буюк келажагимизнинг гаровидир.- Т., «Ўзбекистон»,2012,  9, бет .
    2. Әжинияз таңламалы шығармалары, Нөкис «Қарақалпақстан», 1988 , 130-131, бетлер.
    3. Қарақалпақстан АССР тарийхы еки томлық, Нөкис , «Қарақалпақстан»,1975, 380, бет.
    4. Тилеўмуратов М. Қарақалпақ поэзиясы- тарийхый дерек, Нөкис «Қарақалпақастан» , 1994, 79-80, бетлер.

    Bilim All » Ilimiy maqalalar bo'limi | 29-iyul, 2015 jıl
    Bul bet 3080 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!
    +5


    Дунёларни уйғотган даҳо (достон) 2-бўлим

    Тарих тасбеҳининг дурлари мисол Сочилган қалъалар минглаб мўъжиза. Қумларга кўмилган қуёшга тимсол, Ё тоғлар бағрида ётган феруза. Сирларингиз бир-бир оламан уқиб, Кўзимда иштиёқ,...

    Дунёларни уйғотган даҳо (достон) 1-бўлим

      Қонимда мавж урар оловли ҳислар. Ҳақиқат истадим, меҳринг бўлди ёр, Ватаним! Эй шонли, қадимий диёр, Идроким тарихдан бир хилқат излар! Олтин сатрларга олмос ҳарф билан...

    “Aydın” intellektual turnirinin’ II reyting oyınlarının ...

    “Kamolot” JJH A’jiniyaz atındag’ı No’kis Ma’mleketlik Pedagogikalıq Institutı baslang’ısh sho’lkemi janında du’zilgen “Ziyalı jaslar” intellektual klubı ta’repinen sho’lkemlestirilgen...











 English Time


Login:
Parol:
«    Noyabr 2024    »
DuSiSaPiJuSeEk
 123
45678910
11121314151617
18192021222324
252627282930 
 Tamaddun nurı jurnalı

 Ku'nnin' qaharmani                  


Megaline.uz 2012-2016
E-ma'nzil: info@megaline.uz
Megaline.uz - saytının' informatsiyalıq resurs bazası "Bilim All" 2016.
Sayt materialların ruxsatsız ja'riyalaw qadag'an etiledi.