Bul mobil menyu orni/ testing....


    Тойлар тойларға уласқан күн: Пайтахтымызда «Аўыл хожалығы хызметкерлери күни» ҳәм «Зүрәәт байрамы»на бағышланған байрам тамашалары болып өтти
    Тойлар тойларға уласқан күн: Пайтахтымызда «Аўыл хожалығы хызметкерлери күни» ҳәм «Зүрәәт байрамы»на бағышланған байрам тамашалары болып өтти

    Жылды жуўмақлап, оның бәнтин басыў пайына тийген декабрь айының екинши екшембиси пайтахтымыз Нөкис қаласының турғынлары ушын да, оның мийманлары ушын да өзгеше басланды.

    Шемби ақшамында халқымыздың ҳақ нийетине тилеклес болып жаўған аппақ қар дөгерек-дашқа айрықша сән бағышлайды. «Той десе қуў бас жумалайды» дегениндей, пайтахтымыздың арқа-шығыс тәрепинде жайласқан атшабар майданына қарай ығысқан аламанның изи үзилер емес. Бул жерде әллеқашан-ақ үлкен тойдың тәтәрриги басланып кеткен. Ғаз қатар тигилген отаўлар, олардың әтирапында писирилип атырған түрли тағамлар, қулақтың қурышын қандыратуғын саз-сәўбет, жыйналғанлардың жүзлериндеги қуўанышлы кейпият үлкен шады-қоррамлықтың болатуғынынан дерек бергендей еди.

    Тойлар тойларға уласқан күн: Пайтахтымызда «Аўыл хожалығы хызметкерлери күни» ҳәм «Зүрәәт байрамы»на бағышланған байрам тамашалары болып өтти

    Аўа, санаўлы күнлерден кейин бизиң менен хошласып, тарийх еншисине айланатуғын быйылғы жыл пүткил халқымыз ушын ҳәр қашанғыдан да табыслы жуўмақланып атыр. Турмыстың барлық тараўларында дерлик үлкен жетискенликлерге ерисилди. Демек, қанша тойласақ та, қанша байрамласақ та буған толық ҳақылымыз. Оның үстине ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен усы жылдың 26-августында қабыл етилген «Аўыл хожалығы хызметкерлери күнин белгилеў ҳаққында»ғы Нызам тийкарында бул күнниң декабрьдиң екинши екшембисине туўра келиўи жүзикке қас қойғандай жарасып турды, десек асыра айтқан болмаймыз.

    Байрам салтанатына жыйналғанларды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов, Өзбекистан Республикасы аўыл ҳәм суў хожалығы министриниң орынбасары, Суў хожалығы басқармасының баслығы Ш.Ҳамраевлар қызғын қутлықлады.

    Республикамыз басшысының атап өткениндей, соңғы жылларда аўыл хожалығы тараўының хызметкерлери, әсиресе, дийқан ҳәм фермерлеримиз тәрепинен ерисилип атырған табыслар халқымыз турмысында айрықша орын ийелемекте. Тараўда жүргизилип атырған кең көлемли реформалар нәтийжесинде быйыл республикамызда аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў 6-7 процентке өсти. Атап айтқанда, 347 тонна пилле, 165 мың тонна ғәлле, 200 мың тоннадан аслам пахта, сондай-ақ, 285 мың тоннадан зыят овощ ҳәм палыз өнимлери, 72 мың тоннаға жақын гөш, 207 мың тоннадан аслам сүт ҳәм 2 мың 800 тоннаға шамалас балық өнимлери жетистирилди.

    Соны да атап өтиў керек, Президентимиздиң усынысы менен районлардағы аўыл ҳәм суў хожалығы баслықларының лаўазымына ҳәким орынбасары статусы берилип, оларға хызмет автомашиналары ажыратылған еди. Байрамда оларға жаңа автотранспортлардың гилтлери салтанатлы жағдайда тапсырылды.

    Буннан соң той тамашаларына старт берилди. Арқан тартысыўда шоманайлы жигитлер жеңимпаз атанған болса, палўанлар беллесиўинде де усы районның палўаны Мийирбек Абдихалиқов бас байрақты жеңип алды. Тамашаның ең қызықлысы он айлаўға ат шабыс болды. Трибунаны ҳәм оның әтирапын толтырған мыңлап тамашагөйлердиң қыйқыўына себепши болған бул бәйгиде нөкисли Бахыт шабандоздың «Антик» исмли тулпары сызықты биринши болып кесип өтип, бас сыйлық ­ «Матиз» автомашинасына ийелик етти. Екинши орынды ийелеген қараөзекли Шалабай шабандоздың аты болса мотоцикл жеңип алды. Көкпар ойынында қараөзекли Таңатар Жалғасбаев, аламан көкпар беллесиўлеринде болса шымбайлы шабандозлардың қоллары бәлент келди. Буннан басқа да еки, бес ҳәм жети айлаўларға жорғалар ҳәм тулпарлар шабысы, қошқар дүгистириў, қыз қуўыў жарыслары өткерилип, олардың да жеңимпазлары түйе, жылқы, баспақ, музлатқыш, телевизор ҳәм гилем сыяқлы баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

    Байрамның көркем бөлими де қызықлы өтти. Қарақалпақстанлы көркем өнер шеберлери, сондай-ақ, Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына хызмет көрсеткен артист Хосила Рахимованың сахнада, соң атқа минип жүрип қосық атқарыўы тамашаға айрықша заўық бағышлады.

    Қулласы, бир неше жыллық үзилистен соң диярымызға қайта айланған «Зүрәәт байрамы» елимизде биринши мәрте белгиленип атырған «Аўыл хожалығы хызметкерлери күни»не уласып, оның қатнасыўшыларында умытылмас тәсир қалдырды.

    С.ЖАНИЕВ.
    СҮЎРЕТЛЕРДЕ: байрамнан көринислер.
    Дерек: Erkinkarakalpak.uz

    Elimizde bo'limi | 13-dekabr, 2017 jıl
    Bul bet 1404 ret ko'rildi.


    Reyting: Maqala unadima? Baha beriw sizin' qolın'ızda!
    +1


    Әкежан

    Мен ушын қайғырып, қуўансам күлип, Сиз бенен жүрермен бахытқа толып, Мениң ең исенген инсаным болып, Аман-саў жүргейсиз бәрҳә, әкежан!...

    Нәтийжели жумысларға мүнәсип баҳа

    Өзбекистан Республикасы Президентиниң саўғасы ушын «Ташаббус» көрик таңлагы республикамызда 1996-жылдан баслап дәстүрий түрде өткерилип келинеди. Бул көрик-таңлаў...

    Дүньядағы ең узын көпир

    Дүньядағы ең узын көпир қай жерде жайласқан. Узынлығы 42 километр болған бул көпир қашан қурылды. Көпир қурылысына неше мың адам қатнасты?...

    Бахыт

    Бул дүньяны көрип турса көзлериң, Ядта тутсаң нәсиятлы сөзлерин, Бул мәканның топырағын излерин, Көзлериңе сүртип турсаң ҳәр...

    Уллы ҳәм мүқәддессең, Ғәрез ...

    Мүбәрек болсын жигирма жасың, Ғәрезсиз ел - Өзбекстаным, Бахыт қусың бәлентте қанат қақсын, Уллысаң, муқәддессең Ана-Ўатаным....

Зейин интеллектуал ойыны
   Логикалық сораўлар
    Logikalıq soraw #65
       Juwaplar sani: 6

    Logikalıq soraw #65

    Yapon tilinde "Toģiz"-"Kyu", "Úsh"-"San". Soraw : Yaponlardiñ zamanagòy SMSlerinde 39 sanı qanday mánisti ańlatadı?...

    Logikalıq soraw #64
       Juwaplar sani: 3

    Logikalıq soraw #64

    Men ol dostım menen 16 jasımda tanıstım ha'm sol doslıg'ımız 10 jılg'a sozıldı biraq 10 jıldan son' qısqa waqıt ayralıqta jasadıq. Son' azg'ana mu'ddetten ja'ne...

    Logikalıq soraw #63
       Juwaplar sani: 5

    Logikalıq soraw #63

    Bul kásip iyeleri jumıs waqtında hesh qashan aq reńdegi kiyimlerdi kiymeydi. Siz bul kiyimlerdi jumıs waqtında kiyip ju'riwge biypul bersen'iz de olar bul usınastan bas tartadı. Sebebi bul olar ushın...


 

 Поэзия әлеми
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Қурақ көрпеше

    Анам тиккен қурақ көрпеше,
    Көздиң жаўын алады жайнап,
    Мийнет етип күни-түн нешше.
    Қурастырар бир-бирлеп жыйнап.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 2628 ret ko'rildi


  • Жаңа жыл

    Ғәрезсизлик басланғанлы елимде
    Еркинлик сезими жасар кеўилде.
    Мине бүгин жигирмаға толмақта
    Жаңа жылым бахыт берсин ҳәр үйге.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 2512 ret ko'rildi


  • Digirman

    U’yimizdin’ eski shiyli qosında,
    Tap sol qostın’ shetki bir quwısında,
    Turar edi u’lken taslı digirman,
    Ha’m ma’rdana turısına qayılman.

      
    16-oktyabr, 2015 jıl. 1627 ret ko'rildi


  • “Watan”

    Tumaristin’ qarnınan,
    Tuwılıpsan’ jan bolıp.
    Shıraqlardın’ murnınan,
    Atlıg’ıpsan’ qan bolıp.

      
    04-iyul, 2015 jıl. 2363 ret ko'rildi


  • Бәҳәр

    Бәҳәр келди елиме көклем мәўсими,
    Тәбият уйқыдан оянып атыр.
    Тереклер бұртиклеп жер бети көклеп,
    Әлем ҳасыл липасқа боянып атыр.

      
    17-aprel, 2013 jıl. 2630 ret ko'rildi


  • Yoshlik

    Ilk sevgimning nishonasi sen,
    Baxt uyinning koshonasi sen,
    Katta yo’lning peshonasi sen ,
    Orzularim hirmoni yoshlik.

      
    15-noyabr, 2014 jıl. 1604 ret ko'rildi


 

 Ашық жүрек
   Поэзиялық қосық қатарлары
  • Исеним

    Айлы ақшамларда зүлметке батып,
    Соңынан мәниссиз таңларым атып,
    Өзимди исеним менен жубатып,
    Ойым мың қыялға талғандай болды.

      
    26-oktyabr, 2015 jıl. 1823 ret ko'rildi


  • Жалған ўәделер.

    Мухаббат не өзи айтыңыз дослар?
    Бир-биреўди ермек қылыў дегенбе,
    Кеўилим усы сырды билиўди қошлар,
    Сүйиў деген қушақласып жүриўме,

      
    01-avgust, 2014 jıl. 6236 ret ko'rildi


  • Көзлерим жолыңда

    Көзлерим төрт болып күттим жолыңда
    Келмедиң сүйгеним умыттың бизди
    Буннан артық жаза барма дүняда?
    Бәрине қайылман суўытпа изди.

      
    01-avgust, 2014 jıl. 2260 ret ko'rildi


  • Aytolmagan qiz!

    Bir og’iz so’zni ayta olmadi,
    Sevgisini o’zi ham tan ololmadi,
    Sevaman deyishga g’urur qo’ymadi,
    O’z sevgisin sizga aytolmagan qiz!

      
    19-mart, 2013 jıl. 1881 ret ko'rildi


 




Allayar Logikalıq soraw #64
Joqari oqiw ornilari
Logikalıq soraw #65
Ha'mmen'izdi qutliqlaymiz juwap: "Thank you yaki Raxmet"
Logikalıq soraw #65
Juwap jazdi: Bawirjan g'a
Duris san kyu degen soz joq. Birsq usi 2 sozdi qosip aytsan Thank you degen sozge uqsap ketkeni ushin raxmet retinde paydalanadi .
Logikalıq soraw #65
Yaponiyada sankyu degen soz joq. Bul thank you agilshin tilindegi soz. Yaponiyada balkim 39- statiyasi bar bolip. Sogan baylanisli jaqsi xam jaman manisti anlatui mumkin.
Нервти сақлаўдың усыллары
ku'ndelikli kerekli mag'liwmat biraq itibar qaratpaymiz
raxmet jumislarinin'izda tabislar
Logikalıq soraw #62
каскадер
Logikalıq soraw #62
Пластелин
Логикалық сораў #47
Tumsigin Qisip oltiredi.
Qaraqalpaqstan radiosı – xalıq xızmetind ...
Sala




Megaline.uz 2012-2018
E-mail: info@megaline.uz
Сайт материалларын рухсатсыз жәриялаў қадаған етиледи.