Bilim All
   Son'g'ı qosılg'an resurslar
    » » » Cөз жасаўда публицист шеберлиги мәселеси

    Cөз жасаўда публицист шеберлиги мәселеси

    (О. Әбдираҳмановтың «Байсында таң атты» эссеси мысалында)

    Өтениязова.Г

    Бердақ атындағы ҚМУдың 1-курс магистранты

     

    Публицисттиң теориялық билими, көркем әдебиятларды, тарийхты, философияны терең өзлестиргенлиги, миллий үрп-әдет, дәстүрлерди, халық аўызеки дөретпелерин жақсы билиўи ҳәм оларды өз шығармаларында шеберлик пенен сиңдире алыўы оның дөретпесине көркем образлылық, тереңлик бағыш етеди. Журналист, Қарақалпақстан халық жазыўшысы, Өзбекистан Республикасына хызмет көрсеткен мәденият хызметкери О.Әбдираҳмановтың ҳәр бир дөретпесинде усы белгилерди көриўге болады. Оның «Бир мухаббат тарийхы», «Қоңсы-қобалар», «Қол қойма, иним», «Шеңгелзар «пайғамбар»ының апаты», «Аралым-дәртим мениң», «Босаға» сыяқлы көркем-әдебий ҳәм публицистикалық шығармаларын, «Өжет», онлаған көркем ҳәм ҳүжжетли фильмлерге жазған сценарийлерин, жәҳән әдебиятынан ислеген аўдармалары кең оқыўшы жәмәәтине кеңнен таныс. Жазыўшының «Таңламалы шығармалары»на кирген дөретпелериниң көпшилигидүнья жүзи халықларының тиллерине аўдарылды. Оразбай Әбдираҳманов 1985-жылы «Аралым-дәртим мениң» эссеси ушын халық-аралық Юнеско медалы лауреаты болды. Ол қарақалпақ әдебиятына эссе жанрын алып кирди. Жазыўшының соңғы ўақытлары дөреткен «Байсында таң атты» эссеси 2017-жылы «Ёшлик» журналынан жарық көрди. Биз усы эссениң жанрлық қәсийетлерин үйрениўди мақаламыздың объекти етип алдық. О.Әбдираҳманов «Байсында таң атты» эссесинде Өзбекистандағы гөззал тәбиятлы үлкелерден бири-Байсынның әжайып сулыўлығын(пейзажын) шеберлик пенен сәўлелендиреди. Эссе таң көринисин сүўретлеўден басланады. Таң-,публицист ушын, жаңа күн, жаңа ойлар, дөретиўшилик символы. О.Әбдираҳмановтың бул эссесинде автордың Байсын жериндеги атқан таңның гүўасы болғандағы, кеўлинен өткерген кеширмелери өз көринисин тапқан. Эссе мазмуны Байсын ели менен байланыслы ўақыя-ҳәдийсе, әпсана ҳәм рәўиятларға қурылған. Публицистикалық шығарма екенлигин есапқа алсақ, эссениң басында көркем деталдың жүдә орынлы қолланылғанлығын көремиз. Бул деталь-таң, таң көриниси. Ол жүдә утымлы шыққан. Себеби, белгили болғанындай, «…шығарманың басында өзине дыққатты тартатуғын жарқын образ яки цифр, жәмийетлик ҳәдийсе яки көркем детальды келтириў пайдалы болар еди» деп жазған еди Т.Мәгиарипова.[1.87]. Жазыўшы «Кемпириме жигитлик ўақытларымда «Сени таўларға алып шығып, булытлардың арасынан айды алып беремен- деген ўәдемниң үстинен шығыў нийетинде оны қолтықлап жолға атландым»[2.10]. деген қатарлар менен эссени баслайды. «Айды алып беремен» деген халық аўызеки стилине тән сөз бирлиги оқыўшыны қызықтырады және соңында қандай ўақыя жүз бериўин билиўге ийтермелейди.

    Жазыўшы әпиўайы сөз бирикпелеринен өнимли пайдаланады. Мәселен, төменде Арал суўын шырайлы теңеў арқалы тәрийплейди: «Бир ўақытлары бул таўлардың даръялары Амиўдәрьяға ағып, суўларға айланған меҳрлер Аралды толтырып турған еди…»[2,12].

    Оразбай Әбдираҳманов халықтың дәрти менен жасайтуғын публицист, сонлықтан оның дөретпелериниң көпшилиги тиришилик арқаўы болған суў менен байланыслы. «Байсында таң атты» эссесиниң тийкарғы бөлиминде қарақалпақ халқының дерлик бир әсирлик әрманы-суў ҳаққында қысқа фактлер келтирип өтеди: «…Планетамыздың ҳәзирги алты материктен ибарат қурғақлығында жети миллиарддан аслам адам жасайды, жер планетасының болса дерлик сексен проценти суў менен толған, сол суўлардың еки-үш проценти ғана ишимлик суўы екен. Және, адам денесиниң жетпис проценти суўдан ибарат екенлиги де белгили. Тамырымызда ағып турған қанның сексен процентинен асламы суўдан ибарат ҳәм қан суў элементинде ҳәр бес күнде жаңаланып турады. Демек, инсан организминиң дерлик оннан екеўи суўдан қуралған»[2,13]. Фактке илимий әдебиятлардың биринде төмендеги анықлама бериледи: «Факт (лат. factum-әмелге асқан)-субъект-объект сыпатында айқын көринетуғын түсиник болып, реал ўақыя-ҳәдийсе ҳәм искерликтиң нәтийжесин сәўлелендиреди (онтологиялық аспект) ҳәм тәжрийбелик улыўмаластырыўларды әмелге асырады, екинши тәрептен, өз мазмунында олардың семантикалық тәсирин (логикалық-гносеологиялық аспект) алып жүреди»[1.193]. Журналистиканың илим-билим бериў функциясын есапқа алсақ, публицист жоқарыдағы қатарларда суўдың өмиримизде тутқан орнын географиялық, демографиялық, физиологиялық фактлардан келип шығып, улыўмаластырып, оның бийбаҳа байлық екенин уқтырады. Фактлердиң арасындағы өз- ара үйлесимлилик те шығарманың қунын белгилейтуғын тәреплерден бири. Публицистикада керекли жеринде фактлерде үлкен әҳмийетке ийе. Соның ушын да, олардың текст пенен байланыслы. Т.Мәшарипова быйлайынша түсиник береди: Сәўлелендирилип атырған фактлердиң публицистикалық дәрежеси де өз ара сәйкес келиўи шәрт»[1.94]. Ҳәр түрдеги илимий әдебиятларда суўдың жоқары күшке ийе екенлиги келтириледи. Бул пикирлерди медицина илимлериниң докторы, профессор Жуманазар Бекназаровтың сөзи де тастыйқлайды: «…Биз адамлар, суўды әпиўайы бир суйықлық, тек шөлимизди қандыратуғын жемис деп билемиз. Себеби, суўдың буннан басқа тәсир күшине ийе екенлигин, тирилик сезимин беккемлеўде оның қурамы алтын ҳәм платинаникинен баҳалырақ екенлигин ҳәмме де билмесе керек»[2,12]. О.Әбдираҳамнов бул пикирге терең изертленилип, дәлилленген фактлерди жалғастырады:«Япон алымы Яматонның «Жәҳән әдебияты» журналында жәрияланған «Суўдың айтқанлары» атлы илимий изертлеўинен суўдың «көриў», «еситиў», «сезиў», «сезиниў», «ядта сақлаў» қәсийетлери бар екенлигин оқыған едим. Демек, суўдың да жаны бар екен-дә...»[2,11].

    Факттиң турмыс тәжрийбесинен келип шыққан ҳалда келип шыққан ҳәм илимий фактлер деген еки түри бар. Публицист О.Әбдирахманов факттиң биринши түринен кең пайдаланады. Себеби,публицисттиң дөретиўшилигиниң көпшилик бөлими жаңалықлар журналистикасы емес, ал аналитикалық журналистикаға тийисли. «Аналитикалық материалда автор өз пикир ҳәм көз-қарасларын фактлер менен тийкарлап бериўи шәрт. Болмаса, автордың пикирлери әпиўайы мүнәсебет болып қалады. Орынлы келтирилген фактлерде ғана мүнәсебетти тийкарлы көз-қарасқа айландырады. Сонда ғана аудиторияда пикир оянады, жәмийетшиликтиң ол я бул мәселеге жантасыўы өзгереди»[1,87].ПублицистXXIәсир адамы ушын суў, жер, топырақ, ҳаўадай зәрүр тиришилик арқаўы есапланған информацияны жеткизиўши фактлерди де өз шығармасына арқаў етип алады.

    «Рус алымы С.Зенинниң айтыўына қарағанда, бир суў молекуласында қырық төрт мың информация қутышалары бар болып, тәбийий «биокомпьтерге усас екен. Бул қутышалар информация өткериў қәбилетине ийе, дейди алымлар…»

    Француз жазыўшысы Раблениң атақлы романында Пантагрюэл атлы қаҳарман теңизде«музлатылған сөзлер»ге дус келгенлигин жазады. Бул бойынша «Музлатылған сөзлер» еригеннен соң тийкарынан дебдиў, азап, сөгиниўлерден ибарат екенлиги мәлим болғанын баян етеди. Япон алымының микроскопиялық изертлеўлеринен келип шыққан жуўмақ соны көрсетеди, эсседе келтирилген факт суў қурамы ҳәм көриниси ол «еситкен, көрген», ийгиликли сезимлерди «сезинген», ийгиликли пикирди «сезген» суў музлатылғанда нәзик, гөззал көринис ҳәм реңге енеди екен, жаман сөзлерди «еситип», жаўызлық «көрген» ҳәм жаман нийетлерди «сезинген» суўдың муз кристалларында қандай да бир қаралтым, тәртипсиз бослық-хаос белгилери пайда болады екен. «Аралым-дәртим мениң» деп толғанған жазыўшы суўдың мол-көллиги суўға болған мүнәсибетке ғәрезли екенлигин дәлийллеўге хызмет еткен. Публицист тағы Масару Ямотоның төмендеги пикирин келтириўди зәрүр деп табады: «Егер терең анализ етилсе, ең аўыр жынаятлар аўзы «жаман» адамлар жасайтуғын жерлерде жүз бериўи мәлим болады»[2.14].

    Публицист стилинен келип шығып, өзи алып шығып атырған идея ҳәм шақырықлары аудиторияға толық жетип барыўы ушын түрли формалардан пайдаланады: «Экспрессив методлардың тийкары эмоциялардан нәтийжели пайдаланыўдан ибарат. Булар- пафос, сүўретлеў-көркемлеў усыллары, юмор-сатира ҳ.т.б»[1.194]. О.Әбдираҳманов «Байсында таң атты» атлы эссесинде ойнақы ирониядан жүдә утымлы қолланғаны сезилип турады:«…Биз жазыўшылар барқулла шайырларға ҳәўес етемиз. Шайырлар гезип жүрип, таўлардан, бағлардан, гүллерден, бүлбиллерден илҳам алып, қосығын жазып таслайды. Енди оны бир жерде оқып қалса, ҳәммениң итибары соларда. Шырайлы қызларның шайда болғанын айьпайсыз ба?! Биз жазыўшылар болса, жыллап китап жазып, оны биреўлер оқығанша, гөззаллар қартайып қалады, ҳәтте ақлықлы болып үлгереди. Бәлким, кемпиримниң мениң жазғанларымды оқымағанлығы да усыннан болса керек[1]» [2,11].

    Жазыўшы шығармасын жуўмақлар екен, публицисттиң жеке стилине тән кемтарлық пенен суўғарылған пикири дыққатымызды тартады:«…Бәлким, Байсынның кәмийне билмеген қырлары көп шығар. Оларды сүўретлеўди қәлеми өткир досларымның иқтыярына қалдырып, жақсы шайырдардың жақсы жазғанларынан илҳам аламан. Соның ушын, Байсында туўылып, Ташкентте жигит болған достым, халық шайыры Усман Азимнен ижәраға алған қатарлар менен гәпимди таўысаман…» [2,14].

    Публицистикалық дөретпениң дүзилиси белгили бир алгоритм бойынша берилгенлиги, ҳәр бир абзац «Байсында таң атты» сөз бирикпеси менен басланыўы оқыўшы халқын зеригиўлен аўлақ тутады. Себеби, ҳәр бир абзац бир тутас, тамамланған ойды билдиреди-б. Бул публицисттиң композиция қурыўдағы шеберлилигиниң бир көриниси. Эссениң структурасы бир қарағанда, Байсынға дем алыўға барған жазыўшының өз кеўил кеширмелерин әпиўайы баянлаўдай көрингени менен, оның астында үлкен пикир, ой жатыр. Биз жазыўшының халық тәғдири ушын, ана жер тәбияты ушын нағыз жанашыр потриот екенлигин көремиз. Бул жағынан О.Әбдираҳмановтың «Байсында таң атты» эссесин экопублицистиканың ҳақыйқый үлгиси деп баҳалаўымыз мүмкин. Жазыўшы «Байсында таң атты» шығармасында жәмийетшиликке суў ҳәм оның сапасы, оған тәсир етиўши факторлар ҳаққында ҳәр түрли, бир-биринен қызықлы мағлыўматлар берген. Буның себебин Арал теңизи менен байланыслы экологиялық апатшылық пенен байланыстырыў мүмкин. Бундағы мақсет Арал алабы аймағы ҳәм пүткил дүнья адамларының суўға деген мүнәсебетин тәрбиялаўға қаратылған. Публицист дөреткен жәмийетлик пикир тап «Байсында таң атты» эссесиндеги бар талантын, бар шеберлигин адамлардың активлигин күшейтиўге, оларды тәрбиялаўға жумсайды.

    Улыўма алганда, О.Әбдираҳмановтың «Байсында таң атты» эссеси тилиниң тартымлылығы, композициясының үйлесимлилиги, баянлаў усылының рәўанлығы, идеялық-эстетикалық пафосының көтериңкилиги менен оқыўшығы өзине тартады.

    Әдебиятлар:

     

    1.Машарипова.Т «Публицистика теориясының бир пүтин концепциясы: илимий-методологиялық анализ», Ташкент, «Мумтоз сўз». 2016.

    2.Әбдираҳманов.О\Байсында таң атты\ «Ёшлик» журналы, 2017 3-сан;

    3.Қаюмова.М|Факт-аналитикалық материаллардың әҳмийетли қурамлық бөлеги|, www.trif.uz (Халық аралық журналистика факультети, Халық аралық журналистика теориясы ҳәм әмелияты кафедрасының сайты );




    Bilim All » Ilimiy maqalalar bo'limi | 02-aprel, 2018 jıl
    Bul bet 1038 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!
    +1


    Жалғызсаң

    Неге бүгин жалғызсаң? Жубың қайда қарлығаш, Жуп болып келер едиңиз, Сайрап ҳәр күн хош ҳаўаз,...

    Әкежан

    Мен ушын қайғырып, қуўансам күлип, Сиз бенен жүрермен бахытқа толып, Мениң ең исенген инсаным болып, Аман-саў жүргейсиз бәрҳә, әкежан!...

    Соңғы пушайман

    Жүрегиме отлар жаққан гөззалсаң, Жүрдим излериңде пәрўанаң болып. Дедиң, сөзлериме қулақ салмастан, Қалайық ҳәмийше бизлер дос...

    Таң

    Мине атты тағы бир таң әжайып, Жер жүзине нурлы шуғласын жайып, Өмирим бир күнге барар қысқарып, Сонда да күтемиз таңды асығып....

    Жигит журты

    Ер жигиттиң үш журты бар деседи, Дайы журты ,қәйин журты,өз журты, Ата сораўыма жуўап берсеңиз, Ең ишинде жағдайлысы қай журты?...











 English Time


Login:
Parol:
«    Aprel 2024    »
DuSiSaPiJuSeEk
1234567
891011121314
15161718192021
22232425262728
2930 
 Tamaddun nurı jurnalı

 Ku'nnin' qaharmani                  


Megaline.uz 2012-2016
E-ma'nzil: info@megaline.uz
Megaline.uz - saytının' informatsiyalıq resurs bazası "Bilim All" 2016.
Sayt materialların ruxsatsız ja'riyalaw qadag'an etiledi.