Биз билемиз, мәмлекетимиздиң алдына қойған тийкарғы мақсети әдалатли пуқаралық жәмийети ҳәм ҳуқықый демократиялық мәмлекет қурыўдан ибарат. Усы мақсетлер жолында әмелге асырылып атырған экономикалық, сиясий, ҳуқықый, социаллық ҳәм мәдений реформаларды кең халық қатламына жеткериўде, инсан мәплерин қорғаўда ҳәм де пуқаралық жәмийетин қурыўда журналистлердиң хызмети айрықша.
Лицейде оқып жүрген пайытларым университеттың студентлерине ҳәўес көзи менен қарар ҳәттеки, жанымнан өтип кетсе маған да усы жоллардан жүриў несийп етермекен? – деген ой менен өзгеше нәзер таслар едим. Әлбетте, жақсы нийет ҳәм тынымсыз изленислерим мени де усындай бахытқа жетеледи ҳәм балалықтан өзим шексиз меҳир қойған журналистика тәлим бағдарына мәмлекетлик грант тийкарында оқыўға қабылландым. «Дөретиўши өзине мақул орталыққа түссе ғана, ҳақыйқый дөретпе дөрете алады» - дейди. Университет әсиресе, мен тәлим алып атырған Қарақалпақ филологиясы факультети мен ушын шын мәни де дөретиўшилик орталығы бола алды. Бул жерде билим беретуғын ҳәр бир оқытыўшы мен ҳәм мен сыяқлы шәкиртлер тәғдиринде айрықша орын тутады. Олар тек ғана устаз емес бәлки, жақын дос ҳәм мәсләҳәтгөй инсан. Мине, санаўлы ҳәптелерден соң бизлерде журналист деген дипломды қолымызға аламыз. Өткен төрт жыл даўамында биз теориялық билим алыў менен бирге, инсан камалаты ушын зәрүр болған барлық түсниклердиң толық мәнис-мағанасын аңлап жеттик. Журналисттың қараслары, ой-пикирлери басқа кәсип ийелеринен пүткиллейине парық етеди. Журналист заман менен тең керек болса, заманнан бир қәдем алдын жүретуғын тынып-тыншымас, пидәйи ҳәм жанкүйер инсан. Оның ўазыйпасы анық мағлыўматларға тийкарланған информацияны оператив түрде халыққа жеткериў соның менен бирге, инсанлар санаси ҳәм сезимлерине, руўхый дүньясына унамлы тәсир жасаўдан ибарат. Сонлықтанда да, Президентимиз бул кәсип ийелерине шексиз ҳүрмет пенен: “Бәлент таў шоққысына шығыў қаншелли қыйын болса, ҳақыйқый журналисттиң мийнетиде соныңдай аўыр ҳәм машақатлы” – деген пикирди билдиреди.
Әлбетте, ҳәр қандай кәсиптиң өзине жараса машақаты ҳәм мийнети бар. Лекин, ўақыт яки мәкән таңламайтуғын журналистлердиң искерлиги менимше бир қанша қурамалы. Ҳәр жылы “3-май – Дүнья жүзлик баспасөз еркинлиги күни” үлкен байрам сыпатында салтанатлы түрде белгиленип өтиледи. Бизиң университетимизде де бул сәне өзгеше көтериңки руўхта өткерилди. Байрам мүнәсебети менен, Қарақалпақ мәмлекетлик университети, ПЖҚМҚБИ ҚР аймақлық бөлими, Өзбекистан журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бөлими, “Камолот” жаслар жәмийетлик ҳәрекети ҚР Кеңеси ҳәм де ҚР Телерадиокампаниясы биргеликте университет студентлери арасында жәриялаған “Жас журналист-2015” таңлаўы жеңимпазларын сыйлықлаў мәресими болып өтти. Онда ҚР Жоқарғы Кеңеси комитет баслығы Б.Нурабыллаев, елемизге белгили журналистлер, университеттың профессор-оқытыўшылары ҳәм студент жаслары қатнасты.
- Таңлаўды шөлкемлестириўден тийкарғы мақсет – журналистик тәлим бағдарында оқып, билип алып атырған қызығыўшаң, қәлеми әдеўир ысылған ҳәм талантлы жаслардың қәбилетин жүзеге шығарыў ҳәм оларды мүнәсип хошәметлеў болып табылады. Таңлаў быйыл биринши рет шөлкемлестирилип атыр. Бул дәстүрди еле де жетилистирип, келеси жылларыда кеңирек етип өткериў режелестирилмекте, дейди Журналистика кафедрасы баслығы, доцент Злиха Оразымбетова.
Таңлаў 11 номинациядан ибарат болып, келип түскен материаллар арнаўлы түрде дүзилген төрешилер тәрепинен көрип шығылып, ең ең ең жақсылары таңлап алынды.
- Талабанлар қатарында аты, фамилиямды көриўден мен де өзгеше сезимлер пайда болды ҳәм өзим аңламаған ҳалда ҳаўлығыўды басладым, - дейды таңлаўдың “Университет ҳаққында жәрияланған ең жақсы мақала” номинациясы жеңимпазы журналистика тәлим бағдарының 4-курс студенты Айгүл Қәллибекова. Бул таңлаўдың шөлкемлестириўшилерине ҳәм мениң азғана мийнетимди жоқары баҳалаған устазларыма шексиз миннетдаршылығымды билдиремен. Келешекте олардың исенимин ақлап, ел мәпине жарайтуғын журналист болыўға бар күш-жигерим менен ҳәрекет етемен.
Айгүл қатары таңлаўда жеңимпаз болған жаслардың қуўанышы бир дүнья. Жүзлеринде өзлерине деген исеним ҳәм миннетдершылық балқып турғандай.
Константин Дмитриевич айтқандай: «Егер жаслық нийети, талпыныслары болмағанында, инсан өмири бир орында тоқтап қалған болар еди. Көплеген жақсы пикирлер жаслықтың тәкирарланбас мәўритлеринде пайда болады».
Ҳақыйқатында да, жаслықта ислеген азғана ҳәрекетимиз, мийнетимиз куни келип өзиниң жемисин берери анық. Ҳәр қандай ҳәрекет нәтийжеге қурылады. Нәтийже болса, бизди көклерге көтерип, және де алға талпындырады. Студентлик дәўирдиң алтынға теңелгенинде де ҳикмет көп. Алтын ыссыда да, суўықта да, жалында да өзлигин жойтпайды. Демек, усы ўақыт аралығында алған билимимиз, жаратыўшылық қәбилетимиз ҳәм ҳәрекетлеримиз мәңгилик. Имканият бар тек ғана ҳәрекет дәркәр. Ҳәр биримиз бизге берилген имканиятлардан үнемли пайдаланып, жаслық жигеримиз бенен келешекке гүзар жол салайық.
«Жас журналист-2015» таңлаўы жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Гүлжаҳан Сейтназарова
ҚМУ журналистика тәлим бағдары студенти.
Бахыт
Бул дүньяны көрип турса көзлериң, Ядта тутсаң нәсиятлы сөзлерин, Бул мәканның топырағын излерин, Көзлериңе сүртип турсаң ҳәр...
Соңғы пушайман
Жүрегиме отлар жаққан гөззалсаң, Жүрдим излериңде пәрўанаң болып. Дедиң, сөзлериме қулақ салмастан, Қалайық ҳәмийше бизлер дос...
Бахыт ҳәўес етсин маған
Көз тиймегей менде жүрек, Нийетлерге толы мәкән, Бирақ, Бахыт неге керек? Бахыт ҳәўес етсин маған....
Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...
Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....
Узын жолда жалғыз жүрип бараман...
Узын жол ҳәм қаранғы әлем, Жалғыз ғана жолға түстим мен Қуяшсыз ҳәм айсыз әтирап түнек Мен алға жүриўди турыппан қәлеп....