Bilim All
   Son'g'ı qosılg'an resurslar
    » » » Ғəресизлик жылларында Нөкис қаласының тарийхынан (1991-2000 жыллар)

    Ғəресизлик жылларында Нөкис қаласының тарийхынан (1991-2000 жыллар)

    З.Б.Есназарова – тарийх илимлериниң кандидаты

     

    Таянч сўзлар: Қорақалпоғистон, мустақиллик, ислоҳотлар, пойтахт, Нукус, маъмурий марказ, урбанизация, саноат, шаҳар қурлиши.

    Ключевые слова: Каракалпакстан, независимость, реформы, столица Нукус, административный центр, урбанизация, промышленность, градостроительство.

    Key words: Karakalpakstan, independence, reforms, capital, Nukus, administrative centre, urbanization, industry, science, town-planning.

     

    Өзбекстанның қалалар системасында Қарақалпакстан республикасы пайтахтының Нөкис қаласының айырықша статусы ҳəм роли бар болып, бул 2002 жыл 8 майда Өзбекстан республикасы Министрлер Кабинетиниң  Нөкис қаласының 70 жылығына таярлық ҳəм оны байрамлаў ҳаққындағы қарары айрықша əҳмийетке ийе болды.Усы байрамда шығып сөйлеп И.А. Каримов көп миллетли Нөкис қаласы бүгинги күнде бийтəкрар қыяпа пайда етеди,биз оны ири санаат кəрханалары,илим,ҳəм мəденият орайы дослық биродарлық қаласы деп есаплаймыз.Әлбетте, оны бундай деп тəрийплеў ушын ол өзиниң беккем турмыслық тийкарына ийе.[1]

           Нөкис қаласының пайда болыўы  ХХ əсир даўамында жедел раўажланыў дəрежесине жетти. Ғəресизлик жылларында Өзбекстанның ең алдыңгы раўажланған қалаларының бирине айланды барлық орынларда қурылыс ислери, абаданластрыў ислери əмелге асрылды,илим ҳəм мəденияттың жаңа  орайлары пайда болды. Бул Президентимиз И.А.Каримов атап өткениндей, мәмлектимиздиң экономикалық ҳәм социаллық раўажланыўына қосқан ылайықлы үлеси, қыйын экологиялық шараятларда турмысымыздың көплеген салаларында жоқары нәтийжелерге ерискени, елмизде жасап атырған барлық миллетлер менен халықлар арасында дослық ҳәм татыўлықты беккемлеў, миллий қәдириятларды қәстерлеп-сақлаў ҳәм байытыў, жас әўладты ўатанға муқаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаў исинде қала халқының әмелге асырып атырған үлкен жумыслары ушын және де 70 жыллығы мүнәсибети менен Нөкис қаласы 2003 –жылы 11-сетябрде  «Дослық» ордени менен сыйлықланды. Усы көз-қарастан алып қарағанда Нөкис қаласының тарийхы ҳәм оның пайтахт сыпатында қәлиплесиўи,сондай-ақ ғәресизлик жылларындағы тарийхын үйрениў  актуаль машқалалардың бир болып табылады.

        Нөкис қаласының ғресизлик жылларындағы тарийхы бойынша, қаланың  1991-2000 –жыллардағы социал экономикалық раўажланыў тарийхы бойынша факт материаллары дөгерегинде қарап  шығамыз.

        Өтмиште Нөкис сиясий ҳәм экономикалық орай сыпатында пайда болған, сондай-ақ қорғаныў стратегиялық әмийетке ийе болған қорған бақлаў орны ўазыйпасы сыпатында қәлиплескен.Нөкис қала сыпатында қәлиплесиўи саўда-сатлық, кәсип-өнерментшилик, ислеп шығарыў тийкарғы рол ойнаған, болса, кейиншелик оның раўажланыўына санаат ҳәм транспорттың  раўажланыўына байланыслы админстративлик ўазыйпаларды орынлаўға үлкен тәсир тийгизген. 1932 жылы апрельде бурынғы аўқам СССР  ВЦИК Президиуми қарары менен Нөкис Қарақлпақстан АССРның пайтахты етип тастыйықланды. Нөкис қаласы Республиканың экномикалық, сиясий ҳәм мәдений орайы сыпатында белгили болды.[2]  Нөкис қаласының тарийхын изертлеўдиң тийкарғы бағдарларының бири бул урбанизациялық  процесслерди  алып қараў, зәрүрли процесс екенлиги   нәзерде тутылады.

    Урбанизация  тараўында ҳәзирги аймаклық раўажланыў сиясаты төрт басқышта көрип шығамыз, тийкарынан пайтахт,аймақлық, ўәлият ишиндеги раўажланыўдың түрлери.[3] Белгили боғанындай, барлық қала ҳәм поселкалар бир ўақыттың өзинде бир қыйлы дәрежеде раўажланыўы мүмкин емес, сол себепли ҳәр бир аймақлық зонада белги раўажланыў орайларын таңлап алып зәрүрлиги туўылады.

    Бурынғы аўқамның админстративлик сиясий  басқарыў системасында басқарыў үш дәрежели – республика, район ҳәм аўыл көлеминдеги раўажланыў бағдарлары бар еди. Партиялық –совет мәмлекети ҳәкимияты қатаң басқарыў  органлары системасында белгиленетуғын еди. Партия органларының советлер үстинен ҳүкимдарлығы басқарыў системасында советлердиң ролиниң пәсейиўине алып келди. Барлық мәселелер партия органлары тәрепинен шешилетуғын еди. Сондай-ақ, Қарақлапақстанда бундай басқарыў усылы 20 – жыллырдың ақырында күшке кире баслады, бунда партия –органлары админстративлик - тәртип ислерин социаллық, аўыл хожалық, мәдений тараўдағы жумыслар менен шекленетуғын еди. [4]  1990- 1991 –жыллар Обком партия қарары менен үш Нөкис қаласы атқарыў комитети баслығы алмастрылды булар Б. Бектурдиев, А.Асанов, Е. Даулетмуратов.

    Бундай жағдай қала ҳәм республикадағы қыйын сиясий, социаллық-экономикалық раўажланыўдың қыйыншылығы менен анықланатуғын еди. Бул дәўирде Нөкис  сиясий ўақыялар орайына айланды. Мысалы, 1990 йил 14- декабрде Нөкис қаласында  болып өткен ҚҚАССР Жоқарғы Совети IX сессиясында Өзбекстан Республикасы қурамында  Қарақалпақстан Республикасы ғәресизлиги ҳаққында қарар қабыл етилди.[5]

    1991 жылы Өзбекстан Республикасы миллий ғәресизлигиниң жәрияланыўы социал-сиясий, социал- экономикалық, мәдений тараўларда түпкиликли реформаларды әмелге асрыўдың зәрүрлигин пайда етти. Пайда болған барлық жағдай аўыл-хожалығы механизимин басқарыўды раўажландрыўда пүткиллей жаңаша  қатнас жасаўды  талап етеди.  Өзбекстан Республикасы Президенти  И.А.Каримов айтқан «Күшли атқарыў ҳәкимиятсыз демократиялық  жол менен қабыл етилген қарарлардың орынланыўы қәўип астында қалады»[6],деген принцип ҳүкимдар еди.

     Админстративлик басқарыў системасында көрсетилген бул жаңалықлар социал-экономикалық раўажланыў процессине ҳәм басқарыўда тәсир ететуғын еди.  Мысалы, 1990-жыллар қарсаңында Нөкис Өзбекстанның ең ири қалаларының бири еди. 1990 жылы қаланың социал-экономикалық жағдайы бир қанша дәрежеде аўырласты. Төмендеги  мағлыўматларды  алып қарайық, 1990-жылдың январ-март айларында экономиканың барлық тармақларындағы процент көрсеткишлер  1989-жылғдағыға қарағанда  төмен еди.Қаладағы тийкарғы  кәрханалардың ақўалы жақсы емес еди. Мысалы, жүк тасыўдан түскен таксопарк дәраматы 697,5 мың сумды қурайтуғын  болса, 1989 жыл менен салыстырғанда дәрамат 17% пәс еди. Қарақалпақстан электр тармақлары капитал қурылысы жобалары – 87%ке, ССО «Арал суў қурлысы» - 79% ке, «Ресаграрқурылыс» бирлеспеси – 57% ке, «Катта ағар ЖБИ» – 32% ке орынланғаны мәлим.[7] Бул тараў бойынша сезилерли илгерлеўлер тек 1994 жылға келип бақлана баслады. Усы жылға келип қалада 480 ге жақын көшелер абаданластрылған, 7 киши район, 3 халық поселкалық кеңес бар еди. Қала халқы оның әтирапын қосып есаплағанда 250 мың адамға жетти. Жеке турақжайларды қурыў басланды:  1994жылдың  8 айында  1025 пуқара жер учаткасы ушын арза берди, соннан 979 си улыўма муғдары 71,5ке болған жерди алыўға муўапық болды.Нөкис  310 км водопровод тармақларына, 267,5 км энергетика ҳәм байланыс  кабелларине 89 км  ыссылық трассасын, 517 км газопровод трассасына, 258 км асфальтланған көшелерге ийе болған қала еди.[8]

    Қала ҳәм районлар ҳәкимлери лаўазымынларына сайлаў  ҳаққындағы  нызам қарары қабыл етилгенге дейин, 1992жылы 18 майда Нөкис қаласы халық депутатлары Кеңесиниң  XI сессияси шақырылды  сессияда Ш.Уснатдинов Нөкис қаласы ҳәкими етип сайланды. Усындай қыйын қурамалы дәўирде (1991-1994 жж) «Гөне қала ҳәм Темир жол вокзалын» бирлестриўши троллейбус маршруты ҳәм троллейбус депосы; Нөкис кабель заводы, ун комбинаты, РК-1 пуў  қазанының биринши гезеги, 422 оқыўшы орнына ийе болған 9 санлы орта мектеп имараты, «Қызкеткен» поселкасында 260 орынлы мектеп, 13-санли аптека, қаң қуйыў станциясы сыяқлылар қурып иске түсирилди. Усы дәўирде  «Катекс» тоқымашылық комплексиниң қурлысы даўам етрилип, 1993-жылы «Катекс»  тоқымашылық комбинаты иске түсирилди. 1994 жылы 17 октябрде халық депутатлары Нөкис қаласы Кеңесиниң нәўбеттен тысқары сессиясы болып, Нөкис қаласының социал-экономикалық  раўажланыўының тийкарғы бағдарларына баҳа берилди ҳәм басқарыў, хожалық жүргизиў тараўындағы рефоррмалардың барысы көрилип шығылды. Усы дәўирде Нөкис қаласының раўажланыўында унамлы өзгерислердиң болғанлығы анализ етилди. Мысалы бул  бойынша  төмендеги фактларды алып қараўға болады,  1994-жылы 1 августқа дейин Нөкис қаласында 231  объект мәмлекет қарамағынан шығраылды, басқа мулк формаларына өтилди, солардан 33 и акционерлик жамийетлери, 25 си жәмәә, 171 и  жеке мулклер болды, 231 объектден 120  шөлкем  банкда өз есап китабына ийе бетлерин ашты солардан  47 си патент алды.[9] Айырым өзгерислерге қарамастан экономикада түпкиликли өзгерислер көзге тасланбады.[10] 1997 жылы Ҳәкимият органлары қарары менен қалада меншиклестриў бойынша бир қатар илажлар әмелге асырылды. Мысалы,  1996 йили тек Нукус қаласында 427 объект ҳәм кәрханалар меншиклестрилди,соннан 90 акционерлик, 83 и мәмлекетлик ,  252и жеке, 2 и шериклик кәрханалар еди.[11] 1997 жылға келип ли бундай объектлер саны 453 и, 1998 жылы болса 599 ға жетти.

    Бирақ қаладағы  кәрханалар ислеп шығрыў ҳәм экономикалық қуўаты бир қанша төмен еди. Тек  1997 жылдың өзинде олардың дебитор қарызлары   475 млн. сўмды, кредитор қарызлары болса  7 млрд.сўм болған еди.[12]

    Барлық қыйыншылықлар  соннан ибарат еди, 1990-жыллардың ақырында республикада күшли қурғақшылық болып, бул қалада түпкиликли өзгерислердиң болыўына мүмкиншилик  болмады.

    1990-1991-жыллар менен салыстырғанда санаат өнимлериниң айырым түрлерин ислеп шығарыў 50-90 процентке шекем кемейди. Буған мысал ретинде сүт өнимлерин ислеп шығарыў 87 процентке, гөш өнимлери 37 процентке кемейген. Сондай-ақ қурылыс материалларын ислеп шыгғарыў бойынша мүмкиншиликлер  да жетерли дәрежеде емес. 1991-1992-жыллары 36 мың тоннаға шекем извест шығарған «Карбонат» АЖ-да 2000-жылы 18 млн данаға шекем гербиш жетистирген, Гербиш заводында тек 5 млн дана әтирапында ғана өним ислеп шығарған. «Мрамор» заводында мрамор плиталарын ислеп шығарыў да дерлик 60 процентке дейин азайған. [13]

    «Нөкисвинзаводы» АЖ- де 1991-жылы 530 мың дана сипиртли ишимликлер шығарылған болса, бул көрсеткиш 1999-жылда тек 192 мың дана болып, өним ислеп шығарыў 64 поцентке кемейген. Пиво ислеп шығарыў улыўма тоқтады. Тийкарынан барлығы бюжетке өзиниң унамсыз тәсийирин тийгизди. Нөкис қаласы бойынша 1999- жыл 1998-жыл менен салыстырғанда 7 кәрхана өним ислеп шығарыў көлеминиң төменлеўи себебинен 160 млн, сомлық өнимлери режедегиден кем жетистирди.

    1999 - жылы «ҚҚ мебель» АЖ- ти өткен жылы да, усы жылдың 2 айында да өним ислеп шығарыў көлемин төменлетип жиберди. «Қырық қыз», «Гекрбиш заводы» АЖ - лери дерлик банкрот ҳалына алып келген. Бул жағдайларды анализлегенимизде айырым кәрханалдарда  жумысты дурыс шөлемлестире алмаўы себебинен өним ислеп шығарыўдың кемейип кетиўи, оларда ислеўшилердиң материаллық жағдайының төменлеўине, жумыссызлар санының өсиўине алып келгенлиги белгили.  

    Усы мәселе бойынша төмендеги фактлик материалларға итибар беретуғын болсақ, «ҚҚ мебель» АЖ - де 2000-жылдың январында ислеўшилердиң орташа айлығы тек 1612 сумды қурады. Бул қала бойынша ең аз айлық болып табылады. Бул көрсеткиш «Маман» АЖ-де 2162 сумды, «Пивозавод» та 2230 сумды,  «Қырық қыз» АЖ де 2380 сумды қурайды.

    2000 - жылдың 1-мартында 213 млн. 206 мың таяр өнимлер, сапасының төменлиги, бәсекеге шыдам бере алмаўы нәтийжесинде өз қарыйдарларын таба алмады. Мағлыўматлар бойынша  «Ресагроқурылысиндустрия» өндирислик бирлеспесинде 34 млн. сумды,  «Даўыт» АЖ-де 20 млн. сумды, Шийше усақлап сатыў заводында ҳәм «Султануайс таў кән карьеринде» 12 млн сумды қурайды. Санаат кәрханаларында орын алып атырған кемшиликлердиң баслы себеплериниң бири, өндиристе жаңа технология менен үскенелеў, реконструкциялаў мәселелелер менен шуғыланбай атырғанлығының  себебинен екенлиги мәлим.  [14]          

    2001 жылда Қарақалпақстанның улыўма өними 40520,6 млн сўмды пайда еткен болса, соннан Нөкис қаласы 10824,4 млн. сўмды санаат  өнимин ислеп шығарды. Нөкис қаласында  3169  ға жақын юридикалық шахс – кәрханалар, дизимге алынған. 2003 жылы «Уздунробита», «Платтас», «Марказий Осиё реңли таслар компаниясы», «Осиё-вит», «Лотус», «Судочье», «Карт», «Кокут интернационал»,  «Шарқ-текс», «Арал артемия компани», «Нукус морэй сервис», «Росэнерго» сыяқлы қоспа кәрханалар искерлик қөрсетти. Нөкис бойынша барлық финансластрылған дереклер бойынша сарыпланған капитал бюжетлер  5995 млн. сўмды пайда еткен болса,соннан шет ел инвестициясы 2071,4 млн. сўм болды.

     Ғәресизлик дәўиринде жеке турақ жай қурылысы жылына  23,7 мың кв.м.ни  пайда етти.Нөкис қаласы халқының турақжай менен тәмийинлениўи халықтың жан 1,4 кв.м. ден ибарат, ол республикада  унамсыз көрсеткиш емес еди. 2002- 2003 жылырда  қала қурылысы комплексинде  44 қурылыс монтажлаў кәрхана ҳәм шөлкемлер хызмет көрсетти. 2003-жылы 17270,6 млн.сум бюжет өзлестрилди. 2003 –жылы турар қурылып, оның 65400 кв.метри адамлар күши менен қурылып пайдаланыўға тапсырылды.

     2005 жылға келип Нөкис қаласында 602 қөшеге,көп қабатлы үйлерге,хызмет көрсетиў  объектлери болған 8  киши районға ийе.Соның ушын 1551905 кв.м.млн. майдан турақ жай объектлери менен бәнт. Улыўма жер майданынын 2217895 кв. к.м. жер бир қабатлы, 187291 кв.м. еки оннан артық имаратлар менен бәнт. Нөкис қаласында 25513  жеке үйлер, 14679   квартиралар  бар.[15] Кейинги дәўирлерде үй-жай қрылысы бир қаншща дәрежеде өскенлиги  яғный 2006-20012- жылларды алып қараўға болады.

    Егер  республикада  пуллық хызмет көрсетиў жан басына 6114,9 сўмды пайда еткен болса, оның ең жоқарғы дәрежеси Нөкис қаласына туўра келеди, яғный жан басынаа 16925,7 сўм. Халыққа хызмет көрсетиў республикада жан басына 474,4 сўм  болған , тийкарынан бул  Нөкисте 1443,5 сўмд  дәрежесине жетти.[16] 1997 жылы «Педрини» (Италия) фирмасы менен биргеликте мрамор плиталар ислеп шығаратуғын завод иске түсирилди, завод жылына 60 мың  кв.м. плита ислеп шығарыў дәрежесине ийе.

     Қаланың шығыс тәрепинде  Болгариядан келтирилген үскенелер менен  безелген өсимлик майы ислеп шығаратуғын киши завод иске түсти, оның  бир  жыллық өними  120 мың литр. Буннан тысқары  Жәҳән банки   бюжети есабынан «Қызкеткен» поселкаси халқының сыпатлы ишимлик суўы менен тәмийинлейтуғын  имарат иске түсирилди.

    Ислеп шығрыўды шет ел капиталы тәрепинен үлеси бир қанша раўажланды: 2005 жылда дизимге алынған 48  қоспа кәрханалардан 17 си  Нөкис қаласында хызмет көрсетеди.  Кәрханалардың ис хызмети 2005 жылғы мағлыўматлар бойынша, усы жылдың  9 айы даўамында 6,4 млр.сўмлық халық пайдаланатуғын күнделикли товарлар ислеп шығарды. Олар экспортқа  материаллар ислеп шығрыўға мөлжелленген  (4,4 млн. АҚШ доллры) болса усы дәўир даўамында импорт бойынша, тек  1,3 млн. АҚШ доллары есабынан (олар тийкарынан  технология) товар  алып киргизилген.[17]

    Нөкис қаласында экономикада  бир қанша дәрежеде  раўажланыўлар  менен бир қатар машқалалар  бар еди. Тийкарынан, базар экономикасы принциплери жеке мүлк пенен мәмлектлик мүлк ортасындағы байланыслар    жәрия  қылынбаған. Мысыалы, 2005 жылда 10  кәрхана  1229 млн.сўм инвестиция киргизиў шәрти менен инвесторларға берилди. Буларға 13, 19-сонли авторкәрханалар, «Нөкиссүт» АЖ киреди, «Ыссылық орайы» АЖ, «Сельхозхимия», Орайлық автотранспорт, «Полиграфтамийнат», ОДСП-1 промбазасы сыяқлы кәрханалар акциялары сатыўға қойылды.

     Қала  инфраструктурасын раўажландрыў ушын хызмет ететуғын кәрханалар саны 10 ға жетти.Соннан 2 акционерлик жәмийетлери, 8 и социаллық –ижара кәрханалар. Буннан тысқары арнаўлы қурлыс кәрханасы бар. 2006 жылы ақырына барып Нөкис қаласында ҳәр бир адамға  13,9 кв.м. турар жай майданына туўра келеди. Сол жылда  63,3 мың кв.м. турақ жай пайдаланыўға берилди.

    Нөкис қаласында тийкарынан  шийкизат  жетистириў менен бир қатарда қайта ислеп шығрыў, таяр өнимлер беретуғын кәрханалар қурылды. Қурлыс индустриясы дүзилди. Азық –аўқат санааты айырықша орынды ийелейди. Қаланың барлық санаат өнимлериниң 50 % и усы тармақ искерлиги менен байланыслы. 2002 –жылғы мағлыўматлар бойынша санаатда 3673 адам хызмет етеди. 2003 –жылы  санаат кәрханаларында салыстырма баҳада  15638,4 млн сумм муғдарында өним ислеп шығрылды.

     Нөкис қаласының социал-экономикалық мәдений раўажланыў  дәрежеси төмендеги мәселе тийкарында тастыйықлаўға болады.

    Қарақалпақстан Республикасында қала қурылысы раўажланыўының  келешеги санаат ислеп шығарыўдын өсиўи менен  байланыслы.  Реконструкциялаў, қайта тиклеў, қайта  безеў санааттың жаңа тармақларын пайда етиў, илимий- техникалық раўажланыў машина сазлық , радиоэлектроника, электротехника, таў-кән, металлургия ҳәм химия санааты, қурылысы  индустриясы ҳәм қурылыс ислери материаллары қурылыс  материаллары санааты жергиликли шийки зат базасында цемент ислеп шығратуғын кәрханалар дүзиў мүмкиншилигин тастыйықлаўға болады.

     

     


    Әдебиятлар

    1.Выступление Президента Ислама Каримова на торжественной церемонии посвященной 70 –литию города Нукуса// Вести Каракалпакстана – Нукус,13.0.92003.

    2. ЦГА.Ф.322.ОП.1.Д.8,66.Л.1.

    3.Ата-Мирзаев О., Гентишке В., Муртазаева Р., Салиев А. Историко-демографические очерки урбанизации Узбекистана.- Ташкент: Университет, 2002—56 Б.

    4.Нуржанов С. К вапрорсу о формирование советской политической системы в Каракалпакстане // Вестник ККОАН РУз- Нукус, 2000 -№ 1. 75, С. 

    5.Қарақалпакстанның жаңа тарийхы .Указ соч.- 326 б

    6.Қаримов И.А . Ўзбекистан: свой путь обновления и прогресса.- Ташкент: Узбекистан, 1992.-15б.

    7.Текущий архив ҳакимията г. Нукуса за 1994 год; // Нөкис ҳақыйқаты, 1994, 8-сентябрь.

    8. Нөкис ҳақыйқаты, 1994, 8-сентябрь.

    9. Нөкис ҳақыйқаты. 1994. 2- ноябрь.XXI шақырық халық депутатлары Нөкис қалалық кеңесиниң сессиясы.

    10. Текущий архив хакмията г.Нукус за 1998 г. XIV сессия 1 Созыва Нуксского городского Совета народных депутатов.

    11. Текущий архив хакимията г. Нукуса за 1998 г.

    12.Текущий архив хакимията г.Нукуса за 1998 г.

    13. Текущий архив хакимията г. Нукуса за 2000 г.

    14. Нөкис ҳақыйқаты. 2000 - жыл 4-апрель.

    15. Текущий архив хакимията г. Нукуса за 2006 год.

    16. Справка об итогах социально-экономического развития и ходе экономических реформ в Республике Каракалпакстан за первое полугодие 2003 года. Нукус, 2003. Б. 7.

    17. Пайтахт санааты // Нөкис ҳақыйқаты, 2005, 17 ноября.

     

    Резюме

    Моқолада, Қорақалпоғистон Республикаси пойтахтининг мустақиллик йилларидаги ривожланишнинг тарихий-ҳуқиқий асослари таҳлил қилинган, ижтимоий ҳаёти асосларнинг шакилланиш босқичлари, иқтисодий ва ижтимоий-маданий ривожланиш йуллари ёритилган. Қорақалпоғистонинг шаҳар қурилиш соҳаси буйича тарихи янги саҳифалар билан тўлдирилди ва янги  фактологик материаллар илмий муомалага киритилди. 

    Резюме 

    В статье проанализированы историко-правовые основы развития столицы Республики Каракалпакстан в период независимости, создана  социальной жизни, освещены этапы формирование основ городской жизни, экономического и социально- культурного развития, а также восполнены страницы  новейшей истории Каракалпакстана в области города строительства и введены в научной оборот новые фактических  материалов.    

    SUMMARY  

    This articled with the analyzed of historical-legal foundations in the development of the capital of Karakapakstan Republis. In the years of independence is founded the social life, covered the steps of formation. He  basis of  city life, economic and social - cultural development and we also filled  up they history of  Karakalpakstan in  the  sphere  of  city  building and  lead  up in scientific operation of new factual materials.             


    Bilim All » Ilimiy maqalalar bo'limi | 28-iyul, 2015 jıl
    Bul bet 2154 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!
    +1


    Атама саўға

    Ө-мириңиз узақ болсын бахтымызға, Т-уўылған күн жаслар қоссын жасыңызға, Е-ркелесин қуўлықларың күлип ойнап, Б-аба болып ертип жүриң...

    Қарақалпақстаным

    Қ-ушағыңда туўылып камалға келдим, А-на сүтин емип тәрбия көрдим, Р-еспубликам жасларды қоллар мудамы, А-лла көз тиймесин бахтыма мениң....

    Соңғы қоңыраў

    Сыңғыр-сыңғыр соңғы қоңыраў, Жүреклердиң тарын шертеди, Нама шалған,соңғы қоңыраў, Ойларымды алып кетеди....

    Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...

    Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....

    Узын жолда жалғыз жүрип бараман...

    Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....











 English Time


Login:
Parol:
«    Dekabr 2024    »
DuSiSaPiJuSeEk
 1
2345678
9101112131415
16171819202122
23242526272829
3031 
 Tamaddun nurı jurnalı

 Ku'nnin' qaharmani                  


Megaline.uz 2012-2016
E-ma'nzil: info@megaline.uz
Megaline.uz - saytının' informatsiyalıq resurs bazası "Bilim All" 2016.
Sayt materialların ruxsatsız ja'riyalaw qadag'an etiledi.